Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Венгрия делегациясын қабыл етти

2020-02-18 | Сиясат

18-февраль күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў ушын әмелий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Венгрияның сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министри Петер Сийярто басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы дәстүрий дослық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықлары кейинги жылларда избе-из раўажланып баратырғанлығын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түрли дәрежеде нәтийжели сөйлесиўлер жолға қойылды. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми өткен жылдың жуўмақларына бола 45 процентке артты. Аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўындағы алмасыўлар кеңеймекте.

Петер Сийярто қызғын қабыллағаны ушын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирип, Венгрияның Бас министри Виктор  Орбанның ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм регионналық, соның ишинде, Европа Аўқамы менен сөйлесиў форматындағы шерикликтиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Венгрияның жетекши компанияларының алдынғы тәжирийбесин ҳәм заманагөй технологияларын енгизген ҳалда қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў және оларды қаржыландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Аймақлараралық байланысларды раўажландырыў, банк, транспорт тараўларына байланыслы бағдарламаларды әмелге асырыў, жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў перспективалары додаланды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси де көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться