Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 тараў, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 27-июнь ҳәм 2019-жыл 29-июньдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген.