Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халық ҳәм экономика тармақларын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди

2020-03-19 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-март күни коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежеси ҳәм экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

– Бүгинги шараятта санаат кәрханалары, исбилерменлер ҳәм экспортёрлар бизлерден анық ҳәм нәтийжели илажлар күтпекте. Сол себепли экономикада есап-санақ исленип атырған жоғалтыўлардың орнын қаплаў ушын резерв жаратыў ҳәм макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳүкиметтиң тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Президентимиз коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризисли қубылыслардың экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында пәрман қабыл етилди. Ҳүжжетке тийкарланып, Кризиске қарсы қор дүзилип, онда 10 триллион сум қәлиплестириледи.

Мәжилисте пәрманда белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў, пандемияның экономикаға унамсыз тәсирин жумсартыў мәселелери додаланды.

Коронавирус тарқалыўының алдын алыў, емлеўханаларды дәри-дәрмақ, қорғаў ҳәм диагностика қураллары менен тәмийинлеў, карантин қәрежетлерин өз ўақтында қаржыландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Елимизде коронавирусқа қарсы гүресиў жумысларына дерлик 5,5 мың медицина хызметкери тартылған. Оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлап, мийнет ҳақысына қосымша 120 процент үстеме төлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Кеселликке шалынғанларды өз ўақтында анықлаў ҳәм профилактикаға итибарын күшейтиў буның ушын барлық аймақлық жуқпалы кеселликлер емлеўханаларын экспресс-тестлер менен тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияға карантинге алынған пуқараларды қадағалаўды тәмийинлеў жүкленди.

Коронавирустың тәсири ең жоқары болған экономика тармақларына салық дем алыслары ҳәм кредит қарызлары бойынша жеңилликлер бериў, бюджет ссудаларын ажыратыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәселен, мийманхана бизнесинде 90 миллиард сум муғдарында, транспорт-логистика тараўында 650 миллиард сум муғдарында, улыўма аўқатланыў мәкемелеринде 180 миллиард сум муғдарында, сыртқы саўда кәрханаларында 3,6 триллион сум муғдарында кредитлерди қайтарыў имканияты төменлемекте. Туристлик фирма ҳәм мийманханалар ҳәр бир турист ушын күнине 2-3 доллардан туризм жыйымын төлеп келмекте.

Сол себепли усы кәрханалардың кредит мүддетлерин созыў, туристлик жыйымлардың өндирилиўин ўақтынша тоқтатыў бойынша көрсетпе берилди. Ҳәкимлерге экономикалық қыйыншылыққа дус келген кәрханалардан жергиликли салықларды өндириўди 6 айға шекем кешиктириў ўәкиллиги бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, пандемия себепли жумысын тоқтатқан исбилерменлерге банклер арқалы процентсиз бюджет ссудалары ажыратылады. Ҳәкимлерге экономикалық қыйыншылыққа дус келген кәрханалардан салықларды өндириўди 6 айға шекем кешиктириў ўәкиллиги бериледи.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң дәрамат салығы, фермерлердиң суў салығы 50 процентке шекем азайтылады. Онда жергиликли бюджеттеги жоғалтыўлар республикалық бюджеттен қаплап бериледи.

Жылдың ақырына шекем салық тексериўшилерине мораторий жәрияланады ҳәм қыйналған кәрханаларға салық қарызлары ушын пеня есаплаў тоқтатылады. Бундай қыйын шараятта исбилерменди бирде-бир тексериўши тәшиўишке салмайды.

Халықаралық саўдадағы жағдайды есапқа алып, экспорт-импорт бойынша кешиктирилген қарызға жәрийма қолланбаў, «жасыл коридор»лардан өнимди өткериўди көбейтиў, жүк тасыўда жүзеге келип атырған мәселелерди  оператив шешип барыў бойынша тапсырмалар берилди.

– Ҳәзирги жағдайда айырым кәрханалардың салық түсетуғын базасының азайыўы тәбийғый. Бирақ бул жетиспеўшилик нелердиң есабынан қапланыўы бойынша жуўапкерлерде күнделикли таллаў ҳәм сораў болыўы шәрт, – деди Президент.

Мәжилисте халықты социаллық қорғаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Карантинге жабылған мәкемелердиң хызметкерлери, карантиндеги пуқаралар ҳәм оларға қараўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў, социаллық напақа алыўшылардың санын кеминде 10 процентке ямаса 60 мыңға арттырыў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Карантиндеги перзентлерине қарап атырған ата-аналарды жумыстан босатыўға пүткиллей жол қойылмайды. Оларға ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы жүз процент төлеп бериледи.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң жумысы тоқтап турған дәўирде тәрбияланыўшылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшыларының ата-аналарына ямаса олардың орнын басыўшы шахсларға жыллық мийнет дем алысынан пайдаланыўдың жыллық режесине қарамастан жыллық мийнет дем алысы усынылады.

Экономикалық белсендилик төменлеген ўақытта халықтың бәнтлиги мәселеси айрықша итибар талап етеди.  Сол себепли Кризиске қарсы қордан Жәмийетлик жумыслар қорына қосымша 200 миллиард сум ажыратылады. Бул қаржылар адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, буның ушын мәҳәллелерде қосымша инфраструктуралық объектлер қурыўға бағдарланады. Сондай-ақ, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына 500 миллиард сум қосымша қаржы берилип, жумыс орынларын жарататуғын бизнес субъектлерге жәрдемлеседи.

Усы илажларды сапалы орынлаў мақсетинде Бас министрдиң басшылығында Кризиске қарсы республикалық комиссияның дүзилетуғыны белгиленди. Бул комиссия 22-марттан баслап еки ай даўамында ҳәр бир район ҳәм қалада коронавирусқа қарсы гүресиў, санаат, хызмет көрсетиў, саўда, транспорт, логистика ҳәм басқа да кәрханаларды турақлы ислетиў мәселелерин шешип барады.

Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик резервлерди басқарыў комитетине базарлардағы баҳаның өзгериўин бақлап барып, бар резервтен қосымша өнимлерди саўдаға шығарыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Поделиться