Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Қазақстан Бас министрин қабыл етти
2020-02-25 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-февраль күни екинши Өзбекстан – Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде мәмлекетимизге келген Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Маминди қабыл етти.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы қатнасықлардың раўажланыў пәти барған сайын артып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге, еки тәреплеме бирге ислесиўди анық мазмун менен байытыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Асқар Мамин Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми менен жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда, дәслеп, саўда-экономика, инвестиция, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм аграр тармақларда, билимлендириў, мәденият тараўлары ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Товар алмасыўдағы жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетлеримиздеги жетекши компаниялардың қатнасыўында кооперация ҳәм инфраструктураны раўажландырыў жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қоспа бағдарламалар тийкарында гуманитар ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў соңыңда кең көлемли Өзбекстан – Қазақстан шериклиги шеңберинде жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў бойынша «жол картасы»н таярлаўға келисип алынды
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги