Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сенат ағзаларын сайлаў қалай өткериледи?

2020-01-16 | Cайлаў

Усы күнлерде Сенат ағзаларын сайлаў алдындамыз. Алдын бул сайлаў Орайлық сайлаў комиссиясының режеси тийкарында алып барылатуғын еди. Енди Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи.

Сенат ағзалары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең түрде – алты адамнан сайланады. Сенатқа сайлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи.

Быйылғы жыл 8-январь күни болып өткен Орайлық сайлаў комиссиясы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары сайлаўын өткериў мүддетлери ҳәм өткерилетуғын орынлары белгиленди.

Сенат ағзаларын сайлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатлары сайланғанынан кейин бир айдан кешиктирилмей өткериледи.

Сайлаўшы депутатты тиккелей сайлаған болса, Сенат ағзасы сайлаўшы исеним билдирген ўәкили – депутат тәрепинен басқа жол менен сайланады. Бул процесс депутатқа үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Жоқарыда айтылғанындай, Сенат ағзалығына талабанларды көрсетиў қоспа мәжилисте әмелге асырылады. Сенат ағзалығына талабанларды көрсетиў ушын басшылық етиўшиниң усынысына бола ашық даўыс бериў арқалы әпиўайы көпшилик даўыс пенен Мәсләҳәт кеңеси сайланады.

Кодекске киргизилген бул қағыйда алдынғы режелерде белгиленген Ақсақаллар кеңеси емес, ал Мәсләҳәт кеңеси институтына Сенат ағзалығына талабанларды усыныс етиў ўәкиллигин береди.

Мәсләҳәт кеңеси мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыстың түрли тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәм айрықша хызмет көрсеткен ең абырайлы депутатлар арасынан Сенат ағзалығына талабанларды көрсетеди ҳәм көрип шығады және сайлаў бюллетенине киргизиў ушын усыныс береди.

Қоспа мәжилисте Мәсләҳәт кеңеси баслығы усынылып атырған талабанлар ҳаққында мағлыўмат береди ҳәм мәжилис қатнасыўшыларының пикир-усыныслар тыңланып, усы Сенат ағзалығына талабанларды сайлаў бюллетенине киргизилиўи қоллап-қуўатланғаннан соң, сайлаў бюллетенине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Сайлаў бюллетенине алты адамнан кем болмаған Сенат ағзалығына талабан киргизиледи.

Гезектеги мәселе сайлаў процесин шөлкемлестириў болып, қоспа мәжилис қатнасыўшылары қурамынан Есап-санақ комиссиясының сайланыўы да бул сайлаўдың өзине тән өзгешеликлерин көрсетеди.

Жасырын даўыс бериўди өткериў ҳәм оның нәтийжелерин анықлаў ушын қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутатлар арасынан тоғыз адамға шекем ағзадан, соның ишинде, комиссия баслығы ҳәм хаткерден ибарат қурамда Есап-санақ комиссиясы сайланады. Бул комиссия сайлаўдың әдил өткерилиўинде әҳмийетли орынды ийелейди.

Жасырын даўыс бериў басланыўынан алдын Есап-санақ комиссиясының баслығы оны өткериў тәртибин жәриялайды. Комиссия ағзалары алдында сайлаў қутысын тексереди ҳәм бир мәрте ислетилетуғын пломбалар менен мөрлейди.

Сайлаў қутысы даўыс бериўши оның жанына, әлбетте жасырын даўыс бериў кабинасы ямаса ханасы арқалы өтип баратуғын етип орнатылады.

Қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутат Есап-санақ комиссиясы ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетеди ҳәм даўыс бериўшилер дизимине қол қояды. Усыннан кейин оған сайлаў бюллетени тапсырылады.

Сайлаў бюллетени даўыс бериўши тәрепинен жасырын даўыс бериў кабинасында ямаса ханасында өзи жақлап даўыс берип атырған Сенат ағзалығына талабанлардың фамилиясының қарама-қарсысында, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» ямаса «» «х» белгисин қойыў арқалы толтырылады.

Даўыс бериўши толтырылған сайлаў бюллетенин көринетуғын жерде турыўы керек болған сайлаў қутысына таслайды.

Бузылған сайлаў бюллетени даўыс бериўшиниң өтинишине бола жаңасына алмастырылыўы мүмкин.

Жасырын даўыс бериў процеси тамаланғаннан кейин пайдаланылмаған, сондай-ақ, бузылған сайлаў бюллетенлари есапқа алыныўы, бийкар етилиўи лазым. Бундай бюллетенлердиң шеп тәрептеги жоқары мүйеши қырылып қойылады ҳәм бөлек сақланады.

Даўысларды санап шығыў Есап-санақ комиссиясы ағзалары тәрепинен жасырын даўыс бериў нәтийжелери анықланғанға шекем тәнеписсиз өткериледи.

Жасырын даўыс бериў нәтийжелери бойынша протокол дүзиледи. Протокол Есап-санақ комиссиясының барлық ағзалары тәрепинен қол қойылады. Протоколдың қәлемде толтырылыўына ҳәм оған қандайда-бир дүзетиўлер киргизилиўине жол қойылмайды.

Даўыс бериў нәтийжелерине бола  басқа талабанларға қарағанда көбирек даўыс алған Сенат ағзалығына талабанлар, шәртли түрде қоспа мәжилисте қатнасқан жергиликли Кеңеслер депутатларының елиў проценттен көбиреги оларды жақлап даўыс берген болса, сайланған есапланады.

Егер даўыс бериў ўақтында белгиленген муғдарда Сенат ағзалары сайланбаған болса, сайланбай қалған муғдардағы Сенат ағзалығы ушын даўыслардың зәрүр муғдарын топламаған талабанлар бойынша усы қоспа мәжилистиң өзинде қайта даўыс бериў өткериледи.

Орайлық сайлаў комиссиясы қоспа мәжилислердиң протоколлары тийкарында усы протоколлар келип түскен күннен бес күннен кешиктирмей Сенат ағзаларын дизимге алады. Дизимге алғаннан кейин он күн ишинде болса гуўалық ҳәм көкирек белгисин береди.

Егер сайлаў даўамында, даўысларды санап шығыў, жасырын даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў ўақтында усы кодекс талаплары сайлаў нәтийжелерине тәсир еткен тәризде бузылыўына жол қойылған болса, Орайлық сайлаў комиссиясы Сенат ағзаларының сайлаўын ҳақыйқый емес, деп табыўы мүкин.

Көринип турғанындай-ақ, Сенат ағзаларын сайлаў өз ишине бир неше басқышты алатуғын қурамалы сайлаў процеси есапланады. Жоқарыда атап өтилген қағыйдалар анық ҳәм бир түрде әмелге асырылыўы сайлаўда нызамшылық, әдиллик, еркинлик, ҳақыйқатлық принциплериниң тәмийинлениўине хызмет етеди.

Мәмлекетимизде Олий Мажлис Сенаты ағзалары сайлаўларының нызам талаплары тийкарында демократиялық принциплерге муўапық өткерилиўи, мүнәсип талабанлардың сайланыўы Сенат абырайы артыўы, аймақлардың мәплерин улыўма мәмлекетлик мәплер менен үйлесикли ҳалда әмелге асырыўға тийкар жаратады.

Баҳодиржон ЮНУСОВ,

Өзбекстан Республикасы Орайлық

сайлаў комиссиясы ағзасы

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться