Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ғәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында

2020-03-10 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президенти қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2000-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5853-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда мәмлекетлик буйыртпа тийкарында масақлы дән жетистириў әмелиятын бийкар етиў, сатып алыў ҳәм сатыўда базар принциплерин кеңнен енгизиў, аўыл хожалығында мийнет өнимдарлығын арттырыў ҳәм мәпдарлықты тәмийинлеўге қаратылған қолайлы агробизнес орталығын жаратыў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, «Ўздонмаҳсулот» АК ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң фермер хожалықлары ҳәм ғәллешилик кластерлери менен «Ўздонмаҳсулот» АК системасындағы кәрханалар арасында 2020-жылдың зүрәәтинен мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде дүзилген контракция шәртнамалары муғдарын ҳәр бир ғәлле жетистириўши ушын 25 процентке азайтыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде 2 265 мың тонна бийдай (туқымлық дән ушын әмелдеги үстеме төлеў тәртибин сақлап қалған ҳалда) ишки базарда дән баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын сатып алынсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети усы жыл 10-майға шекем дүнья базары ҳәм регионналлық биржа баҳалары және республикада күтилип атырған зүрәәтти инабатқа алып, дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын 2020-жылда сатып алынатуғын ғәллениң баҳаларын белгилесин.

а) 2020-жылдың зүрәәтинен баслап:

мәмлекетик буйыртпа тийкарында масақлы дән жетистириў әмелияты басқышпа-басқыш бийкар етилетуғыны;

ишки базарда дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмеге асырыў ушын мәмлекет тәрепинен сатып алынатуғын бийдай мүлкшилик түрине қарамастан барлық кәрханалардың дәнди сақлаў талапларына сәйкес келетуғын қоймахана (сыйымлылықлар)да  шәртнама тийкарында сақланатуғынлығы;

б) 2021-жылдың зүрәәтинен баслап:

мәмлекет тәрепинен ғәллеге сатып алыў баҳасын белгилеў  әмелиятынан толық ўаз кешилетуғынлығы;

мәмлекетлик сатып алыў толық бийкар етилетуғынлығы және фермерлер ҳәм басқа кәрханалар тәрепинен жетистирилетуғын ғәлле барлық тутыныўшыларға, соның ишинде, дәнди қайта ислеўши кәрханалар, ғәллешилик кластерлери ҳәм трейдерлерге биржа саўдалары арқалы ямаса тиккелей шәрнамалар (фьючерс, форвард ҳәм басқалар) тийкарында еркин баҳаларда сатылатуғынлығы;

ишки базарда дән  ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў  ушын зәрүр муғдардағы дән Қор тәрепинен фьючерс, форвард шәртнамалары тийкарында ямаса биржа саўдалары арқалы еркин баҳаларда сатып алынатуғынлығы;

дән жетистиретуғын хожалықларды сапалы туқымлық пенен тәмийинлеў мақсетинде сертификатланған туқымлық жеткерип бериў басқышпа-басқыш  Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы туқымгершилик кластерлери ҳәм элита туқымгершилик хожалықлары, ғәллешилик кластерлерине жүкленетуғынлығы белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң кеңеси менен биргеликте дүнья базары, регионналлық биржалардың баҳаларын таллаған ҳалда, ҳәр жылы 1-августқа шекем келеси жылдың ғәлле зүрәәти ушын күтилип атырған минимал баҳаларды жәрияласын және базарлардағы баҳалардан келип шығып, ҳәр шеректе усы баҳаға өзгерислер киргизип, ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилип барылыўын тәмийинлесин.
Республика ишки базарында дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў Қорға жүкленеди.

Ишки базарда дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын Қор тәрепинен сатып алынатуғын дән Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен келисилген ҳалда, Бас министрдиң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша  орынбасары тәрепинен тастыйықланатуғын айлық график тийкарында Қор тәрепинен биржа саўдаларына сатыўға қойылады.

Дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ушын зәрүр муғдардағы бийдайды сатып алыўға байланыслы қәрежетлер (сатып алыў, тасыў, сақлаў) Қордың финанслық жумысы жуўмақларына алып барылады және зәрүр жағдайларда пайда болған унамсыз айырмашылық Қорға республика бюджетинен қаплап бериледи.
2020-жыл 1-июньнен баслап:

а) фермер хожалықлары, ғәллешилик кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықларының ғәлле жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен Қордың қаржылары есабынан 12 ай муддетке шекем ғәллениң жалпы зүрәәти улыўма баҳасының 40 процентине шекемги болған муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 10 процент, 50 процентке шекемги болған муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 12 процент ставкадан (соннан банк маржасы 2 процент) артпаған муғдарда кредитлер ажыратылады.

Онда:

фермер хожалықлары, ғәллешилик кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықлары агротехникалық илажларды өткериў өзгешеликлеринен келип шығып, кредит қаржыларынан еркин пайдаланады және материаллық ресурсларды жеткерип бериўшилерди ықтыярлы түрде таңлайды;

ғәллешилик кластерлери тәрепинен фермер хожалықларының ғәлле жетистириўге байланыслы қәрежетлерин алдын ала төлеў пул қаржылары түринде әмелге асырылады;

ғәлле жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыўға ажыратылған кредит қаржыларының мүддетинде қайтарылмаған бөлеги коммерциялық кредит сыпатында қайта рәсмийлестириледи;

б) мүлкшилик түрине қарамастан, тек дәнди қайта ислеўши кәрханалар және дәнди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған ғәллешилик кластерлери тәрепинен республикада жетистирилетуғын ғәллени сатып алыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай муддетке шекем 50 миллиард сумға шекемги муғдарда коммерциялық кредитлер ажыратылады.

Онда:

миллий валютада ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент  ставкасының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ 10 процент пунктинен көп болмаған бөлегине;

сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентке шекемги, бирақ 3 процент пунктинен көп болмаған муғдарда процент  қәрежетлерин қаплаў ушын Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан компенсация бериледи;

ғәллени сатып алыў ушын ажыратылған кредит қаржыларының муддеттинде қайтарылмаған бөлегине Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан компенсация берилмейди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы өзгерген жағдайда Қордан ажыратылып атырған кредитлердиң процент ставкаларына, банк маржасына және Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан берилетуғын компенсация муғдарына өзгерис киргизиў ҳуқықы бериледи.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Ўздонмаҳсулот» АК ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте дән сақлаў сыймлылықларына ийе болған исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда, 2020-жылдың зүрәәтинен баслап жетистирилетуғын масақлы дәнди қабыл етиў ҳәм сақлаў бойынша хызмет тарифлерин тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, «Ўздонмаҳсулот» АК, Қор, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте 2020-жылда 1-апрельге шекем келеси жылларда ишки базарда дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын сатып алынатуғын ғәллениң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўин ҳәм усы ғәллени сақлаўға талапкер кәрханалардың аймақлар кесиминдеги дизимин қәлиплестирсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы дән сақланып атырған кәрханаларда оның сапасы ҳәм муғдары бойынша дурыс сақланыўы ушын айлық қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, коммерциялық банклер менен биргеликте ғәллешилик кластерлери ҳәм дәнди қайта ислеўши кәрханаларға республикада жетистирилген дәнди сатып алыў ушын усы қарарда белгиленген кредит ажыратыў механизми бойынша оқыў-семинарларын шөлкемлестирсин ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2020-жыл 1-майға шекем:

дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын  тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын сатып алынатуғын ғәлле көлемин аймақлар кесиминде анықлаў ҳәм есап-санақларын әмелге асырыў және ғәллени сақлаў тәртиплерин тастыйықласын;

«Ўздонмаҳсулот» АК системасына киретуғын дән кәрханаларын 2020-2021-жылларда белгиленген тәртипте басқышпа-басқыш жеке меншик секторға сатыў илажларын белгилесин.

Төмендегилер:

Ғәлле жетистириўге мәмлекетлик буйыртпа басқышпа-басқыш бийкар етилиўи ҳәм тараўға базар принциплери кеңнен енгизилиўин шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға  муўапық;

Ғәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиўди муўапықластырыўшы Республикалық кеңестиң қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық кеңеске (А.Арипов) төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

ғәлле жетистириўге мәмлекетлик буйыртпа басқышпа-басқыш бийкар етилиўи ҳәм тараўға базар принциплери кеңнен енгизилиўин шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасының орынланыўын өз ўақтында тәмийинлеў;

2021-жылдың зүрәәтинен баслап дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын сатып алынатуғын бийдай көлемин белгилеў;

аймақлардың тәбийғый-ықлым шараятларынан келип шығып, ғәлле егислик майданларын сортлар бойынша жайластырыў;

дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын сатып алынған ғәллени сақлайтуғын кәрханалар дизимин қәлиплестириў;

азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў механизмлерин жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў процесинде пайда болатуғын барлық мәселелерди шешип барыў.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орыбасары Ў.Барноев:

Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң усынысларына тийкарланып «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте календарь жылдың 1-майына шекем талапкер кәрханалардың дән сақлаў сыйымлылықлары хатлаўдан өткерилиўин ҳәм олардың әмелдеги талапларға сәйкеслиги ҳаққында жуўмақ берилиўин, унамлы жуўмақ берилген кәрханалардың лабораториялары ҳәм тәрезилериниң хатлаўдан өткерилиўин, тийисли руқсатнамалар берилиўин, дән сақлаўға руқсат етилген кәрханалардың дизими тастыйықланыўын және олардың дән сақлаў қуўатлықларын ғалаба хабар қуралларында жәриялап барыўды тәмийинлесин;

аўыл хожалығы министри Ж.Ходжаев, суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимликлери менен биргеликте белгиленген тәртипте жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм топырақтың өнимдарлығын арттырыў, ғәлле жетистириўге заманагөй және энергия ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялардың енгизилиўин, фермер хожалықларын суў менен тәмийинлеў және комплексли агротехникалық илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўында әмелий жәрдем көрсетсин.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 6-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться