Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Лицензиялар ҳәм рухсатнамалар бериў тәртиби түп-тийкарынан жетилистириледи
2020-02-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-февраль күни исбилерменлик жумысында лицензиялаў ҳәм рухсатнамалар бериў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске жақында жоллаған Мүрәжатында исбилерменлик жумысында лицензиялаў тәртибин қайта көрип шығыў ҳәм жақсылаў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында лицензия ҳәм рухсатнамалардың түрин қысқартыў, оларды бериў тәртибин әпиўайыластырыў ҳәм тийисли талаплардың орынланыўын мониторинг етиўдиң ашық-айдын механизмлерин ислеп шығыў бүгинги күнниң талабы болып есапланады.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Бизнес-омбудсман қурамында арнаўлы Жумысшы топар дүзилген.
Мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев усы Жумысшы топардың жумысын шөлкемлестириўдеги тийкарғы бағдарларды белгилеп берди.
Бәринен бурын, инсан саламатлығына ҳәм жәмийетке зыян келтирмейтуғын жумыс түрлери лицензиялаўдан шығарып тасланыўы кереклиги атап өтилди. Мәселен, оқыў орайларындағы оқытыў процеси пуқаралардың өмирине ҳәм денсаўлығына зыян келтирмесе де лицензияланады.
Соның менен бирге, айырым лицензия шәртлери тараўда бәсекини де шеклемекте. Атап айтқанда, кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматларды тарқатыў менен бирден-бир кредит бюросы шуғыллланып, базарға басқа исбилерменлердиң кириўине дерлик имканият қалмайды. Кредит бюросын ашыў ушын кеминде 10 коммерциялық банктиң келимсимин алыў талап етиледи. Бар 30 банктен 26 сы усы бирден-бир кредит бюросының шөлкемлестириўшиси есапланып, қалған 4 банк жаңа бюро шөлкемлестириўге келисим берген жағдайда да интакер лицензия ала алмайды.
Соның менен бир қатарда, исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдың альтернатив усылларын кеңнен енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Сырт ел тәжирийбесинде лицензиялаўдың орнына хабардар етиў, миннетлемени қамсызландырыў, өзин-өзи басқарыў, техникалық тәртипке салыў сыяқлы альтернатив усыллар бар. Мысал ушын, турақ жай объектлерин турақ жай емес сыпатында белгилеў ушын исбилермен өз алдына рухсатнама алыўы керек. Солай екен, бул ушын мәмлекетлик уйымлар хабардар етилсе жеткиликли болыўы мүмкин.
Тап усындай, риэлторлық, аудиторлық, суд басқарыўшылығы сыяқлы жумыс түрлери менен шуғылланыўшылардың жуўапкершилигин қамсызландырыў ямаса өзин-өзи басқарыў системаларына өткериў мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен Әдиллик ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери және Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине еки ай мүддетте исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдың альтернатив усылларын енгизиў ўазыйпасы жүкленди.
Мәмлекетимиз басшысы лицензия ҳәм рухсатнамалар бериў тәртибин ҳәм мүддетлерин де қайта көрип шығыў зәрүрлигин атап өтти.
Әдиллик министрлигине бир ай мүддетте лицензия ҳәм рухсатнама бериў мүддетлерин ҳәм төлемлерин үйренип шығып, олардың шәртлерин анық белгилеў бойынша тапсырма берилди.
Буннан тысқары, айырым жағдайларда исбилермен лицензия алыў ушын узақ ўақыт даўамында сергиздан болып, керекли ҳүжжетлерди топлап тапсырады, бирақ арзымаған себеплер менен оның арзасы қайтарылады.
Мәжилисте Президент Шакат Мирзиёев лицензиялаў процесине заманагөй технологияларды толық енгизиў зәрүрлигин атап өтти.
Лицензиялардың 79 проценти, рухсат бериўши ҳүжжетлердиң 80 проценти елеге шекем қағаз түринде берилмекте. «Лицензия» мәлимлеме системалары комплекси 2014-жылда шөлкемлестирилгенине қарамастан, бүгинги күнде бул портал дерлик жумыс ислемей атыр. Өткен жылы 4 мыңнан аслам лицензия «бир айна» принципине әмел етилмей берилген.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигине усы жыл 1-августқа шекем лицензия бериў менен байланыслы барлық процесслердиң толық автоматласқан бирден-бир электрон системасын иске түсириў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, лицензия талапларына әмел етиўди мониторинг етиўдиң жаңа, ашық-айдын системасын енгизиў зәррлигин атап өтти. Мәселен, өрт қадағалаў уйымлары өртке қарсы қуралларды орнатыўшылардың жумысын қадағалаўы керек болса да, бундай қадағалаў системасы әмелде жоқ.
Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында барлық лицензия талап етилетуғын жумыс түрлеринде автоматластырылған риск-анализ системасын ҳәм аралық қадағалаўды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Президентимиздиң атап өткениндей, тараўда коррупция ҳәм ҳәр қыйлы өз лаўазымынан пайдаланыўшылықтың алдын алыў мақсетинде жәмийетлик қадағалаў системасын енгизиў талап етиледи.
Мәжилисте жуўапкерлер алып барылып атырған жумыслар ҳәм ҳәр бир тармақ кесиминде қайсы лицензия ҳәм рухсатнамаларды қысқартыў мүмкин екенлиги ҳаққында мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги