Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықаралық қурылыс компаниясы ўәкиллерин қабыллаў
2020-03-05 | Экономика
Усы жыл 4-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Туркия-Нидерландия халықаралық қурылыс компаниясының директоры Эшреф Озсахинды қабыллаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, солай етип, елимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Соның ишинде, аўыл хожалығы, шарўашылық, қурылыс тараўларында жәҳәнде жетекши компаниялар менен бирге ислесиў жақсы жолға қойылып атырғанлығы айрықша мақтаныш пенен атап өтилди.
Өз гезегинде мийман Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға, сырт елли инвесторларға жаратылып атырған кең имканиятларға жоқары баҳа берди. Соның ишинде, Туркия-Нидерландия халықаралық қурылыс компаниясы алдағы ўақытлары бир қатар жойбарларды әмелге асырыў нийети бар екенлигин бирдирди.
Қабыллаўда өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысыўлар болды
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.