Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан президентиниӊ Тәжикстан президенти менен телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2020-04-09 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-апрель күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары мәмлекетлеримиз ҳәм Орайлық Азия регионындағы коронавирус тарқалыўы менен байланыслы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай бойынша пикир алысты.

Коронавирусқа қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде муўапықласқан илажларды ислеп шығыў, өз-ара жәрдем бериў, тийисли медицина ҳәм басқа да байланыслы хызметлер арасындағы жақын қарым-қатнасықларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Пандемияның еки тәреплеме жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларының раўажланыў пәтине унамсыз тәсирин азайтыў ушын алдыннан илаж көриў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Саўда-экономикалық, инвестиция, қаржы ҳәм транспорт-коммуникация тараўлары, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў, соның ишинде, пайтахт қалалар Ташкент ҳәм Душанбе арасындағы алмасыўлар шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар бул бағдардағы тийкарғы бағдарлар сыпатында белгилеп алынды.

Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери регионналлық бирге ислесиўге байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе айырым әҳмийетли мәселелерди де додалады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться