Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
2020-01-21 | Сиясат
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли депутатлар!
Қәдирли мәжилис қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, сизлерди халқымыздың исенимине ерисип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты деген жоқары мәртебеге ийе болғаныңыз бенен қызғын қутлықлайман.
Парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге өткерилген сайлаўлар, Өзбекстанымыз ушын үлкен сиясий имтихан болды. Халқымыз бул сынақтан жарқын жүз бенен өтти, десек қәтелеспеген боламыз.
Тәбийғый сораў туўылады, бул сайлаўлардың тийкарғы өзгешеликлери бәринен бурын нелерде көринди?
Бириншиден, сайлаўлар халқымыздың ой-пикири, сиясий билими ҳәм мәденияты артып, жәмийетимизде демократиялық принциплер жедел қәдемлер менен терең қәлиплесип атырғанын айқын көрсетти. Усы сайлаўлар халықаралық талап ҳәм стандартларға толық жуўап беретуғын жаңа Сайлаў кодекси тийкарында, «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткени бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Бизлердиң әмелиятымызда биринши рет сайлаў процесслерин басқарыў бойынша автоматластырылған система ҳәм сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими енгизилди. Пуқаралардың сайлаўда қатнасыўына байланыслы конституциялық ҳуқықын тәмийинлеў мақсетинде еркинен айырылған, бирақ аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислемеген қамақтағыларға биринши рет даўыс бериў имканияты жаратылды.
Ең әҳмийетлиси, сайлаўлар ашық-айдынлық ҳәм ҳадаллық принципи тийкарында ҳәм кескин гүреслер менен өткерилди. Оларды 70 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшы ҳәм 10 халықаралық шөлкем, 50 ге шамалас сырт мәмлекеттиң 825 бақлаўшысы, халықаралық ҳәм мәмлекетимиз ғалаба хабар қуралларының 1 мың 155 ўәкили бақлап барды.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Қызғын сиясий гүреслер менен өткен сайлаўлардың нәтийжесинде жаңа парламент төменги палатасы депутатларының қурамы қәлиплести. Олардың 48 ин ҳаял-қызлар, 9 ын жаслар қурамақта. Бул – жас әўлад ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барып атырған реформаларымыздың нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Сизлердиң араңызда алдынғы шақырық парламентимизде нәтийжели жумыс алып барған, халықтың арасында танылған, сайлаўшылар және бир мәрте исеним билдирген тәжирийбели 39 депутатымыздың да бар екенлиги айрықша әҳмийетке ийе.
Пурсаттан пайдаланып, Нызамшылық палатасының алдынғы қурамында жумыс алып барған, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын әҳмийетли нызамлар қабыл етиўге үлес қосқан барлық депутатларымызға миннетдаршылық билдирип, оларға беккем денсаўлық, жаңа табыслар тилеўге рухсат еткейсиз.
Бүгин усы залда отырған сиз, ҳүрметли депутатлардың айырымларын жеке таныйман. Көпшилигиңизди болса телевидение, ғалаба хабар қуралларындағы шығыўларыңыз арқалы жақсы билемен. Сизлер парламентимиз турмысына әлбетте жаңа руўх ҳәм мазмун алып киресизлер, деп исенемен.
Әзийз дослар!
Бизге белгили, болып өткен сайлаўда бес партиядан көрсетилген талабанлар саламат сиясий бәсеки орталығында гүрес алып барды. Жанлы телеэфирдеги дебатларда партиялар тәрепинен басқа партиялардың бағдарламасы қатаң талланды, ашық-айдын сынға алыўлар да болды, әҳмийетли мәселелер бойынша қарама-қарсы көзқараслар алға қойылды.
Өзлериңиз айтың, алдынғы Парламентлик сайлаўларда мине усындай сиясий процессти – жетискенликти жетискенлик, кемшиликти кемшилик деп ашық-айдын айта алатуғын орталықты көз алдымызға келтире алатуғын ба едик?
Соның менен бирге, тән алыў керек, сайлаў процесинде партиялар тәрепинен терең тийкарланбаған айырым усыныслар да билдирилди. Олар пуқаралардың ҳақылы қарама-қарсылықларына себеп болғаны тәбийғый.
Депутатлыққа талабанлардың орынларда сайлаўшылар менен болып өткен ушырасыўларында, ғалаба хабар қуралларында билдирген, социаллық әҳмийетке ийе пикир-усыныслар, көтерилген сораў ҳәм машқалалар – булардың ҳәммеси, әлбетте, итибарға ылайық. Олар парламент ҳәм ҳүкимет ушын келеси бес жыллық жумыс бағдарламасына айланыўы керек.
Бул сайлаўлар халықтың сиясий белсендилигин арттырып, халқымыздың партияларға болған исеними менен бирге, талапшаңлығын да күшейткенин атап өтиў керек. Бул, өз гезегинде, талабанлардың дәрежесин арттырыў ҳәм сайлаўшылар менен системалы жумыс алып барыў бойынша партиялар алдында шешимин күтип атырған бир қатар мәселелердиң бар екенлигин көрсетеди.
Еҳ әҳмийетлиси, партиялар арасындағы сиясий бәсеки жасалма абырай арттырыўға емес, ал халқымыздың мәплерине хызмет етиўи зәрүр. Бул ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек.
Бизге белгили, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўларда сиясий партиялар тәрепинен жәмийетимиздеги әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша көплеген ўәделер берилди. Халқымыз мине усы ўәделердиң әмелде орынланыўын күтпекте.
Ҳәр бир депутат бес жыл даўамында өз сөзиниң үстинен толық шығыўы, партиясының абырайын сақлаўы ушын бүгиннен баслап қатаң ҳәрекет баслаўы керек. Сизлер өз алдына «Жол картасын» дүзип, сайлаў ўақтында билдирген барлық басламаларыңызды бир пүтин системаға салып, жумысты пуқта шөлкемлестирсеңиз, бул халқымызға ҳәм сайлаўшыларыңызға оғада қолайлы болады, деп ойлайман.
Енди «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар – жаңа парламент» деген баслы идея әҳмийетли ўазыйпа сыпатында күн тәртибине қойылмақта.
Сиясий партиялардың төменги палатадағы фракциялары өзлериниң келешектеги режелерин анық белгилеп алады ҳәм оларды толық әмелге асырады, деп исенемен.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Сайлаў нәтийжелериниң талланыўы сайлаў кампаниясы дәўиринде айырым кемшиликлерге жол қойылғанын да көрсетти. Мәселен, Ташкент қаласында сайлаўшылардың қатнасыўы басқа аймақларға салыстырғанда төмен екенлиги бақланды. Бул болса, көпшилик ири қалалардың халқына тән тенденция болып есапланады. Соның менен бирге бул жағдай сиясий партиялар сайлаўшылар менен жетерли жумыс алып бармай атырғаны, олардың идея ҳәм бағдарламалары электораттың ишине толық кирип бармай атырғанынан да дәрек береди.
Тилекке қарсы, бир адам тәрепинен бир неше сайлаўшының орнына даўыс бериўге урыныў жағдайлары аз болса да ушырасты. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими системасы менен ислесиўде де кемшиликлер көзге тасланды.
Белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери Теодор Рузвельт айтқанындай, «Тек ҳеш қандай жумыс ислемейтуғын адам ғана қәтелеспеўи мүмкин. Қәтелесиўден қорқыў керек емес, ал мине усы қәтени қайталаўдан қорқыў керек».
Соның ушын жаңа сайланған депутатларымыз ҳәзир ғана айтылған машқалаларды ҳәр тәреплеме таллап, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў үстинде ҳәзирден баслап қатаң ойлаўы керек. Бул, бир тәрепинен, олар ағза болған сиясий партиялардың жумысын күшейтиўге, екинши тәрептен болса, мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыўға хызмет етеди.
Әлбетте, сайлаў процесиндеги ҳәр бир нызам бузыў жағдайы бойынша ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен тийисли илажлар көрилди ҳәм көриледи. Соның менен бирге миллий системамызды шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый жақтан буннан былай да жетилистириў бойынша да зәрүр жумысларды әмелге асырыўымыз керек.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаў процесине байланыслы машқалаларды үйренип, усы жылы халықаралық экспертлердиң қатнасыўында форум өткериў ҳаққындағы усынысын толық қоллап-қуўатлаймыз. Соның менен бирге, парламент ағзалары да бул процессте белсене қатнасып, миллий сайлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт елли экспертлер, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте ҳәр жылы турақлы түрде ҳәр қыйлы форумлар өткерип барса, буннан жумысымызға тек ғана пайда болады, деп ойлайман.
Халықаралық бақлаўшылар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслардың талланыўы да сайлаў комиссиясы ағзалары ҳәм сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў керек екенлигин көрсетпекте. Мине усындай усынысларды есапқа алған ҳалда, Халықтың электорал мәдениятын арттырыў концепциясын ислеп шығыў зәрүр, деп есаплайман. Сондай-ақ, сырт елли бақлаўшылар тәрепинен билдирилген сайлаўды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиўге байланыслы усыныс бойынша парламент өз мүнәсибетин билдириўи керек.
Парламентке бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша комиссия дүзип, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди усыныс етемен. Бул комиссия халықаралық шөлкемлер ҳәм бақлаўшыларымыздың пикир-усынысларын терең үйренип, миллий нызамшылығымыз ҳәм сайлаў процесин жетилистириў бойынша анық ўазыйпаларды ислеп шығыўы керек.
Министрлер Кабинети ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими системасының нәтийжели ислесиўи ушын зәрүр илажларды көриў тапсырылады.
Пурсаттан пайдаланып, сайлаўларда қатнасқан барлық сайлаўшыларға, сайлаў участкалары ҳәм округлердиң ағзаларына, сийрек ушырасатуғын система – мәҳәллелердиң белсендилерине, ертеңги күнге бийпәрўа болмаған пуқараларымызға, пүткил халқымызға шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен. Сондай-ақ, халықаралық бақлаўшылар, жергиликли ҳәм сырт ел журналистлерине де терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли халық ўәкиллери!
Мине, ҳәзир ғана Сиясий партиялар ўәкиллери кеңесиниң усынысына тийкарланып Нызамшылық палатасының жаңа Спикери лаўазымына депутат Нурдинжон Муйдинхонович Исмоилов сайланды.
Бәринен бурын соны атап өтиў керек, бул басшы көп жыллар даўамында нызам дөретиўшилиги тараўында ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларында жумыс алып барған. Жетерли жумыс ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе. Ол адам миллий парламентимиз раўажланыўының дәслепки басқышларынан баслап оның раўажланыўына үлкен үлес қосқан басшылардан есапланады.
Спикердиң мийнет жолына нәзер аўдарсақ, ол мәмлекет ҳәм халықтың мәплерин тәмийинлеў жолында өзиниң бар билими ҳәм тәжирийбеси, күш-ғайратын жумсап киятырғанын көремиз.
Сондай-ақ, бүгин Нызамшылық палатасы Спикериниң жаңадан енгизилген биринши орынбасары лаўазымына депутат Акмал Холматович Саидов сайланды. Нызамшылық палатасында бул жаңа лаўазымды енгизиў ҳаққындағы қарар ўақтында ҳәм дурыс қабыл етилген деп есаплайман.
Ҳәзирги ўақытта жаңа парламент институты болған Спикердиң биринши орынбасары жумысының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат болыўы мақсетке муўапық болып есапланады.
Бәринен бурын, биринши орынбасар Нызамшылық палатасының халықаралық парламентлераралық шөлкемлер менен байланысларын раўажландырыў, сырт мәмлекетлер менен парламентлераралық топарлардың жумысын муўапықластырыў, Өзбекстанның жәҳән көлеминдеги абырай-мәртебесин арттырыўға жәрдемлесиў, парламентлераралық дипломатияны әмелге асырыўға жуўапкер болыўы керек.
Бизге белгили, Конституцияға муўапық, Нызамшылық палатасының ең әҳмийетли ўәкилликлеринен бири – бул халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ямаса денонсациялаў есапланады. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамалардың Ҳүкимет тәрепинен избе-из орынланыўын қадағалаў да Спикер биринши орынбасарының тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек.
Мәселен, Нызамшылық палатасы буннан былай Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаў бойынша министрлердиң есабатын тыңлаўды жолға қойыўы керек.
Және бир әҳмийетли мәселе – Өзбекстан инсан ҳуқықларына байланыслы 70 тен аслам халықаралық шәртнамаға қосылған. Усы бағдарда БМШтың устав уйымларында Ҳүкиметимиз турақлы түрде миллий есабатлар берип келмекте.
Инсан ҳуқықларын қорғаўда Нызамшылық палатасының ролин арттырыў, халықаралық шөлкемлердиң усыныслары орынланыўын шөлкемлестириў, «жол карталарын» ислеп шығыў ҳәм орынлаў да төменги палатаның дыққат орайында болыўы керек.
Бүгинги күнде жәҳән парламентаризминде алдынғы тәжирийбе болған, яғный мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў әмелияты халықаралық дәрежеде тән алынып атырғаны сизлерге жақсы белгили. Сол себепли, Спикердиң биринши орынбасары тәрепинен усы атамадағы Парламент комиссиясы жумысының избе-из муўапықластырылып барылыўы әҳмийетли, деп есаплайман.
Хабарыңыз бар, Олий Мажлис жанында Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты дүзилген. Бул институт нызам жойбарларын таярлаўда, оларды додалаўда, қабыл етилген нызамлардың мазмун-мәнисин жәмийетшиликке жеткериўде парламент ағзаларына ҳақыйқый жәрдемши болыўы керек.
Нызам дөретиўшилиги жумысына илимий-инновациялық факторды кеңнен енгизиў де буннан былай палатаның әҳмийетли ўазыйпасы болып қалыўы керек.
Спикердиң биринши орынбасары лаўазымына сайланған Акмал Холматович Саидов тек ғана мәмлекетимиз емес, ал халықаралық жәмийетшилик ўәкиллери де нызамшылық тараўында көзге тасланған, узақ жыллардан берли жумыс алып барып атырған ири қәниге сыпатында жақсы биледи. Ол бул лаўазымда өзиниң бай билими, дүньяға кең көзқарасы, профессионаллық дәрежеси, шөлкемлестириўшилик ҳәм интакерлик қәбилетин Ўатанымыздың раўажланыўына жумсайды, деген үмиттемен.
Спикердиң биринши орынбасары партиялылықтан жырақ түрде улыўма мәмлекетлик, улыўма халықлық мәплер жолында жумыс алып барыўы керек.
Соның менен бирге, бүгин Спикер орынбасарлары етип сайланған барлық партиялар фракцияларының басшыларын да қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсизлер.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин Нызамшылық палатасының депутатлары өзлериниң мүнәсип басшыларына ийе болды, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар. Халық ўәкиллерин жанажан Өзбекстанымызды раўажландырыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, парламенттиң жумысын жаңа басқышқа көтериўде оларға жетискенлик ҳәм әўметлер тилеймиз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Ҳәммемизге жақсы белгили, депутатлық – бул адамнан оғада үлкен интеллектуаллық потенциал, тынымсыз мийнет, излениў ҳәм жуўапкершилик талап ететуғын жумыс болып есапланады. Өзим де көп жыллар депутат болып ислегенмен, бул ўазыйпаның қаншелли аўыр ҳәм машақатлы, соның менен бирге, абырайлы жумыс екенин жақсы билемен.
Депутат, бәринен бурын, бәрқулла халықтың дәрти менен жасаўы, адамларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын пидәкерлик көрсетип басқаларға өрнек болыўы керек. Депутаттың кеўли, ҳүжданы ояў болса, министрлер де, ҳүкимет те, парламент те ояў болады, пүткил жәмийетимиз ояў болады.
Бүгин биз барлық тараўда излениў ҳәм үйрениўдемиз. Изленип жасап атырған, өз мақсетине қарай избе-из барып атырған инсан ҳәм жәмийет әлбетте унамлы нәтийже ҳәм жетискенликлерге ерисе алады.
Ҳәзирги күнде – Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында алдымызда оғада әҳмийетли ҳәм қурамалы ўазыйпалар турыпты. Оларды табыслы шешиў ушын бәринен бурын нызам дөретиўшилиги тараўында жумысты пүткиллей жаңаша шөлкемлестириўимиз керек. Бул бағдарда әсиресе төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыў керек.
Бириншиден, төменги палата ҳәр бир нызам жойбары бойынша қалыс пикир-талас ҳәм тартысыўлар орнына, ҳәр қыйлы социаллық мәплер арасындағы гүрес майданына шын мәнисинде «демократия мектеби»не айланыўы зәрүр.
Өткен бес жыл даўамында палатаның жумысы сезилерли дәрежеде жанланып, 540 нызам ямаса 2010-2014-жылларға салыстырғанда 2 есе көп нызам жойбары көрип шығылды. Егер 2015-жылы қабыл етилген нызамлардың тек ғана 11 ин толық ҳәм жаңа нызамлар қураған болса, 2019-жылы бул көрсеткиш 3 есе артып, 35 ке жетти.
Бир тараўға тийисли социаллық қатнасықларды тәртипке салатуғын бир неше нызамлардың орнына, бирден-бир кодекс қабыл етиў әмелияты енгизилмекте. Соның ишинде, Пуқаралық-процессуаллық кодекси, Экономикалық процессуаллық кодекс, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекс, Сайлаў кодекси сыяқлы әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.
Сондай-ақ, өткен еки жылда тиккелей әмел ететуғын нызамларды қабыл етиўди басладық. Мәселен, «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы, «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы нызамларда силтеме түриндеги нормалардың орнына тиккелей ислейтуғын қағыйдалар белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта турмыстың өзи, Өзбекстанның жедел раўажланыўы бул бағдардағы жумысымызды жаңа сапа басқышына алып шығыўды талап етпекте. Жәҳәндеги алдынғы тәжирийбелер тийкарында партиялар өзиниң сиясий мәплери, өз электоратының мәплерин сәўлелендиретуғын нызамларды қабыл етиў ушын парламентте көпшиликти қурайтуғын партия ҳәм оған оппозицияда болған партиялардың арасында саламат бәсеки болыўы керек.
Әлбетте, Нызамшылық палатасында да фракция өзин оппозиция деп жәриялаўы мүмкин. Бул фракция нызам биринши оқыўда көрип шығыламан дегенше бул мәселе бойынша нызамның альтернатив редакциясын киргизиў ҳуқықына ийе екени белгиленген. Бирақ, бул институт усы ўақытқа шекем нәтийжели жумыс ислемегенин тән алыўымыз керек.
Әлбетте сиз, ҳүрметли депутатлар баслама көрсетиў ушын өз үстиңизде турақлы ислеўиңиз, ҳәр бир тараў бойынша қабыл етилген қарарда халықтың мәплери жолында беккем тийкар жаратыўыңыз керек. Сайлаўшылар сизлерден баслама көрсетип, өз альтернатив пикириңизди, қатаң сиясий ерк-ықрарыңызды көрсетиўиңизди күтпекте. Себеби ҳақыйқат пикир-таласларда туўылады, деген сөзде терең турмыслық мәнис бар.
Әлбетте, ҳәр бир депутат белгили бир тараўға байланыслы нызамды қабыл етиўде усы тараўдың қәнигеси сыпатында пикир жүргизе алатуғын болыўы керек. Себеби, сизлер қабыл ететуғын нызам ҳүжжетлери миллионлаған адамлардың, пүткил халқымыздың турмысына тиккелей тәсир көрсетеди. Бирақ бул тәсир унамлы да, унамсыз да болыўы мүмкин. Соның ушын халықтың исенимине ерискен депутаттың қәтелесиўге, өзиндеги жоқары жуўапкершиликти умытыўға ҳақысы жоқ.
Екиншиден, депутатлар додалаўға киргизилген ҳәр бир нызам жойбары бойынша өзиниң беккем позициясын көрсеткен жағдайда ғана, сайлаўшылардың исенимин ақлай алады.
Өткен шақырықта төменги палатаға киргизилген ҳәр бир нызам жойбары бойынша орынларда жәмийетшиликтиң додалаўын өткериў әмелияты жолға қойылды. Буннан кейин 400 ден аслам нызам жойбарындағы мыңға шамалас қағыйдалар пуқараларымыз билдирген усыныслар тийкарында жетилистирилди. Мысал ушын, «Кәсиплик аўқамлар ҳаққында»ғы нызам жойбары пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилди.
Депутатлар нызамларды «атына ғана көрип шығып, бир аўыздан мақуллаў» деген ески әмелияттан ўаз кешип, оларды қатаң ҳәм толық додалаўды үйренбекте. Халық тәрепинен билдирилген пикирлер, сын көзқарастағы пикирлер есапқа алынып, 16 нызам жойбарынан бас тартылды ҳәм интакер уйымға қайтарылды. Ал, 2010-2014-жылларда бирде-бир нызам жойбары қайтарылмаған еди.
Сиз, ҳүрметли депутатлар, нызам жойбарларын биринши гезекте халықтың мәпинен келип шыққан ҳалда таллап, оларды сын көзқарастан көрип шығыў бағдарындағы жумысларды күшейтетуғыныңызға исенемен.
Төменги палатаның ағзалары усы ўақытқа шекем нызам жойбарының концептуаллық мәселелеринен тысқары олардың Конституция ҳәм әмелдеги нызамларға, нызамшылық техникасына сәйкеслигин тәмийинлеў менен де шуғылланып келген. Депутатлар сапасыз жойбарларды жуўмағына жеткериў менен бәнт болмастан, тийкарғы итибарды нызамлар халықтың мәпин қәншелли сәўлелендиретуғынына қаратыўы керек.
Усы жерде әййемги Римниң белгили шайыры Публилий Сирдиң бир пикирин еслеў орынлы деп билемен. «Нызамлар күшли болған жерде, халық та күшли болады», деп жазған еди ол.
Ҳақыйқатында да, халықтың ўәкиллери болған депутатлар өз ўәкиллигине тийкарланып, мәрт, талапкер ҳәм исенимли болыўы, пуқаралардың мәпине хызмет етпейтуғын нызамлардың қабыл етиўине жол қоймаўы шәрт.
Ҳәр бир нызамның, керек болса, көзи, аяғы, орынланыўы болыўы керек. Нызам қабыл етилди ме, әлбетте, турмыста өзгерис болыўы керек.
Соның менен бирге мәселениң екинши тәрепин де ойлаў керек, яғный парламентке сапасыз нызам жойбарларын киргизгени ушын бәринен бурын интакер уйымлар ҳәм Әдиллик министрлигиниң роли ҳәм жуўапкершилигин арттырыў зәрүр. Егер интакер уйым нызам жойбарының әҳмийетин депутатлар алдында тийкарлап бере алмаса, Нызамшылық палатасы жойбарды көрип шығыўдан бас тартыўы керек, деп есаплайман.
Үшиншиден, төменги палата депутатларының басламасы тийкарында ислеп шығылатуғын нызамлардың салмағын арттырыў керек.
2015-2019-жылларда депутатлардың нызамшылық басламасы ҳуқықынан пайдаланыўы сан жағынан артқанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, 2010-2014-жылларда 37 нызам жойбары депутатлар тәрепинен додалаўға киргизилген болса, өткен шақырықта бул көрсеткиш 2,5 есеге артып, 88 ге жетти. Бирақ, бундай нызам жойбарларының салмағы төменги палатаға киргизилип атырған жойбарлардың улыўма санына салыстырғанда елеге шекем төмен болып қалмақта, яғный 16-17 проценттен артпай атыр. Сол себепли депутатларымызды өз сайлаўшыларының әҳмийетли машқалаларын терең таллаған ҳалда және де интакер болыўға шақыраман.
Төртиншиден, ҳүрметли халық ўәкиллери нызамларды қабыл етиўде олардың келешекте ислеўин тәмийинлейтуғын илажларды да көриўи керек.
Нызамларда белгиленген айырым нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң өз ўақтында қабыл етилмеўи – олардың әмелде «ислемей қалыўы»на, бул болса, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳақылы наразылығына себеп болмақта. Мысал ушын, халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы нызам күшке киргенине бир жылдан аслам болса-да, оның әмелде қолланылыўы көплеген сораўларды пайда етпекте.
Соның ушын нызамларды қабыл етиў процесинде оларға байланыслы барлық нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң өз ўақтында ҳәм толық ислеп шығылыўын тәмийинлеў – палатаның бес жыл даўамындағы тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы керек. Сонда ғана биз «нызамды қабыл етиў менен парламенттиң жумысы жуўмақланды», деген ески көзқарастан ўаз кешемиз.
Буннан тысқары, қандайда бир нызам жойбарын қабыл етиўде интакер болған парламент фракциясы сол нызамды әмелге асырыў бойынша «Жол картасын» ислеп шығыўы мақсетке муўапық болар еди.
Нызамшылық палатасы жыл жуўмағына бола быйылғы жылы қабыл етилген ҳәр бир нызам халық тәрепинен қалай баҳаланғаны, қайсы нызам халыққа пайда келтирип атырғанлығы, қайсы нызам болса ислемей турғанын анық таллаўы ҳәм тийисли жуўмақлар шығарыўы зәрүр. Бул болса электорат пенен тәсиршең байланысты жолға қойыўға ҳәм парламентимиздиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Бесиншиден, нызам жойбарларының халықаралық шәртнамаларға, халықаралық рейтинглердеги орнымызды жақсылаў бойынша усынысларға сәйкеслигин үйрениў әмелиятын кеңнен енгизиў тийис. Себеби, халықаралық шәртнамалар ҳәм рейтинглер мазмунында сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси өз көринисин тапқан.
Жоқарыда билдирилген пикирлерден келип шығып, жуўмақ шығаратуғын болсақ, нызам дөретиўшилиги жумысы «нызамның бирден бир дәреги ҳәм авторы шын мәнисинде халық болыўы шәрт» деген тийкарғы принципке тийкарланыўы керек.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Төменги палатаның парламентлик қадағалаўын әмелге асырыў бағдарындағы жумысында да өз шешимин күтип атырған бир қатар мәселелер бар.
Биринши. Жаңа депутатлар тәсиршең парламентлик қадағалаўды алып барыў арқалы халық исенимин ақлаўы зәрүр.
Өткен дәўирде парламентлик қалағалаўдың жаңа түри ҳәм механизмлери турмысымызға кирип келди. Соның ишинде, Нызамшылық палатасында ҳүкимет ағзаларының депутатлардың сораўларына жуўапларын тыңлаў тәртиби – «Ҳүкимет сааты» институты енгизилди. Кейинги 2 жылда 14 мәрте «Ҳүкимет сааты» өткерилип, оларда 17 министрлик ҳәм мәмлекетлик комитеттиң басшылары қатнасты.
Буннан тысқары, 2019-жылдан баслап Министрлер Кабинети ағзалығына талабанларды төменги палата мәжилисинде көрип шығыў әмелияты жолға қойылды. Бырақ усындай ислеримизден сайлаўшыларымыз толық разы, деп айтыўға еле ерте.
Ҳеш кимге сыр емес, айырым лаўазымлы шахслар унамсыз ҳәрекетлери менен жәмийетте қызғын додалаўларға, айырым жағдайларда болса, кескин наразылыққа себеп болмақта. Усындай жағдайларда депутатлардың бир шетте тамашагөй болып турыўын буннан кейин халқымыз улыўма қабыл ете алмайды. Себеби, пуқаралар өз ўәкиллерин халықтың пикирин билдириў ҳәм олардың мәплерин қорғаўы ушын сайлаған’
Елимиз депутатлар тымсалында нызам ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын бузған лаўазымлы адамларға қарсы тура алатуғын талапшаң гүресиўшини, халықтың дәртин қорықпай көтерип шығатуғын өз қорғаўшысын, өз ўәкилин көриўди қәлейди.
Бул бағдарда дәслепки қәдемлер тасланбақта. Расул Кушербаев, Шуҳрат Полвонов, Алишер Ҳамроев сыяқлы жас ҳәм жанкүйер депутатлардың жумысы сайлаўшыларға мақул болмақта. Мәселен, автомототранспорт қуралларында күндизги ўақытта шырақ жағып жүриў бойынша қабыл етилген қарар депутатлардың басламасы менен өзгертилди.
Биз усындай жағдайларды тек унамлы баҳалаўымыз керек. Усы тәризде биз тәсиршең парламент арқалы нәтийжели атқарыўшы ҳәкимияттың жумысын жолға қойыўға ерисемиз. Сол себепли халық арасында пикир-таласқа себеп болып атырған машқалалар бойынша жуўапкер басшылардың парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге түсиник бериў тәртибин жолға қойыў керек.
Парламентлик қадағалаўдың нәтийжелеринен халықты өз ўақтында хабардар етиў мәселеси де итибарымыз орайында болыўы шәрт. Усы мүнәсибет пенен палата мәжилислерин, ҳәр бир илаж ҳаққындағы мәлимлемени ғалаба хабар қуралларында, рәсмий веб-сайтларда, социаллық тармақларда кең ҳәм системалы жарытыўды күшейтиў керек. Бундай әмелият парламент жумысында тек ашық-айдын тәмийинелеўге емес, ал барлық мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға да хызмет етеди.
Екинши. Палатаның комитетлери ҳәм басқа да структуралық дүзилмелери қадағалаў-таллаў жумысларын күшейтиўи лазым.
Парламент жумысының роли ҳәм әмелий тәсиршеңлигин арттырыў мақсетинде өткен шақырықта бир қатар жаңа структуралық дүзилмелер шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети енди ҳуқықты қорғаў уйымларының жумысын сапластырыў ҳәм суд еркинлигин тәмийинлеўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыўдың басы-қасында болыўы керек. Бул комитет мәмлекетлик уйымлардың коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысына баҳа берип, басшылардың жуўапкершилиги мәселесин Ҳүкимет алдына қойса, оғада орынлы болады, деп ойлайман.
Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мәселелери комитети орынларда мидицина тараўындағы жумыслардың жағдайын үйрениўге жуўапкер етип белгиленген. Улыўма, Нызамшылық палатасына денсаўлықты сақлаў системасын қадағалаў исенип тапсырылған еди.
Тилекке қарсы, палатаның бул бағдарда алып барып атырған жумыслары еле биз күткен нәтийжени бермей атыр ҳәм бундай жағдай мени айрықша тәшиўишке салмақта.
Неге дегенде, денсаўлықты сақлаў системасында ҳәзирги күнде де өз шешимин таппаған машқалалар жүдә көп. Мысал ушын, тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти жолға қойыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылған болса да, бир де-бир жойбар иске түсирилмеген. Сондай-ақ, онкологиялық, эндокринологиялық ҳәм жүрек қан-тамыр системасы кеселликлерин емлеў бойынша жумыслардың жағдайы талап дәрежесинде емес.
Ең ашынарлысы, айырым медицина орайларының өзи инфекция тарқалыў орайы болып қалмақта. Атап айтқанда, 2019-жылда емлеўханаларда инфекция тарқалыўына байланыслы мыңға шамалас жағдай атап өтилген.
Тараўдағы бар жағдайды қадағалаў төменги палатаға жүкленгенин инабатқа алып, Спикер ҳәм жуўапкер комитет парламентлик қадағалаўды системалы жолға қойыўы, керек болса, оны ҳәр бир медицина мәкемеси бойынша әмелге асырыўы тийис. Әне усы әҳмийетли мәселелер, яғный медицина хызметиниң сапасын жақсылаў ушын қандай нызамлы илажлар көриў, адамларды разы етиў бойынша шын мәнистеги баслама ҳәм исеним көрсетилсе, тарийхта қалатуғын жумыс болар еди.
Төменги палатада мәмлекетлик бюджет басқармасының шөлкемлестирилгени бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыўға хызмет етпекте. Мәселен, өзин-өзи қаржыландырыў тәртибине өткен жоқары билимлендириў мәкемелери ушын социаллық салық ставкасы 25 проценттен 12 проценттке түсирилди ҳәм олардың ықтыярында 47 миллиард сум қаржы қалдырылды. Әлбетте, бул – парламентлик қадағалаўды күшейтиў бағдарындағы ҳәрекетлердиң дәслепки унамлы нәтийжеси ғана.
Парламентимиздиң бул бағдардағы жумысын күшейтиўди турмыстың өзи талап етпекте.
Кейинги ўақытта аймақ ҳәм регионларымызды социаллық-экономикалық раўажландырыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен үлкен көлемдеги қаржылар қаратылмақта. Бирақ бул қаржылардың дурыс ҳәм нәтийжели жумсалыўын қадағалаў бағдарында, бәринен бурын, сол аймақлардан сайланған депутатларымыздың қатнасы дерлик сезилмей атыр. Орынларда ажыратылған қаржылардан надурыс пайдаланыў, оларды талан-тараж етиў, коррупция жағдайлары да ушырасып турыпты.
Халық ўәкиллери өз ўәкиллигине тийкарланып, тәсиршең қадағалаў орнатса, олардың да, Нызамшылық палатасының да абырай-мәртебеси артады. Ең әҳмийетлиси, буннан елимизге әмелий пайда болады.
Бюджеттен жумсалынатуғын ҳәр бир сум ушын Қаржы министрлиги халық ўәкиллери алдында есабат бериўи, барлық уйымлардың мәмлекетлик қаржысының анық мақсетлер ушын жумсалыўы бойынша парламенттен айбынып турыўы зәрүр. Сонда тәртип болады, сонда ҳәмме депутат пенен есапласатуғын болады. Палата бул мәселеде исеним көрсетип, электорат мәплерин қорғайды, деп исенемен.
Улыўма алғанда, ҳәр бир комитет шерек ис режеси тийкарында өзиниң жумыс бағдарындағы мәмлекетлик уйымлардың алдына конкрет ўазыйпаларды қойып, оларға нызам ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша анық сораўлар бериўине ерисиўимиз зәрүр.
Үшинши. Парламент ҳәм депутат сораўының тәсиршеңлигин арттырыў илажларын көриў керек.
Өткен шақырықта мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларындағы лаўазымлы шахсларға 28 ямаса 2010-2014-жылларға салыстырғанда 7 есе көп парламент сораўы жиберилди.
Парламент ҳәм депутат сораўын көрип шықпағаны ямаса көрип шығыў мүддетин бузғанлығы ушын жуўапкерлик илажлары күшейтилди. Усыған қарамастан, тилекке қарсы, айырым жағдайларда депутат сораўына басшының өзи емес, ал оның орынбасары, ҳәттеки, басқарма баслықлары жуўап бермекте.
Өзиңиз айтың, қәне бул мәселеде халық ўәкилиниң абырайы? Парламентке ҳәм депутатқа болған ҳүрмет усы ма? Бундай унамсыз жағдайларға улыўма жол қойып болмайды. Сол себепли парламент ҳәм депутат сораўына министрлик ҳәм уйымлардың биринши басшыларының жеке өзлери жуўап бериўи шәрт екенлиги нызамда белгилеўди усыныс етемен.
Төртинши. Сайлаўшы ҳәм депутаттың өз-ара қатнасықларына мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизетуғын ўақыт келди. Соның ишинде, парламент ҳәм депутат сораўларын қәлиплестириў механизмин жетилистириў зәрүр.
Өткен шақырықта түрли мәселелер бойынша 856 депутат сораўы жиберилген. Бирақ сораўларда сайлаўшылардың мәпи қаншелли өз көринисин тапты, олардың нешеўи пуқаралардың басламасы тийкарында қәлиплестирилди, деген сораўлар мени ойландырмақта. Соның ушын жәмәәтлик мүрәжатлар тийкарында Интернет тармағы қуралында парламент ҳәм депутат сораўын қәлиплестириў әмелиятын жолға қойыў зәрүр. Бул арқалы биз халықты қыйнап атырған мәселелердиң парламентте көрип шығылыўына ерисемиз.
2019-жылда депутатлар тәрепинен 8 мыңнан аслам шаңараққа, 3 мыңнан зыят социаллық тараў ҳәм 2 мыңға шамалас өндирис объектине барылып, дерлик 150 мың пуқара менен сөйлесилди. Адамларды тәшиўишлендирип салып атырған социаллық машқалаларды шешиў мақсетинде депутатлар ҳәр айдың соңғы ҳәптесинде өз сайлаў округинде болыўына байланыслы тәртип жолға қойылды. Әлбетте, бул жумысларды системалы тәризде даўам еттириў керек.
Соның менен бирге – мәлимлеме технологиялары раўажланған ҳәзирги күнде сайлаўшы өзиниң ўәкилине мүрәжат етиўи ушын оның округқа тиккелей келиўин күтип отырыўы шәрт пе? – деген сораў пайда болады. Сонлықтан халық пенен қарым-қатнас системасын улыўма жаңа басқышқа алып шығып, депутатларды өз сайлаўшылары менен байланыстырыў имканиятын беретуғын электрон портал ҳәм мобиль қосымшаларды иске түсириў лазым. Әне, усы система арқалы сайлаўшы депутаттың күнделикли жумысын бақлап барыў, нызам жойбарларын додалаў ҳәм олар бойынша өз пикир-усынысларын билдириў имканиятына ийе болсын. Яғный депутаттың жумысына оның сайлаўшылары тиккелей баҳа берсин. Әне сонда ғана пуқара ҳәм парламент арасында халқымыз бизден күтип атырған ҳақыйқый көпир пайда болады.
Бесинши. Парламенттиң жумысына халықты кеңнен тартыў мақсетинде «Мениң пикирим» веб-порталы жумысын жетилистириў зәрүр.
Бизге белгили, бул порталды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелерде халық пикирин үйрениў ҳәм пуқаралардың басламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирген едик. Бирақ ҳәзирги күнде халықтан келип атырған усынысларды терең үйрениў ҳәм оларды додалаў жумыслары нәтийжели жолға қойылған ба?
Бул сораўды ортаға таслап атырғанымыз тегиннен емес. Себеби, ҳәзирги күнге шекем келип түскен усыныслардың тек ғана 11и кең додалаўдан өткерилип, олар бойынша палатаның қарарлары қабыл етилген.
Улыўма алғанда, жәмийетлик турмыс ушын әҳмийетли машқалалар көтерилетуғын болса, оларды кең жәмийетшилик арасында додалаўдың альтернатив усылларын әмелиятқа киргизиў зәрүр.
Бул бағдарда «Мениң пикирим» веб-порталынан келип атырған мүрәжатларды телевидение ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында депутатлар, қәнигелер, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында додалаў ушын көрсетиў ҳәм еситтириўлер шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деп ойлайман.
Және бир әҳмийетли мәселе сол, Нызамшылық палатасының халықаралық парламентлераралық шөлкемлердеги қатнасын жеделлестириў лазым.
Бүгинги күнде төменги палатаның халықаралық байланыслары кеңейип баратырғанлығы ҳәммемизге жақсы белгили. Мәселен, 2015-жылда палатада сырт мәмлекетлердиң парламентлери менен бирге ислесиў бойынша 9 парламентлераралық бирге ислесиў топары жумыс ислеген болса, 2019-жылда олардың саны 28 ге жетти, соннан 24 топар Сенат пенен биргеликте дүзилгени итибарға ылайық. Халықаралық қатнасықлардағы нәтийжели жумыс ақыбетинде өткен дәўирде парламентте 248 шет ел делегациясы қабыл етилди.
Миллий парламентимиз қысқа мүддетте көплеген абырайлы халықаралық парламентлераралық бирлеспелердиң белсенди қатнасыўшысына айланды. Парламентлераралық аўқам, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламентлераралық ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң Парламентлераралық ассамблеясы усылар қатарында болып, бизиң депутатларымыз да усы абырайлы шөлкемлердиң басшылық лаўазымларына сайланды.
Халықаралық парламентлераралық байланыслардлы системалы тәризде раўажландырып барыў буннан кейин де депутатлардың турақлы дыққат-итибарында болыўы зәрүр.
Және бир мәселеге айрықша итибарыңызды қаратыўды қәлер едим. Тилекке қарсы, партияларымыз өзиниң сиясий мақсет ҳәм бағдарламаларын алға қойыў ҳәм оның қатарларын кеңейтиў ҳаққында тек сайлаў алдында ғана еслеп қалады. Тийкарынан усы дәўирде өз ағзалары менен ислесип, олардың санын көбейтиўге умтылады. Усындай, ўақтыншалық ҳәм рәсмиятшылық ушын исленетуғын жумыслар қаншелли дурыс! Бул, әлбетте надурыс.
Негизинде сиясий партиялар өз ағзаларының санын көбейтиў үстинде турақлы ислеўи, өз бағдарламаларын ҳәмийше жетилистирип, ондағы мақсет ҳәм идеяларын күнделикли турмысқа енгизип барыўы керек емес пе? Сонда ғана партиялардың жәмийеттеги ҳәм жәмийетлик турмысымыздағы орны ҳәм тәсири беккем болады. Соның ушын сиясий партиялар ҳәм олардың фракцияларының басшылары өз жумысын жанландырыўы, электорат жумысына терең ҳәм системалы тәризде кирип барыўы лазым.
Жаңадан сайланған Спикердиң биринши орынбасары, үлкен тәжирийбеге ийе ҳуқықтаныўшы алым сыпатында да, сиясий партиялар ҳәм фракцияларға өз жумысын жетилистириўинде турақлы әмелий жәрдем ҳәм усыныслар берип барыўы зәрүр.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги күнде жанажан Өзбекстанымыз өзиниң раўажланыў жолынан жедел илгерилеп бармақта. Өткен үш жыл даўамында әмелге асырылған реформаларымыз өзиниң дәслепки жемисин бере баслады. Дүнья жәмийетшилигинде Өзбекстанға қызығыў ҳәм итибар, мәмлекетимиздиң күш ҳәм имканиятларына, оның келешегине болған исеним барған сайын артып бармақта. Бул болса раўажланыўдың жаңа басқышына шығыў, гөзлеген мақсетлеримизге жетиў ушын беккем тийкар жаратпақта, десек, алжаспаған боламыз.
Әне усындай үлкен имканиятларды қолдан бермей, жолымыздан шықпай, және де исенимли илгерилеп барсақ, ийгиликли мақсетлеримизге әлбетте жетемиз. Бул жолда Нызамшылық палатасы, ҳүрметли депутатларымыз жетекши күш болып ортаға шығыўы керек.
Халқымыздың ең сайланды ўәкиллери сыпатында сизлер буның ушын жетерли потенциал ҳәм шараятларға ийесизлер. Улыўма айтақанда, депутатларымыз өзиниң жүрис-турысы, мәденияты, әдеплилиги ҳәм этикасы менен бәршеге үлги болыўы лазым. Спикер ҳәм оның орынбасарлары бул әҳмийетли мәселени өзиниң айрықша қадағалаўына алыўы шәрт.
Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен биргеликте депутатлардың билимин турақлы арттырып барыў бойынша жаңа система – депутатлық оқыўларын енгизиўди усынаман.
Елимиз сизлерге ҳақылы түрде үлкен үмит ҳәм исеним менен қарамақта. «парламент халық уйымының ҳақыйқый айнасы болыўы зәрүр» деген уллы идеяны әмелде көрсетиўиңизди күтпекте. Әне усындай исеним, ҳүрмет ҳәм итибарға мүнәсип болыў – бул жүдә үлкен бахыт. Кеңпейил, мийнеткеш ҳәм уллы халқымыздың усы исенимин ҳәр биримиз өз орнымызда әмелий жумыслар менен ақлаўымыз керек. Бул бизиң тек ғана пуқаралық емес, ал, бәринен бурын, ана Ўатанымыз алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Жаңа парламент қурамында өз жумысын баслап атырған барлық ҳүрметли депутатларымыз усы талапты терең аңлап, нәтийжели жумыс алып барады, деп исенемен.
Сизлерди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланғаныңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, күш-ғайрат, жумысыңызға табыс ҳәм әўметлер тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги