Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Россия ҳәм Әзербайжан менен экономикалық бирге ислесиў перспективалары додаланды
2020-03-10 | Сиясат
Өзбекстан Республиксы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Россия Федерациясы ҳәм Әзербайжан Республикасы менен еки тәреплеме инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективаларын додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Кейинги жылларда усы мәмлекетлер менен өз-ара саўда ҳәм инвестиция көрсеткишлери түрақлы артып баратырғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, 2019-жылдың жуўмағына бола Россия менен товар алмасыў көлеми өткен жылға салыстырғанда 17 процентке артып, 6,6 миллиард долларды қурады, Әзербайжан менен еки тәреплеме саўда көлеми болса 55,7 процентке артты.
Инвестициялық бирге ислесиў беккемленбекте. Өткен жылы Өзбекстанда Россия инвестициясы қатнасыўында 484 жаңа кәрхана шөлкемлестирилип, олардың саны улыўмалық есапта 1 мың 828 ге жетти. Бүгинги күнде мәмлекетимизде Әзербайжан капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген 178 кәрхана жумыс ислемекте.
Мәжилисте усы мәмлекетлер менен қоспа жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў және инвестиция, саўда ҳәм транспорт-логистика тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў бойынша жаңа усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Россия Федерациясы менен болажақ еки тәреплеме илажлар додаланды. Атап айтқанда, россиялы шериклер менен 3,5 мың жумыс орнын жаратыў имканиятын беретуғын баҳасы 7,3 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.
Әзербайжанлы шериклер менен санаат кооперациясын жолға қойыў шеңберинде улыўма баҳасы 355 миллион доллардан аслам жойбарлар ислеп шығылып атырғанлығы атап өтилди. Соның ишинде, жеңил автомобиль ҳәм автобусларды жыйнаўды жолға қойыў режелестирилмекте. Нефть-газ тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңеймекте.
Усы илажларды мазмуны жағынан байытыў зәрүр екенлгили айрықша атап өтилди, жумысты нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Усы айда Әзербайжан ҳәм Россия менен бир қатар еки тәреплеме илажлар режелестирилген. Атап айтқанда, 16-17-март күнлери Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасында бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия мәжилиси, март айының үшинши он күнлигинде болса Россия Федерациясы менен усындай илаж өткериў мөлшерленген.
Президент Шавкат Мирзиёев Россия ҳәм Әзербайжанның жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлери менен саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, шерикликтиң жаңа бағдарларын ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берди.
Аўыл ҳәм тоғай хожалығы, санаат, соның ишинде, агросанаат, транспорт ҳәм логистика, билимлендириў ҳәм инновациялар Россия менен бирге ислесиўдиң жаңа тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.
Әзербайжан менен аграр санаат, жүзимшилик ҳәм виношылық, зергерлик, нефть ҳәм газ, транспорт ҳәм логистика, билимлендириў тараўларында қосымша жаңа жойбарларды ислеп шығыў тапсырылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының есабатлары тыңланды, ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар белгиленди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги