Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шарўашылықты раўажландырыўда халықаралық бирге ислесиў
2020-02-12 | Экономика
Усы жыл 11-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында халықаралық агросанаат көргизбе-ярмаркасы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды ҳәм мийманларды әнжуманның ашылыўы менен қутлықлап, елимизде, соның ишинде республикамызда Президентимиздиң басшылығында шарўашылықты раўажландырыў, халқымызды арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў, тараўға сырт ел инвесторларын тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, ярмарканы өткериўден тийкарғы мақсет, сырт еллерден нәсилли малларды алып келиў, шарўа малларының нәсилин жақсылаў, олардың бас санын көбейтиў, шарўашылық өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеўде шет еллердиң заманагөй технологияларын енгизиў болып табылады.
Ҳақыйқатында да тез пәтлер менен раўажланып баратырған бүгинги дәўир, экономикамызда әҳмийетли орын ийелейтуғын шарўашылық тараўын буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың шарўашылық өнимлерине болған талабын қанаатландырыўды талап етпекте. Сонлықтан да, бул мәселениң әҳмийетин терең аңлаған ҳалда, Россия Федерациясы, Латвия, Германия, АҚШ, Венгрия, Греция, Швеция, Сербия ҳәм Италия сыяқлы мәмлекетлерден, елимиздиң бир қатар аймақларынан жүзге шамалас, Қарақалпақстан Республикасынан төрт жүзден аслам шарўашылық пенен шуғылланатуғын исбилерменлер қатнасты.
Соны да айтып өтиў керек, Қарақалпақстан өзиниң ықлым шараяты, кең жайлаў майданлары, тараўдағы маман қәнигелери менен ажыралып туратуғын аймақлардан есапланады. Сонлықтан да Президентимиз тәрепинен үлкемизде шарўашылықты раўажландырыў бойынша қабыл еткен қарар ҳәм бағдарламалары тараўды раўажландырыўда жаңа дәўирди баслап бермекте. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында шарўашылыққа қәнигелестирилген Қоңырат, Бозатаў, Тахтакөпир ҳәм Мойнақ районларында быйылғы жылы жәми 277 миллиард сумлық 210 жойбарды әмелге асырыў белгилеп алынды. Соннан 95 жойбарды әмелге асырыў ушын 21 мың гектар жер майданы ажыратылып берилген болса, 13 жойбар тийкарында шарўашылық комплекслериниң қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Қоңырат районында Шарўашылық кооперациясы – Қарақалпақстан тәжирийбеси тийкарында шарўашылық тараўындағы ең ири комплекстиң қурылысы басланды. Бул кооперация республикадағы бирден-бир ири комплекс болып табылады. Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў жумыслары Мойнақ, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында да әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Бозатаў районында «Bozataw simmental», «Agro biznes Bozataw», Мойнақ районында «Мойнақ шарўашылық кластери» ЖШЖ, Тахтакөпир районында «Сейт шарўа» фермер хожалығы тәрепинен шарўашылық комплекслери қурылмақта. Бүгинги күнде 210 жойбарға қосымша баҳасы 32 миллиард 6 миллион сумлық 2 мың 213 бас қарамал сатып алыў бойынша 61 жойбар үстинде жумыслар алып барылмақта. Бул интакерлерди техника менен тәмийинлеў мақсетинде «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы тәрепинен 2020-жылда жәми 316 аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериў белгиленип, бир ай даўамында 43 техникаға шәртнама дүзилди.
Соның менен бирге, Президентимиздиң усы жыл 29-январьдағы «Шарўашылық тармағын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарар тийкарында 2020-2022-жылларда шарўашылық хожалықларын раўажландырыў мақсетинде сырт еллерден алып келинген ҳәр бир бас нәсилли қарамал ушын 2 миллион сумнан, жергиликли нәсилшилик хожалықларынан сатып алынған ҳәр бир бас нәсилли қарамал ушын 1 миллион сумнан, соның менен бирге, «Балиқсаноат», «Паррандасаноат» ассоциацияларына ағза болған хожалықларға да cубсидиялар берилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Шарўашылық ассоциациясы тәрепинен биринши мәрте шөлкемлестирилген көргизбе-ярмаркада, сондай-ақ, халықаралық Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығының биринши орынбасары Ш.Жаббаров, Мәмлекетлик-коммерциялық «Халқ банки» басқарма баслығы Ф.Саломов, Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығының орынбасары А.Абдикаримов шығып сөйлеп, қарар тийкарында берилип аттырған жеңилликлерге, өткерилип атырған илаждың мақсет ўазыйпаларына, оннан күтилип отырған нәтийжелерге тоқтап өтти.
Буннан кейин сырт ел компаниялары менен жергиликли ислеп шығарыўшылар өнимлериниң презентациясы болып өтти. Сондай-ақ, мийманлар республикамыздағы шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилип атырған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.
Ярмарка соңында Венгрия, Россия Федерациясы, Австрия компаниялары ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар менен нәсилли шарўа қарамаллары, шарўашылық өнимлерин қайта ислейтуғын үскенелер сатып алыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды ҳәм бир қатар шәртнамалар дүзилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшылары.