Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қоршаған орталықты қорғаў бойынша қосымша ўазыйпалар белгиленди

2020-03-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қоршаған орталықты сақлаў ҳәм шығындыларды басқарыў тәртибин жетилистириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Сын көзқараста өткен мәжилисте 2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының Қоршаған орталықты қорғаў концепциясы ҳәм 2019-2028-жыллары Өзбекстан Республикасында қатты турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў стратегиясының орынланыўы қанаатландырарсыз деп табылды. Атап айтқанда, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирлер сақланып қалмақта. Атмосфераға үлкен муғдарда патасландырыўшы затлар шығарылмақта. Фауна менен флораға қәўип артып бармақта.

Турмыслық шығындының көлеми 7 миллион тоннадан аслам болып, оның тек ғана 19 проценти қайта исленбекте. Бул бойынша жеке меншик сектордың үлеси төмен. Санитариялық тазалаў хызметлери барлық мәҳәллелерде де жокю Қурылыс ҳәм санааттың раўажланыўы нәтийжесинде шығындылардың көлеми артпақта.

Мәжилисте халыққа санитариялық хызмет көрсетиўдиң қамтыўын  2021-жылы 100 процентке жеткериў, 221 шығынды полигонын санитариялық-экологиялық талапқа муўапықластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қурылыс министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша  мәмлекетлик комитетине усы жылы Ташкент, Самарқанд ҳәм Әндижан ўәлаятларында кейин ала басқа аймақларда да қурылыс шығынды полигонларын және шығындыны қайта ислеў жойбарларын иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың майданын кеңейтиў, «Қызыл китап»қа киргизилген ҳайўанларды аўлағаны ушын жазаны күшейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң пәрманына муўапық, мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларының кесилиўине мораторий енгзилген еди. Бирақ орынлардағы басшылардың итибарсызлығы ақыбетинде айырым жағдайларда өсимликлер дүньясына зыян жеткерилди. Бас прокуратураға усы мәселе бойынша ҳәкимлердиң жумысын қатаң қадағалаўға алып, жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў тапсырылды.

Өндирис процесинде экологиялық нормаларға әмел етиў мәселелери де талқыланды.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң лабораторияларында үскенелердиң 65 проценти ескиргени атап өтилди. Ҳаўаға патасландырыўшы затларды шығарыў көлеминиң 60 проценти жанылғы-энергетика, 20 проценти таў-кән ҳәм металлургия тараўына туўра келмекте. Сол себепли, тәбиятты қорғайтуғын технологияларды қолланған санаат кәрханаларын хошаметлеў, шаң-газ тазалаў үскенелерин ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараўда кадрлар сиясаты кескин сынға алынды. Атап айтқанда, маман қәнигелердиң ҳәм илимий изертлеў жумысларының жетиспеўи, ҳеш бир жоқары оқыў орнында экология бойынша арнаўлы факультеттиң жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Изертлеўлерге грантлар ажыратыў, сырт елде илимий хызметкерледиң қәнигелигин арттырыў, тараўға инновациялық технологиялар менен идеяларды тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Поделиться