Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Наўайы кән-металлургия комбинаты заманагөй компанияға айландырылады

2020-02-26 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасын реформалаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бул комплекс мәмлекетимиздеги ең ири санаат кәрханасы болып есапланады. Бул жерде алтын, уран, баҳалы металлар, қурылыс ҳәм үскене қурылысы санааты ушын зәрүр өнимлер, кең түрдеги халық тутыныў товарлары ислеп шығарылады. Комбинат елимиздеги жәми санаат өниминиң 10 процентин ҳәм бюджет дәраматының 18 процентин тәмийинлейди. Онда 54 мыңнан аслам хызметкер жумыс ислейди.

Наўайы кән-металлургия комбинаты шийки зат ресурсларының көлеми бойынша дүнья жүзиндеги алтын ислеп шығарыўшылар арасында үшинши орында турады. Бирақ активлериниң баҳасы сырт ел компанияларына салыстырғанда бираз аз. Мәселен, ҳәзирги күнде комбинаттың баланс баҳасы 1,3 миллиард доллар болса, усы дәрежедеги сырт ел кәрханаларының базар баҳасы 11 миллиард долларды қурайды.

Сол себепли НКМКты заманагөй компанияға айландырыў мақсет етилген. Мәмлекетимиз тәрепинен бул бағдарда комплексли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, Наўайы кән-металлургия комбинатын 2026-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде 2017-2019-жылларда 1,2 миллиард доллар қаржы есесине 8 объект иске қосылған. Нәтийжеде соңғы үш жылда алтын ислеп шығарыў көлеми 2,5 процент, гүмис алыў 37 процентке артқан.

Өткен айда Олий Мажлиске жолланған Мүрәжатта Президентимиз Наўайы кән-металлургия ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатлары сыяқлы ири санаат кәрханаларында жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен бирге, усы кәрханаларды халықаралық финанс базарының толық түрде қатнасыўшысына айландырыў керек екенлигин атап өткен еди.

Мәжилисте бул бағдардағы реже ҳәм илажлар көрип шығылды. Наўайы кән-металлургия комбинатының структуралық дүзилисин жетилистириў, корпоратив ашық-айдынлықты енгизиў, есап-санақларды халықаралық стандартларға өткериў мәселелери додаланды.

2026-жылға шекем кәрханада өндирис көлемин 94 тоннаға жеткериў, оның ушын 4 миллиард долларлық 40 жойбарды әмелге асырыў керек екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, жойбар баҳасы 525 миллион доллар болған жаңа кәнди өзлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Комбинаттың бүгинги күндеги 3,7 мың тонна алтын резерви халықаралық стандартлар тийкарында баҳаланып, кәрхана балансында сәўлелендирилиўи зәрүр екенлиги белгиленди.

Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети ҳәм Қаржы министрлигине резервлерди баҳалаў жумыслары ҳәм финанслық есабатларды халықаралық нормаларға өткериў ўазыйпасы қойылды. Кәнлер резерви ҳәм азайыўы ҳаққындағы есабатлар, қазып алыў жойбарлары бойынша мағлыўматларды Австралия кодекси (JORC Code) тийкарында таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Наўайы кән-металлургия комбинатының корпоратив еврооблигацияларын шығарыў мәселесине тоқтап өтилди.

Кәрхана басшысы ҳәм министрлер жоқарыдағы ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша есабат берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться