Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыўы ҳәм белгиленген хызмет мүддеттин өтеп болған әскерий хызметкерлерди қураллы күшлердиң резервине босатыў ҳаққында

2020-02-27 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

«Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық:

 1. Шақырылыў мүддеттин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары 2020-жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылсын.

Мүддетли әскерий хызметти өтеўге жарамлы және шықырылыў мүддеттин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ усы шақырыў ўақтында Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алынсын.

 2. Мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддеттин өтеп болған әскерий хызметкерлер 2020-жылдың март-апрель айларында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервине босатылсын.
 3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 26-февраль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться