Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында қандай жаңалықлар болыўы күтилмекте?
2020-02-27 | Технологиялар
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги “Халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында”ғы ПФ-5278-санлы Пәрманы қабыл етилди ҳәм усы пәрманға тийкар Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди.
Ҳәзирде Агентлик қурамындағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы «бир айна» принципи тийкарында 130 дан артық хызметлер усыныс етилмекте.
2017-жылы пуқараларға 7892 хызмет көрсетилген болса,
бул көрсеткиш 2018-жылы 365 866, ал өткен 2019-жылы болса 900 мыңға жақын хызметлер көрсетилди. Бул көрсеткишлер 2017-жылға салыстырғанда 112 есе, ал 2018-жылға салыстырғанда 2,5 есеге артты.
Мәмлекетлик хызметлер орайларында арнаўлы автотранспорт қураллары жәрдеминде мобиль мәмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылған болып, өткен жылы халқымызға 56 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көшпели түрде көрсетилиўи тәмийинленди.
Сондай-ақ, республикамыздың алыс аймақлары есапланған Қоңырат районы «Жаслық» ҳәм «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынларында арнаўлы шақапшалар шөлкемлестирилип, шақапшаларымыз тәрепинен 4 мыңнан аслам хызметлер көрсетилди.
Агентликке жүклетилген тийкарғы ўазыйпалардан келип шығып, артықша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды сапластырыў, сондай-ақ, мәкемелер аралық электрон бирге ислесиўди раўажландырыў есабынан мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртибин жетилистириў мақсетинде ең көп мүрәжат етилетуғын 36 түрдеги хызметлер бойынша ҳүжжетлер саны 112 ден 52 ҳүжжетке шекем кемейтилди, хызмет көрсетиў мүддетлери болса 280 күннен 126 күнге қысқартылды.
Өткен жылдың 1-июнь сәнесинен баслап пуқаралармыздың жасаў орны ҳәм шөлкемлердиң мәнзилине қарамастан, қәлеген орай арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жолға қойылды.
Мәселен, алдын Ташкент қаласына жоқары билимлендириў мәкемелерине Нөкис қаласында яки қәлеген басқа районда жасаўшы абитуриентлер ҳүжжет тапсырыўы ушын ўақтын ҳәм бир қанша қаржыларын жумсаўға мәжбүр болар еди. Енди болса абитуриентлер жасап турған аймақтағы қәлеген мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етип, тийисли ҳүжжетдерди тапсырыў имканияты жаратылды.
Бүгинги күнде Мойнақ, Шымбай, Әмиўдәрья, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларында мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа ҳәм замангөй имаратлары пайдаланыўға тапсырылған болса, усы жылда бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип жаңадан жаңа орай имаратларын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Усы орында еслетип өтиўимиз керек, Мәмлекетлик хызметлер орайларының жумыс ўақты 18:00 ден 20:00 ге шекем узайтылды. Районлар орайынан узақ аймақларда жайласқан аўыллар халқы ушын қолайлық жаратыў мақсетинде 2 мәмлекетлик хызметлер орайларының шақапшалары шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы белгилеп бергениндей, халқымызға қолайлықларды және де көбейтиў мақсетинде ҳәм «бир айна» принципи толық ислеўи ушын барлық мәмлекетлик хызметлер, ондағы мағлыўматлар толық электрон ҳәм санлы көринисине өткерилиўи лазым.
Тилекке қарсы бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши 80 мәмлекетлик уйымлардан тек ғана 27 Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен өз ара интеграция қылынған.
Айырым ўәкилликли органлар өзиниң электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестирмеген. Нәтийжеде усындай мағлыўматлар алмасыў жолға қойылмағанлығы себепли айырым ўәкилликли органлар тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүддетлери бузылыўына жол қойылмақта.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши ўәкилликли органлар тәрепинен 2019-жыл даўамында 7 мыңнан аслам нызамбузыўшылық жағдайларына жол қойылды.
Бул нызамбузыўшылық бойынша Агентликтиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен 33 ўәкилликли органға нызам бузыўшылықларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизилип, рәсмий түрде 81 лаўазымлы тәреп ескертилди.
Соның менен бирге, 20 жуўаплы хызметкер интизамий жуўапкершиликке тартылған болса, 164 лаўазымлы тәрепке ҳәкимшилик жәрийма жаза шаралары қолланылды.
Тийкарынан кадастр ҳәм қурылыс бөлимлери, электр, газ, суў тармақлары кәрханалары тәрепинен нызамбузыўшылықларға жол қойылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы халқымызға және де қолайлық жаратыў ушын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде сырт ел тәжирийбесин қоллаған ҳалда пуқара мүрәжат етпесе де бир қатар керекли хызмет түрлерин усыныс етиў мүмкиншилигин жаратыў кереклигин, атап айтқанда, перзент туўылыўы менен оған туўылғанлықты дизимге алыў, напақа белгилеў, жасаў орнына дизимге ҳәм медицина мәкемесине есапқа қойыў, балалар бақшасына нәўбетке қойыў бойынша хызметлер биргеликте усыныс етилсе, ата-аналарға жүдә қолайлы болатуғынлығы көрсетилген еди.
Пуқаралардың аўырын жеңил етиў, зәрүр шараят ҳәм қолайлықлар жаратыў мақсетинде, «Халық мәмлекетлик мәкемелерге емес, мәмлекетлик мәкемелер халқымызға хызмет етиўи керек» деген идеяның әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм «бир айна» принципи толық ислеўи ушын барлық мәмлекетлик хызметлер, ондағы мағлыўматлар толық электрон және санлы көринисине өткерилиўи лазым.
Көрсетилген талаплардан келип шығып, усы жылдың 31-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-5930-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қойыўдың автоматластырылған системасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигине өткерилип, агентликке усы системаны жүргизиў және оны Юридикалық тәреплердиң орайлық мағлыўматлар базасы менен интеграциялаў ҳәм мәкемелер аралық бирге ислесиўди тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилди.
Буннан басқа, 2020-жыл 1-апрель сәнесинен Ташкент қаласында тек ғана Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм мәмлекетлик, сондай-ақ, хожалық басқарыўы органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының рәсмий веб-сайтлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими тастыйықланды.
Қалалар, посёлкалар ҳәм аўыллардағы мәҳәллелерде юридикалық тәреп шөлкемлестирместен Мәмлекетлик хызметлер орайлары филиаллары басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Филиаллардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға кең көлемли, соның ишинде мобиль (көшпели) мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў есапланады. Филиаллар мәкан пуқаралар жыйыны имаратларында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында орналастырылады.
Бүгинги күнде халқымыздың 75 проценти интернетке мобиль қурылмалар арқалы кириў имканиятына ийе екенлигин инабатқа алып, 2020-жыл 1-май сәнесине шекем талап ең жоқары болған электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша қәнигелестирилген мобиль версиясын енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында енгизилип атырған өзгерислер пуқараларымызға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў мүмкиншиликлерин еле де кеңейтиў, хызметлер көрсетиў сапасы ҳәм тезлигин арттырыўға имканият жаратыўы сөзсиз.
Е.Досанов,
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары.