Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Медицина ҳәм илим тараўларында әҳмийетли мәселелер талланып, қосымша ўазыйпалар белгиленди
2020-01-27 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-январь күни денсаўлықты сақлаў тараўын ҳәм илим бағдарларын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Кейинги жылларда медицина тараўының бирлемши, тез медициналық ҳәм қәнигелескен жәрдем буўынларында әҳмийетли реформалар әмелге асырылды. Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 7-декабрьдеги пәрманына муўапық, 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы тастыйықланды.
Кеселликти профилактикалаў ушын врачлық пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың хызметкерлери үйме-үй жүрип, халықты патронаж бенен қамтып алыўы, аймақлық емлеўханалар менен мағлыўмат алмасыўының толық жолға қойылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Онда медицина мәдениятын арттырыў, денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратыў кереклиги атап өтилди.
Мәжилисте медицина системасын алдынғы сырт ел стандартлары тийкарында шөлкемлестириў, халықтың денсаўлықты сақлаў хызметлеринен пайдаланыўын және де кеңейтиўге қаратылған илажлар додаланды.
16 қәнигелескен орай кеселликлердиң көрсеткишин таллаған ҳалда, олардың алдын алыў илажларын көриўи, өз жумысын аймақларда шөлкемлестирип, бирлемши система менен биргеликте ислеўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Усы орайларды буннан былай да раўажландырыў ушын жеке меншик ҳәм сырт ел инвестицияларын бағдарлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аналық ҳәм балалықты қорғаў хызметин және де жақсылаў, туўыў жасындағы ҳаяллардың медициналық тексериўин системалы шөлкемлестириў, кеселликке дуўшар болғанларды саламатландырыў бойынша анық ис реже ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Усы жерде Ташкент қаласы тез медициналық жәрдем хызметиниң шақырықларын автоматикалық тәризде қабыл етиў ҳәм орынлаў бойынша толық санластырылғанын ҳәм 150 арнаўлы «Форд» автомобильлери менен тәмийинленгенин атап өтиў керек.
Мәмлекетимиз басшысы усы системаны 2020-2021-жылларда елимиздиң барлық аймақларына басқышпа-басқыш енгизиў, тез медициналық жәрдем хызметин күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Медицина мәкемелерин оңлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерине де итибар қаратылды. Инвестициялық бағдарламаға муўапық, медицина мәкемелерин үскенелеў ушын усы жылы халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте тараўда кадрлар тәмийнаты, қәнигелиги ҳәм потенциалы сынға алынды. Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў системасында 75 мың врач жумыс алып бармақта. 2 мың 900 улыўма әмелият шыпакери, 10 мың тар қәниге жетиспейди. Илимий излениў нәтийжелерин турмысқа енгизиў 5 проценттен де артпайды.
Президентимиз қәнигелерди мәмлекетлик буйыртпа тийкарында мәнзилли таярлаў, мақсетли квоталарды район, аўыл ҳәм жумыс орны көрсетилген ҳалда қәлиплестириў зәрүрлигин атап өтти.
Медицинада илимди раўажландырыў, илимий излениўлердиң тийкарғы бағдарларын қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Бизге белгили, 2020-жыл Өзбекстанда Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы деп жәрияланды. Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында ҳәр жылы илимниң бир неше тийкарғы бағдарын раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Атап айтқанда, усы жылы математика, химия-биология, геология сыяқлы бағдарларда фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер жеделлестирилип, илимпазларға барлық шараят жаратып бериледи. Сондай-ақ, илим тараўында фундаменталлық ҳәм инновациялық изертлеўлер ушын мақсетли грант қаржыларын ажыратыў механизми түп-тийкарынан қайта көрип шығылады.
Мәжилисте жуўапкерлерге бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў, түпкиликли реформаларды мектеп билимлендириўинен баслап илимий изертлеў мәкемелерине шекем қамтып алыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы илимниң белгиленген тараўларына ҳәм материаллық, ҳәм руўхый итибарды күшейтиў керек екенлигин айрықша атап өтти.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги