Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында

2020-03-03 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды халық мәплери жолында избе-из даўам еттириў мақсетинде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы бағдарламасының жойбары кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме додаланған ҳалда таярланды.

Додалаўлар процесинде ҳалқымыз, пуқаралық жәмийети институтлары белсендилик көрсетип, мыңнан аслам теле- ҳәм радиоканаллар арқалы тиккелей эфирлерде олар менен тиккелей байланыслар шөлкемлестирилди, пуқараларымыздың билдирген пикир-усыныслары тийисли тараў кәнигелери ҳәм экспертлердиң қатнасыўында терең талланды.

Атап айтқанда, жәмийетлик додалаў шеңберинде үш мыңнан аслам усыныслар келип түсти, олар тийкарында Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына жүзге шамалас концептуаллық ҳәм редакциялық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Сондай-ақ, көпшилик усыныслар додалаў ушын жарияланған Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарындағы илажларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды әмелге асырыў процесслерин жетилистириўди нәзерде тутады.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжаты, парламент палаталарының қоспа мәжилиси ҳәм шөлкемлестириўшилик мәжилислеринде белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў мақсетинде:

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарламасы) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў тараўында:

2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық  палатасы ҳәм Сенаты жумысында пуқаралардың Интернет тармағындағы мүрәжатлары тийкарында парламентлик ҳәм депутатлық сораўларды қәлиплестириў, сайлаўшылар менен тиккелей байланысыў мақсетинде электрон портал ҳәм мобиль қосымшадан пайдаланыў имканиятын беретуғын «Электрон парламент» системасы енгизилсин;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында жыл жуўмағына бола қабыл етилген ҳәр бир нызам халық тәрепинен қалай баҳаланғанын ҳәм оның нәтийжелилик дәрежесин мониторинг етиў және бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли илажларды көриў әмелияты қәлиплестирилсин;

2020-жылда Самарқанд ўәлаятлық халық депутатлары Кеңесиниң жумысын «үлгили Кеңес» сыпатында жолға қойыў бойынша әмелий шөлкемлестириўшилик илажлар көрилсин және жергиликли ўәкиллик уйымларының жумысында Кеңес сораўы институты енгизилсин;

2020-жыл 1-июльден баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының мәжилислеринде мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларының өз жумысы бойынша, сондай-ақ, Ҳүкимет ағзалары ҳәм тармақлар басшыларының Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаў, илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемелерин турақлы тәризде тыңлаў тәртиби әмелиятқа енгизилсин;

2020-жыл 1-августтан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги елшилериниң есабатын тыңлаў, сондай-ақ, халықты тәшиўишке салып атырған машқалаларды тез шешиў мақсетинде үйренилген мәселелер бойынша тиккелей орынларға барып, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары қатнасыўында Сенат кеңеси ҳәм комитетлериниң көшпели мәжилислерин өткериў системасы жолға қойылсын;

2020-жыл 1-июльге шекем «Mening fikrim»  веб-порталының мобиль қосымшасын иске түсириў илажлары көрилсин, сондай-ақ, веб-порталға келип түсип атырған мүрәжатларды депутатлар, қәнигелер ҳәм кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда ғалаба хабар қуралларында додалаў шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм Министрлер Кабинетине мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бағдарда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын, соның ишинде, парламенттиң нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў жумысын күшейтиўге қаратылған илажлар бағдарламасы, тиккелей әмел ететуғын нызамларды ислеп шығыў бойынша «жол карта»сы, Халықтың электорал мәдениятын жоқарлатыў концепциясы және Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген  стратегиясы қабыл етилиўин тәмийинлеў усыныс етилсин.

Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаў тараўында:

2020-жыл 1-майдан баслап суд ҳүкимлери, қарарлары, ажырымлары ямаса шешиўши қарарлары нызамлы күшке кирген ислерди прокурор тәрепинен  тәреплердиң (прокурордан тысқары) мүрәжаты бар болса ғана судтан талап етип алыў тәртиби әмелиятқа енгизилсин;

2020-жыл 1-апрельден баслап  1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли пуқаралығы болмаған шахс гүўалығы тийкарында турақлы жасап атырған және Өзбекстан Республикасы пуқарасы болыў тилегин билдирген шахсларды Өзбекстан Республикасы пуқарасы деп тән алыў тәртиби енгизилсин;

2020-жыл 1-ноябрьге шекем әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде апелляция ҳәм кассация инстанциялары реформаланып, қадағалаў тәртибинде ис жүргизиў институты бийкар етилсин;

2020-жыл 1-июньге шекем исбилерменлик тараўындағы социаллық қәўипи үлкен болмаған жынаят түрлери декриминализация етилсин, сондай-ақ, бажыхана тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў жынаятын биринши мәрте ислеген, товар ушын төлемди ықтыярий түрде төлеген ҳәм бажыхана рәсмийлестириўин әмелге асырған шахсларды жынайый жуўапкерликтен азат етиў тәртиби енгизилсин;

2020-жыл 1-декабрьден баслап ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында ислерди көрип шығыў ўәкиллиги жынаят ислери бойынша судлар ўәкиллигине өткерилсин;

2020-жыл 1-декабрьден баслап ҳуқықбузырлықларды ислеген шахс тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьясы санкциясында нәзерде тутылған жәрийманы суд ҳәм ўәкилликли уйымларда ис көрилгенге шекем ықтыярий төлеўди хошаметлеў системасы енгизилсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Судьялардың жоқары кеңеси, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлигине мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бағдарда белгиленген ўазыйпалардың өз ўактында орынланыўын, соның ишинде, системаластырылған «Судлар ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциясы, сондай-ақ, судьялар жәмийетшилиги уйымларының жумысын тәртипке салатуғын және Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал кодекслери, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пуқаралық ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарлары ислеп шығылыўын тәмийинлеў тапсырылсын.

Кең жәмийетшиликтиң тилеклерин ҳәм халықаралық эксперт жәмийетшилигиниң усынысларын инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Министрлер Кабинети ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайының төмендеги усынысларына келисим берилсин:

2020-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында көшпес мүлкти алыўда Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын усы аймақларда турақлы пропискаға ийе болыў талап етилмеўин нәзерде тутатуғын тәртипти енгизиў;

Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм республиканың басқа регионларында турақлы пропискаға ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы жаңа қурылған жайларда көшпес мүлк алды-саттысы шәртнамаларын рәсмийлестириў ушын мәмлекетлик бажының айрықша ставкасын бийкар етиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) 2020-жыл 1-апрельге шекем нызам ҳүжжетлерине усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин, онда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутсын:

турақлы пропискаға отырыўда Өзбекстан Республикасы Турақ жай кодексиниң бир  адам ушын турақ жай майданының социаллық нормасы ҳаққындағы қағыйдаларына әмел етиў бойынша талапларды;

пропискаға отырыў менен байланыслы процесслер ҳәм оларды «бир айна» принципи тийкарында әмелге асырыў механизмлериниң санластырылыўын тәмийинлеўди;

аймақларда жоқары билимлендириўдиң  талап жоқары болған бағдарларында оқытыўды шөлкемлестириў, соның ишинде, Ташкент қаласында жайласқан жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыўды;

б) Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем урбанизацияны раўажландырыў концепциясын ислеп шығыўда республика халқы ушын Ташкент қаласы менен бир қатарда қосымша тәризде «өзине тартатуғын орайлар»ды жаратыў мақсетинде табийғый ҳәм социаллық-экономикалық потенциалға ийе ең ири қалаларды белгилеўди нәзерде тутсын.

Экономиканы раўажландырыў ҳәм инвестицияларды жедел тартыў тараўында:

2020-жылдан баслап пахта шийки затын ислеп шығарыў ҳәм мәжбүрий сатыў режесин, оның баҳасын мәмлекет тәрепинен белгилеў әмелияты бийкар етилсин ҳәм мәмлекетке мәжбүрий ғәлле сатыў көлеми 25 процентке азайтылсын;

 2020-жылда салық төлеўшилер тәрепинен төленген салық суммасы белгиленген мүддетте қайтарылмаған ҳалда усы сумма ушын салық төлеўшилерге бюджет есабынан Орайлық банктиң тийкарғы ставкасына тең муғдарда процентлер төлеў және ишки базарда сатылған өним бойынша қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў тәртиби нәтийжели жолға қойылсын;

2020-жылда лицензиялар ҳәм басқа да рухсат беретуғын ҳүжжетлер кеминде еки есеге қысқартылсын;

2020-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик үлеске ийе болған банклердиң трансформациясы бойынша «жол карта»ларын әмелге асырыўға киргизилсин, соның ишинде, халық ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерге  көрсетилип атырған банк хызметлериниң сапасын арттырыў және заманагөй усақлап сатыў банк хызметлериниң түрлерин көбейтиў илажлары көрилсин;

2020-жыл 1-июньге шекем экспорты алдыннан қаржыландырыўға қаратылған Экспорт-кредит агентлиги шөлкемлестирилсин;

2020-жылда «санлы маркировка ҳәм онлайн касса» жойбарын өз ўақтында ҳәм толық орынлаў және «Э-омбор» товарларды есапқа алыўдың электрон системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша әмелий илажлар көрилсин;

2020-жыл 1-июньнен баслап жергиликли экспорт етиўшилерге жүклерди автомобиль ҳәм ҳаўа транспорты арқалы экспорт етиў қәрежетлериниң бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң инфраструктура қурыў бойынша қәрежетлериниң бир бөлеги ушын компенсация төлеў механизмлери енгизилсин;

2020-жылда кеминде 800 мың кең полосалы Интернет портлары жаратылсын ҳәм 12 мың километр оптикалық кабелли байланыс линиялары тартылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Орайлық банк, Есап-санақ палатасы, Саўда-санаат палатасына мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бағдарда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын, соның ишинде, «Мәмлекетлик финанслық қадағалаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик қарыз ҳаққында»ғы ҳәм «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы нызам жойбарлары, Автомобиль жолларын раўажландырыў ҳәм Финанслық хызметлердиң ғалабалығын арттырыў стратегиялары, Сыртқы экономикалық жумысты тәртипке салыў ҳәм Суў хожалығын раўажландырыў концепциялары, Аўыл хожалығында санлы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша әмелий илажлар бағдарламасы ислеп шығылыўын тәмийинлеў тапсырылсын.

Өзбестан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки ай мүддетте ҳәр бир аймақта исбилерменликке өқытыў курсларын шөлкемлестириў бойынша «жол карта»сын ҳәм усы курслардың питкериўшилерине ең ири жойбар ушын грантлар ажыратыў тәртибин тастыйықласын;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги қарамағына өткерилген 30  колледж базасында, сондай-ақ, Ташкент қаласының ҳәр бир районында кеминде биреўден «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм кәсипке таярлаў орайларын шөлкемлестирип, оларда, биринши гезекте, жумыссызлар ҳәм кәмбағал шаңарақлар ағзаларының исбилерменлик тийкарлары бойынша ҳәм кәсипке оқытылыўын тәмийинлесин.

Тап усы сыяқлы моноорайлар ҳәм кәсипке таярлаў орайлары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың қала ҳәм районларында да басқышпа-басқыш шөлкемлестирилиўи тәмийинленсин.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте кәсипке оқыў тилегин билдирген жалғыз ҳәм көп балалы ҳаяллар, жумыссызлар, жаслар ушын күнделикли турмыста талап жоқары болған тараўлар, атап айтқанда тигиўшилик, кулинария, шаштарезлик ҳәм басқа да бағдарлар бойынша кәсипке үйретиў курсларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Мәҳәлле гүзарларында кәсипке оқытыў бағдарламасы»н ислеп шығып, талапкерлердиң дизимин қәлиплестирсин.

Кәсипке үйретиў курслары шеңберинде оқытылған жалғыз ҳәм көп балалы ҳаяллар, жумыссызлар ҳәм жаслар сыяқлы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры есабынан Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте қаржы ажыратылатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте:

бюджет қаржылары есабынан ири исбилерменлик жойбарларына грантлар ажыратыў системасын жолға қойыў;

2020-жыл 1-майға шекем ҳәр бир аймақта кеминде биреўден «Ең жақсы кәсипке таярлаў оқыў бағдарламасы» бойынша мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында таңлаў өткерип, оның жеңимпазларына өз жумысын шөлкемлестириў ушын Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қорынан грант ажыратыў  тәртибин ислеп шықсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўалаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте исбилерменлик жақсы раўажланған ҳәм халық тығыз жайласқан аймақлардың қасында аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм бос турған жер майданларын анықласын және оларда киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ҳәм оларды инфраструктура менен тәмийинлеў ушын жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў илажларын көрсин.

жаңадан шөлкемлестирилетуғын киши санаат зоналарына барлық зәрүр инфраструктураларды жеткерип бериў ушын киши санаат зоналарын басқарыў дирекцияларына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларынан 100 миллиард сум ажыратылатуғыны;

жаңадан шөлкемлестирилген киши санаат зоналарындағы жер участкалары исбилерменлерге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртипте меншиклестирилип берилетуғыны ҳәм оннан түскен қаржылар киши санаат зоналарын басқарыў дирекциялары тәрепинен жаңа киши санаат зоналарын қурыўға жумсалатуғыны белгиленсин.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте ҳәр бир районда дийқаншылық пенен шуғылланыў тилегин билдирген халықтың дизимин қәлиплестирсин, аўыл хожалығы айланысынан шығып кеткен жерлерди талапкерлерге бөлистирип берсин ҳәм оларды кооперацияларға бириктирсин. Онда, усы шахсларға нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлер берилсин ҳәм жерлерди айланысқа қайтарыў ушын барлық зәрүр илажлар көрилсин.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги еки ай мүддетте бизнеске және исбилерменликти баслаў тилегиндеги пуқараларға ҳәм өзин-өзи бәнт етпекши болғанларға сервис көрсететуғын интерактив мобиль қосымшалар жаратыў ушын таңлаўлар жәриялап, ең жақсы жойбарларға грантлар ажыратыў системасын жолға қойсын.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте, сондай-ақ, Жәҳән банки, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлерди тартқан ҳалда 2020-жыл 1-августқа шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

кәмбағаллық түсинигин, оны аймақлық өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда анықлаў методологиясын ҳәм нормаларын ислеп шықсын;

халықта, әсиресе, жаслар менен ҳаялларда бизнес жүргизиў ҳәм исбилерменликтиң заманагөй көнликпелерин қәлиплестириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;

бәринен бурын, орынлардағы социаллық машқалаларды шешиў имканиятын беретуғын исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў;

исбилерменлик субъектлерине қаржы ресурсларынан, атап айтқанда, микроқаржыландырыў хызметлеринен ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардан  пайдаланыўда кең имканиятлар бериў ушын шараят жаратыў;

бәнт болмаған халықты қайта таярлаў ҳәм жумыссыз пуқараларды талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў бойынша кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырыў.

2020-жыл 1-июньнен баслап исбилерменлик субъектлерине лицензиялар ҳәм руқсат етиў өзгешелигине ийе басқа ҳүжжетлерди бериўде кадрлардың профессионал маманлығы, усынылған ҳүжжетлер менен бағдарламалардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға, имаратлардың-санитариялық-эпидемиологиялық талапларға ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына жуўап бермеўи себепли  бас тартыўға жол қойылмайтуғыны белгиленсин.

Онда, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлик субъектлерине маман кадрларды излеў, ҳүжжетлер менен бағдарламаларды қайта ислеў ушын қәнигелерди тартыў және лицензиялар ҳәм руқсат етиў өзгешелигине ийе басқа ҳүжжетлерди алыў ушын басқа да зәрүр шараятларды жаратыўда жәрдем бериўи тийис, талапкердиң берилген жәрдеминен бас тартыў жағдайлары буған кирмейди.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте усы бәнтте белгиленген тәртипти енгизиў бойынша усынысларды киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте  “UzTrans”  бирден-бир интерактив мәлимлеме системасында тасыўшылардың жумысын мониторинг етиў ҳәм қадағалаўдың заманагөй усылларын қолланыўды есапқа алған ҳалда Министрлер Кабинетине:

жүк тасыўды әмелге асырыўдың басланыўы ҳаққында хабар бериў ҳәм жүклерди халықаралық тасыўды әмелге асыратуғын транспорт қуралларын «онлайн» дизимнен өткериў тәртибин енгизиў арқалы автомобиль транспортында жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалараралық ҳәм халықаралық жөнелислер бойынша тасыўды әмелге асырыў;

физикалық шахсларға автомобиль транспортында жолаўшыларды қалада, қала әтирапында ҳәм қалалараралық жөнелислер бойынша  тасыў ҳуқықын бериў  бойынша усынысларды киргизсин.

Социаллық раўажланыў тараўында:

2020-жылдың ақырына шекем 6 жасар балаларды мектепке таярлаў системасын енгизген ҳалда, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесиниң 60 процетке жеткерилиўи тәмийинленсин;

2020/2021 оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мектеплери муғаллимлериниң жүклемеси оптималластырылсын, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелеринде тийкарғы қәнигеликке байланысы болмаған пәнлердиң саны еки есеге қысқартылсын;

2020/2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиў бойынша  мәмлекетлик буйыртпа параметрлери басқышпа-басқыш еки есеге арттырылсын;

2020-жылда кеминде 5 жоқары билимлендириў мәкемесин конкурс тийкарында таңлап, абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў орынлары менен биргеликте оларды трансформациялаў илажлары көрилсин;

2020-жылы математика, химия-биология, геология  сыяқлы бағдарларда фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди жеделлестирип, илимпазларға барлық шараятларды жаратыў илажлары көрилсин;

2020-жыл 1-сентябрьге шекем илимниң өндирис пенен белсене интеграцияласыўын тәмийинлеў мақсетинде фундаменталь ҳәм инновациялық изертлеўлер ушын мақсетли грант қаржыларын ажыратыў механизми түп-тийкарынан қайта көрип шығылсын;

2020-жылы  мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық илажлары жуўмақлансын ҳәм келеси жылы бул система тәжирийбе сыпатында Сырдәрья ўәлаятында иске қосылсын;

2020-жылы мәмлекетлик медицина шөлкемлери ҳәм халықты дәри қураллары және медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи өткен жылға салыстырғанда 1,3 есеге  көбейттирилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бағдарда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын, атап айтқанда, Турақ жай кодексиниң жаңа редакциясы, Экология кодексиниң жойбары, «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба хызметлер ҳаққында»ғы ҳәм «Кинематография ҳаққында»ғы нызам жойбарлары, Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў мәмлекетлик бағдарламасы, Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасы, Илим тараўын раўажландырыў, Халықты социаллық қорғаў, Ишимлик суўының тәмийнаты ҳәм канализация системасын раўажландырыў концепциялары, Қурылыс тараўын раўажландырыў стратегиясы  ислеп шығылыўын тәмийинлеў тапсырылсын.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Жаслар тәлими ҳәм ҳаяллар бәнтлиги бойынша «Бес баслама» бағдарламасы шеңберинде 2020-жыл 1-сентябрьден баслап айрықша улыўма билимлендириў мәкемелеринде балаларды мектеп сабақлықларына электрон оқытыў бойынша, соның ишинде, электрон класс журналын, оқыўшылардың күнделиклерин санластырыў ҳәм электрон материаллар китапханасын (сабақлықлар, видеосабақлар, виртиуал лабораториялар ҳәм басқалар) өз ишине алған тәжирийбе сыпатында мәлимлеме системаларын қағаз ҳүжжетлерди бийкар еткен ҳалда енгизсин.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте экспертлер, атап айтқанда, сырт ел эекспертлериниң қатнасыўында мағлыўматлар ҳаққындағы илим, үлкен мағлыўматлар, жасалма интеллект сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаўды нәзерде тутқан ҳалда, мәлимлеме-коммуникациялары ҳәм санлы экономика тараўындағы оқыў бағдарламаларының қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте 2020/2021-оқыў жылынан баслап республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине оқыў жылы даўамында тең үлеслерде кеминде төрт мәрте оқыў ушын төлемлерди әмелге асырыў имканияты берилиўин тәмийинлесин.
2020/2021-оқыў жылынан баслап Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинде тәжирийбе сыпатында басқышпа-басқыш аралық оқытыў түри енгизилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўды билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-августқа шекем аралық оқытыў түрин әмелге сырыў тәртибин белгилеў, программалық, аппарат комплексин жаратыў, тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў процесине аралықтан оқытыў платформасын енгизиў ҳәм орнатылған тәртипте зәрүр болған әсбаплар менен үскенелеўди тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2021-жыл 1-январьға шекем тәжирийбе нәтийжелерин есапқа алған ҳалда жоқары билимлендириў системасына аралықтан оқытыў түрин енгизиў ҳаққындағы усынысларды оқытыўдың усы түрин әмелге асырыўдың жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм билимлендириў бағдарлары кесиминдеги графиги менен биргеликте киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-октябрьдеги ПҚ-4502-санлы қарарына тийкарланып 2020-жыл 1-январьдан кейинги дәўир ушын пенсияны есаплаўда мийнет стажын тастыйықлаў ҳәм ис ҳақы муғдарын белгилеў «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде бар мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық пенсияны есаплаў ушын мийнет стажын тастыйықлаў ҳәм ис ҳақы муғдарын белгилеўде архив мағлыўматларын бермей:

2005-2016-жыллар дәўири ушын жыйналып барылатуғын пенсия системасына мәжбүрий төлемлер ҳаққындағы мағлыўматлардан;

2016-2018–жыллар дәўири ушын Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына өткерилген қамсызландырыў төлемлерин жеке тәртипте есапқа алыўдың орайластырылған электрон реестри мағлыўматларынан;

2019–жыл ушын  пуқаралардың ис ҳақысының жеке тәртиптеги есабын жүргизиўдиң орайластырылған электрон реестриниң мағлыўматларынан пайдаланылады.

Усы бәнтте көрсетилген дәўирлер ушын архив мағлыўматларынан тек системаларда зәрүр мағлыўматлар бар болмағанда ямаса пуқараның мүрәжаты тийкарында пайдаланылады. Пуқара тәрепинен усынылған ҳүжжетлерди тексериў және қосымша архив мағлыўматларын талап етип алыў зәрүрлиги болғанда, пуқараға пенсия минимал муғдар бойынша сырттан рәсмийлестириледи ҳәм кейин ала қайта есапланады.

 Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте:

«Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплекси арқалы 2020-жыл 1-январьға шекемги ўақыт ушын зәрүр  мағлыўматларды бирден-бир система арқалы жыйнаў мақсетинде мәпдар уйымлардың системалар ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграцияланыўы,  сондай-ақ, бул системаның толық ислеўин тәмийинлеў ушын мағлыўматларды санластырыў илажларын көрсин;

пуқаралар ушын оларға тайынланған пенсия төлемлери ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар менен танысыў, соның ишинде, автоматикалық есаплаў имканиятын жаратыўды есапқа алған ҳалда пенсия тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў бойынша усынысларды киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги менен биргеликте, сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм экономиканы санластырыў бойынша ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда еки ай мүддетте өзин-өзи бәнт етип атырған пуқаларға ўақтыншалық мийнет гүўалықлары берилетуғын жумыс түрлери  (хызметлер, жумыслар) дизимин қайта көрип шығыў, бул процесслерди санластырыў, «фрилансинг» (аралықтан турып ислеў) имканятларын ғалаба ен жайдырыў  бойынша «жол картасы»ның киргизилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2020-жыл 1-ноябрьден «Мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң бирден-бир электрон мәлимлеме-таллаў системасы» программалық-аппарат комплексин (кейинги орынларда – бағдарламалық-аппарат комплекси) енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте программалық-аппарат комплексиниң Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына ҳәм басқа да зәрүр системаларға интеграцияласыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Жоқары аттестация комиссиясы ҳәм республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары уйымлық мәлимлеме системаларының өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўын, олардың программалық-аппарат комплекси менен интеграцияласыўын, сондай-ақ, усы системаның толық ислеўин тәмийинлеў ушын мағлыўматларды санластырыў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте «Санлы Өзбекстан – 2030» бағдарламасының жойбарын ислеп шығыўда басқа мәселелер менен бир қатарда төмендегилерди нәзерде тутсын:

а) «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў бағдарында:

мәлимлеме технологиялары тараўында инсан капиталын раўажландырыў, кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў;

мәмлекетлик хызметлерди санлы түрге трансформациялаў  ҳәм мәлимлеме экосистемасын раўажландырыў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў;

б) жергиликли IT -технологиялар базарының потенциалын арттырыў бағдарында:

мәлимлеме системаларына ҳәм программалық өнимлерге қойылатуғын тийкарғы функционал талаплардың бирден-бир реестрин белгилеген ҳалда мәмлекетлик  уйымларда ҳәм шөлкемлерде усы өнимлерден пайдаланыўға өтиў;

орнатылған функционал талапларға муўапық келетуғын жергиликли мәлимлеме системаларының ҳәм программалық өнимлердиң бирден-бир базасын қәлиплестириў;

потенциалы бар жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәлимлеме технологияларын ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығыў тараўында лабораториялар, соның ишинде, халықаралық тән алынған алдынғы IT – компанияларды тартқан ҳалда шөлкемлестириў;

жергиликли мәлимлеме технологияларын ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығыўды буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў;

в) мәмлекетлик мағлыўматларды басқарыў системасын жаратыў бағдарында:

мәмлекетлик басқарыў тараўында мағлыўматларды қәлиплестириўге ҳәм қайта ислеўге стандартластырылған көзқарасты енгизиў;

мағлыўматларды қәлиплестириў ҳәм жаңалаў бойынша жуўапкершилик мәмлекетлик уйымлар бойынша бөлистирилген ҳалда, мағлыўматлар тек бир мәмлекетлик уйым ямаса оның бөлимлеринде қәлиплестирилетуғын  «мағлыўматлардың бирден-бир дәреги» принципин енгизиў;

ҳүжжетке бағдарланған системадан мағлыўматлардың реестр жазыўына тийкарланған системаға басқышпа-басқыш өтиў.

Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер, барлық кәрханаларға ҳәм шөлкемлерге «санлы экономика», заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын енгизиўге және раўажландырыўға жуўапкер болған жумысшыларды хызметкерлердиң тийарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторы билимлендириўдиң минимал дәрежеси ҳәм кәсип бойынша маманлық разрядлар бөлимине әмел етпеген жағдайда жумысқа тартыўға руқсат берилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте мәлимлеме технологиялары тараўында халықаралық сертификатқа ийе болған шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў системасын жаратыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, мәлимлеме технологиялары тараўында халықаралық сертификат алыў имтиханларын табыслы тапсырған шахсларға қәрежетлерди мәмлекет тәрепинен қаплаў, мәлимлеме технологиялары тараўында халықаралық сертификатқа ийе болған шахслардың республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутылсын.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Инновациялық раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте «Бес баслама» жойбарын қаржыландырыў шеңберинде «Санлы технологиялар оқыў орайлары»нда, «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында ҳәм «Жаслар технопарклер»инде жасларға санлы технологияларды үйретиў бойынша арнаўлы курсларды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Жаслар аўқамы менен биргеликте санлы экономиканы раўажландырыўға жаслардың ең алдынғы жойбарларын тартыў мақсетинде Ташкент қаласында «Халықаралық жаслар инновациялық форумы»н өткериў ҳәм форум шеңберинде «Ең жақсы жойбарлар» таңлаўын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы ҳәм қарар жойбарларын киргизсин:

санлы экономика ҳәм электрон ҳүкимет шөлкемлестириўшилик-институционаллық тийкарларын сын көзқарастан қайта көрип шыққан ҳалда тараўда мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў;

«Электрон ҳүкимет» системасын жетилистириў бағдарында уйымлараралық электрон бирге ислесиўди раўажландырыў, көрсетилип атырған электрон мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм дизимин кеңейтиў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери менен тиккелей үзликсиз өз-ара қатнасықларды әмелге асырыў түрлерин кеңнен қолланыў;

экономиканың реал секторы тармақларына мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди кеңнен енгизиў бағдарында қаржы-хожалық жумысы, ҳәкимшилик тәртиплер, өндирис, технологиялық ҳәм басқарыў процесслеринде санлы технологиялар ҳәм автоматластырылған системаларды жаратыў;

телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў бағдарында Интернет тармағынан кең полосалы пайдаланыўды кеңейтиў, мобиль байланыс тармағы ҳәм басқа да заманагөй телекоммуникация хызметлерин раўажландырыў ҳәм модернизациялаў;

санлы экономика тараўындағы жойбарлардың әмелге асырылыўын қаржыландырыў системасын жетилистириў.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәлимлемелерди қәлиплестириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў «Электрон ҳүкимет» системасының жаңа идентификаторларын қолланған ҳалда әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Электрон ҳүкиметтиң уйымлараралық мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлердиң бирден-бир реестрин (кейинги орынларда – Бирден-бир реестр), сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларында қолланылыўы мәжбүрий болған «Электрон ҳүкимет» системасының бирден-бир идентификаторларын, мағлыўматлар ҳәм классификациялардың дизимлерин (кейинги орынларда – дизимлер) енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Бирден-бир реестрге уйымлараралық интеграцияласқан мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәплери жолында ислеп шығылатуғын басқа да программалық өнимлер киргизилетуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң Бирден-бир реестрине киргизилген уйымлараралық интеграцияласқан мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары ҳәм басқа да программалық өнимлерди енгизиўи және олардан нәтийжели пайдаланыўы шәрт екенлиги белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзкомқадағалаў» мәмлекетлик инспекциясы, Киберқәўипсизлик орайы еки ай мүддетте Бирден-бир реестр ҳәм дизимлерди қәлиплестириў менен жүргизиў тәртиби ҳаққындағы нызам жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда реестр ҳәм дизимлердиң актуал версияларын «Электрон ҳүкимет» системасына усыныў ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер көрсетип өтилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети илим ҳәм мәрипат, мәлимлеме технологиялары, мийнет қатнасықлары ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын зәрүр болған мәлимлемелерди алыў имканияты тийкарсыз түрде шеклениўине жол қоймаў мақсетинде, сондай-ақ, халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда 2020-жыл 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик сыр деп есапланған мағлыўматлар дизимин қайта көрип шығыў ҳәм кейин ала оны қупыялылықтан шығарыў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханалары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының структурасында парламентаризмди раўажландырыў бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми оқыў орайын шөлкемлестириў мәселеси ислеп шығылған болып, ол төмендеги мақсетлерге бағдарланғаны:

сырт мәмлекетлердиң парламентлери ҳәм басқа да мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте депутатлық корпусы ҳәм сенаторлар ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары қәнигелериниң көнликпелери, маманлығы ҳәм потенциалын арттырыў бойынша оқыў бағдарламаларын әмелге асыратуғыны;

нызам дөретиўшилиги, парламент қадағалаўы, пуқаралардың мәплерин сәўлелендириў ҳәм халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди жолға қойыў, нызам ҳүжжетлериниң тәртипке салыў тәсирин баҳалаў, нормативлик-ҳуқықый жақтан тәртипке салыў жүгин оптималластыратуғыны;

тийисли бағдарлар бойынша Өзбекстан Республикасының ишинде ҳәм оның сыртында аралықтан оқытыў ушын билимлендириў модуллери ҳәм бағдарламаларын өз ишине алған ҳәм «Электрон парламент» системасы менен интеграцияласқан «онлайн» система жарататуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Оқыў орайының жумыс алып барыўы, билим алыўшылар ҳәм сырт мәмлекетлер экспертлериниң мәмлекетте болыўына байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, халықаралық шөлкемлер ҳәм донорлардың қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын 2020-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде белгиленген тәртипте финанслық қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин, 2021-жылдан болса ҳәр жылы бюджет қаржыларының ажыратылыўын нәзерде тутсын.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына усы институтты реформалаўдың ҳәзирги басқышын есапқа алған ҳалда, оның жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы қоспа қарар қабыл етиў усыныс етилсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисинде Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына талабан көрип шығылып атырғанда ҳәм тастыйықланып атырғанда Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетте ҳәм узақ келешекке мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасы усыныс етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр шеректе тийисли жыл ушын Мәмлекетлик бағдарлама менен үзликсиз байланыста Ҳәрекетлер бағдарламасының министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлардың кесиминде орынланыў жағдайын өз мәжилислеринде сын көзқарастан додалап барсын.

Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте сырт мәмлекетлер менен 2020-жылы саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-ағартыўшылық, мәдений-гуманитарлық ҳәм сиясий тараўларда, сондай-ақ, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм арнаўлы қолайлы режимлер усыныўды нәзерде тутатуғын анық илажлар бойынша усынысларды киргизсин.
Тиккелей инвестицияларды, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, мәпдар уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық миссияларын жедел тартқан ҳалда дүнья жүзи мәмлекетлери менен көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның мәкемелери, жетекши халықаралық институтлар ҳәм финанс структуралары, сондай-ақ, регионаллық бирлеспелер менен узақ мүддетли шерикликти тереңлестириў бойынша анық усыныслар ҳәм әмелий илажларды таярлаўды тәмийинлесин.
«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм «Тараққиёт стратегияси» орайының төмендегилерди әмелге асыратуғын «Халықаралық дебат клубы»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин;

жергиликли ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, реформаларды әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша жәмийетлик додалаўды өткериў ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин турақлы түрде баҳалап барыў системасын жолға қойыў мақсетинде халық ҳәм экспертлер арасында сораўлар ҳәм үйрениўлер өткерип барыў;

алға қойылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары бойынша олардың жәмийетшилик тәрепинен додалаўын есапқа алған ҳалда тийкарланған усынысларды ислеп шығыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң халық алдындағы есап бериўин арттырыў мақсетинде жәмийетлик тыңлаўды турақлы тәризде шөлкемлестириў.

«Халықаралық дебат клубы» «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети жанында шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм «Тараққиёт стратегияси» орайы менен биргеликте:

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда улыўмаластырыў ҳәм жуўмақларын анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген унамлы өзгерислерди сәўлелендирген ҳалда өз веб-сайтларында жайластырыў;

мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў;

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларды таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тартқатыўды тәмийинлесин.

Мәмлекетлик бағдарлама бәнтлерин избе-из ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын қадағалаў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлық, районлық, қалалық халық депутатлары Кеңеслери өз аймақларында Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў бойынша он күн мүддетте илажлардың режесин ислеп шығады ҳәм ҳәр айда өз мәжилислеринде додалап барады:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр айда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын Бас министр орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери жанында сын көзқарастан көрип шығады, ҳәр шеректе Ҳүкимет мәжилислеринде додалап барады ҳәм өз ўақтында және толық орынланбаған илажлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына тийисли илажлар көреди;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәр шеректе Бас министр ҳәм Ҳүкимет ағзаларының Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлап барады ҳәм бул бағдарда Ҳүкиметтиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усынысларды ислеп шығады;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Есап палатасы менен биргеликте ҳәр айда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалап барады ҳәм оның өз ўақтында және толық орынланыўын тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Халықаралық пресс-клуб, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы менен биргеликте:

усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен түсиндирилиўин:

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўматтың кең жәмийетшиликке жеделлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 2-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться