Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Исбилерменлердиң ҳәр бир мүрәжаты итибарда
2020-01-28 | Экономика
Нөкис қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасына өткен жыл даўамында 249 мәселе бойынша 184 мүрәжат келип түскен ҳәм тийисли тәртипте орынлаўға алынған. Соннан 101 мәселе қанаатландырылып, 139 мәселе бойынша түсиник берилди.
-Мүрәжатларды таллап көргенимизде, 24 мүрәжат жер, кадастр, архитектура, 68 мүрәжат банк, қаржы ҳәм кредит,12 мүрәжат салық, 27 мүрәжат бажыхана, инфраструктура, 15 мүрәжат лицензия ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, 18 мүрәжат лаўазымлы шахслардың ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) ҳәм 85 мүрәжат басқа мәселелерден ибарат,-дейди қабыллаўхана баслығы Әжинияз Қайратдинов.-Соның менен бирге, жыл даўамында 10 мәрте көшпели қабыллаў өткерилди.
Атап айтқанда, «NOKIS ARQA-BATIS TRANS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Б.Пирниязовтың қабыллаўханаға жоллаған мүрәжатында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёвтың 2019-жыл 20-21-август күнлери республикамызға сапары ўақтында берилген тапсырмасы ҳәм кеңейтилген мәжилис протоколы тийкарында тастыйықланған бағдарламаға муўапық Нөкис-Ақтаў ҳәм Нөкис-Атыраў (Қазақстан) жөнелислери бойынша автобус қатнаўын жолға қойыў мәселеси де киргизилди.
Усы мақсетте «Ҳамкорбанк» акционерлик-коммерциялық банкиниң Нөкис филиалынан 420 мың АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратыў белгиленген еди. Кәрхана басшысы өткен жылы 16-май күни банкке хат пенен мүрәжат еткен. Бирақ, банктен тийисли жуўап болмағаннан кейин, кредит алыўда жәрдем сорап қабыллаўханаға мүрәжат еткен. Бул мәселе үйренип шығылды ҳәм тийисли жәрдем берилди.
Сондай-ақ, «Тақыятас көмир инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Т.Халмуратов райондағы киши санат зонасы аймағындағы жәми 3,6 гектар жер майданына ийе 3-лоттың қайтадан саўдаға шығарылыўына жәрдем сорап, өткен жылдың 24-октябрь күни қабыллаўханаға мүрәжат еткен. Оның мүрәжаты қабыллаўхана тәрепинен үйренип шығылды ҳәм қайта саўдаға қойылды.
Буннан тысқары, Нөкис қаласындағы «JANA QADEM» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Қытайдан алып келинген үскенелерин бажыхана тексериўинен өткериў, «NUKUS ALGA QURILIS MONTAJ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 18 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жылытыў системасын орнатыўда таңлаў (тендер) саўдасын өткериў, «IBRAXIM SULAIMAN» шаңарақлық кәрханасы тәрепинен қурып питкерилген ыссыханаға газ тартып бериў бойынша мүрәжатлары да ҳәкимлик, тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренип шығылды ҳәм унамлы шешимин тапты.
Быйылғы жылдың өткен дәўиринде қабыллаўханаға 21 мүрәжат келип түскен ҳәм тийисли тәртипте орынлаўға алынды. Соннан 3 мәселе қанаатландырылды, 8 мәселе бойынша түсиник берилди, 8 мәселе тийисли орынларға жиберилди. Атап айтқанда, «NOKIS TAZALIQ TRANS» ҳәм «MAXSUS DIZ TOZALASH» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына абаданластырылыўы белгиленген аймақларды қайта саўдаға шығарыў бойынша мүрәжатлары унамлы шешилди.