Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Биринши Президентимиздиң естелигине ҳүрмет көрсетти
2020-01-30 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойды.
Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов ғәрезсиз Өзбекстанға тийкар салған, халқымыздың ҳүрметине ерискен, халықаралық көлемде тән алынған мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер еди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң итибары ҳәм тийисли қарары менен оның естелиги мәнгилестирилди, ҳүрмети орнына қойылды. Биринши Президентимиз туўалған 30-январь күнин белгилеў жақсы дәстүрге айланды.
«Бул күнди мүнәсип өткериў бизиң өз тарийхымызға, ғәрезсизлигимизге болған ҳүрметимизди, халық, миллет сыпатындағы мәдениятымыз ҳәм дәрежемизди көрсетеди» деген еди мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев.
Қуран оқылды. Ислам Кәримовтың көп қырлы жумысы, инсаныйлық пазыйлетлери еске алынды.
Гүл қойыў мәресиминде Президент Администрациясы, парламент палаталары ҳәм ҳүкиметтиң ағзалары, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, зиялылар, қала жәмийетшилиги қатнасты.
Биринши Президентимиздиң Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүллер қойылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги