Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президентине миннетдаршылық

2020-02-18 | Сиясат

Қытай халқына кеўил билдиргени ҳәм көрсетилген жәрдем ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирилди

Қытай халқына кеўил билдиргени ҳәм көрсетилген жәрдем ушын Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық хатын жоллады. Онда былай делинеди:

«Ҳүрметли Президент!

Қытайдың коронавирус тарқалыўына қарсы алып барып атырған гүреси мүнәсибети менен жоллаған кеўил билдириўиңиз ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Қай жерде апат жүз берсе, ҳәр жақтан жәрдемге асығады, дегениндей, дүнья жәмийетшилиги, соның ишинде, Өзбекстан Қытай ҳүкимети ҳәм халқы менен бирге екенин билдирди ҳәм түрли көринисте қоллап-қуўатлады. Бул бизге болған дослық қатнасықларын толық көрсетти.

Қытай эпидемияны сапластырыў және қадағалаўға алыў бойынша табысқа ерисетуғынына исеними кәмил ҳәм буған уқыплы. Сондай-ақ, пүткил дүньяда денсаўлықты сақлаў жумысына үлес қосыў жолында халықаралық жәмийетшилик пенен бирге ислесиўге таяр.

Мен Қытай ҳәм Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып келмектемен және Сиз бенен буннан кейин де жақын қарым-қатнасты даўам еттириўге таярман.

Сизге беккем денсаўлық, жумысыңызда табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

 

Қытай Халық Республикасы Баслығы

Си Цзиньпин».

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться