Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында
2020-03-09 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде қәдирдан ҳаялды улығлаў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў, өзиниң таланты ҳәм ибратлы жумысы менен жасларға өрнек болып атырған, түрли тараўлар ҳәм тармақларда қәбилет ҳәм имканиятларын әмелге асырып атырған, жәмийетлик турмыста белсендилик ҳәм интакерлик көрсетип атырған қызларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли қызларын жақсы минези, бийбаҳа таланты, шаққанлығы, интакерлиги, оқыўдағы табыслары және билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысында ерискен айрықша табыслары ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында сыйлық ийелериниң дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында пул сыйлығы берилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы жумысы, олардың бийбаҳа таланты ҳәм ерискен табысларын кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ш.Кудбиевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2020-жыл 4-март
* * *
Өзбекстан Ресрубликасы Президентиниң 2020-жыл 4-марттағы ПҚ-4626-санлы қарарына қосымша
ЗУЛЬФИЯ АТЫНДАҒЫ МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚ ПЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНҒАНЛАРДЫҢ
ДИЗИМИ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ БОЙЫНША:
Ибрагимова Назокат Мухтаровна – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты
Нуратдинова Динара Елубай қызы – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги