Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экспорт, инвестиция ҳәм локализациялаўды кеңейтиў мәселелери додаланды
2020-01-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-январь күни экспорт, инвестиция ҳәм локализациялаўды кеңейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Дүнья жүзинде экономикалық бәсеки барған сайын күшейип атырған ҳәзирги дәўирде турақлылықтың тийкарғы факторы өндиристи кеңейтиў ҳәм сыртқы базарларда беккем орын ийелеў болып есапланады.
Экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша көрилген илажлардың нәтийжесинде өткен жылы мәмлекетимиздиң экспорт көлеми 28 процентке өсти. Аймақлық санаат экспорты дерлик 2 есеге артты.
Бул бағдардағы көрсеткишлерди және де арттырыў мақсетинде усы жылдан баслап прогноз көрсеткишлерин белгилеў ҳәм мониторинг етиў бойынша жаңа система енгизилди. Бәринен бурын, экспорт прогнозы 3 жыллық етип тастыйықланды. 2020-жылдың режеси өткен жылға салыстырғанда 22 процент көп белгиленди.
Видеоселектор мәжилисинде экспорт, инвестиция ҳәм локализациялаў бағдарларына жуўапкер басшылардың ўазыйпалары көрип шығылды. Ҳәр бир доллардан үнемли пайдаланыў бойынша аймақлар ҳәм тармақлар басшыларының жеке жуўапкершилиги белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы буннан кейин тармақ ямаса аймақтың мәселеси деген сергизданлық болмайтуғынын, экспорт прогнозының орынланыўын тәмийинлеўге ҳәр бир министр, хожалық бирлеспесиниң басшысы ҳәким менен бирге теңдей жуўап беретуғынын атап өтти.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине усы жылғы экспорт прогнозының орынланыўын толық тәмийинлеў бойынша «жол картасы»н ислеп шығып, өнимлерди қай жерге, қашан экспорт етиў ҳәм оны әмелге асырыў бойынша анық илажларды белгилеў ўазыйпасы қойылды.
Тоқымашылық, мийўе-овощ, былғары-аяқ кийим, қурылыс материаллары ҳәм автомобиль санааты сыяқлы жетекши тармақлардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына пахта талшығын қайта ислеў қуўатлылықларын 80 процентке жеткериў, жаңа кәрханалардың есабынан экспорт номенклатурасын диверсификациялаў ҳәм географиясын кеңейтиў тапсырылды.
Мәмлекетимиз экспортёрларының потенциаллы базарларға кириўин жеңиллестириў ушын жеңиллетилген саўда режимин енгизиў, «GSP+» улыўма преференциялар системасына қосылыў бойынша да көрсетпелер берилди.
Мәжилисте мийўе-овощлардың экспорты мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды.
Мийўе-овощ егинлерин экспорт талабынан келип шығып оптимал жайластырыў, потенциаллы сыртқы базарларда саўда үйлери ҳәм дилерлик тармақларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Қәнигелескен 55 районда мийўе-овощларды жетистириўди кластер түрине өткериў мәселесине де тоқтап өтилди.
«Өзстандарт» агентлигине аймақлық ҳәкимликлер менен биргеликте 155 фермер хожалығында «Global G.A.P.» халықаралық стандартын енгизиў, Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясына аўыл хожалығы өнимлерин сыртқы базарлардың талапларына муўапықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Экспорт жумысының тартымлылығын арттырыў ушын экспорт ҳәм экспорталды қаржыландырыў системасын шөлкемлестириў, тасыў қәрежетлерин қаплаў механизмин кеңейтиў бойынша илажлар белгиленди.
Видеоселектор мәжилисинде инвестицияларды тартыў мәселелери талланды.
Өткен жылы барлық дәреклер есабынан өзлестирилген инвестициялардың дерлик 30 процентин тиккелей сырт ел инвестициялары қурады. Санааты раўажланбаған, алыс районларға да үлкен инвестициялар кирип барды. Улыўма баҳасы 5,4 миллиард доллар болған 145 тармақлық ҳәм 167 аймақлық жойбарлар иске қосылды.
Усы жылдан баслап Инвестициялық бағдарламалар жаңа система тийкарында ислеп шығылды. 2020-жыл ушын 1569 жеке меншик ҳәм тиккелей инвестициялық жойбарлардың дизими тастыйықланды. Бул бағдарламаға тийкарланып усы жылы 233 триллион 200 миллиард сум, соның ишинде, 7,1 миллиард доллар муғдарында тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң өзлестирилиўи нәзерде тутылған.
Мәжилисте тармақлар ҳәм аймақлардың басшыларына бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар белгилеп берилди.
Тийисли министрлик, уйым ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшыларына тармақ жойбарларын өз ўақтында иске қосыў бойынша жуўапкершилик жүкленди. Аймақларда әмелге асырылатуғын тиккелей инвестициялардың қатнасыўындағы ҳәр бир жойбарға республикалық уйымлардың басшылары жуўапкер сыпатында бириктирилди.
Жуўапкерлерге келешектеги жойбарлар бойынша жойбаралды жумысларын жуўмақлап, сырт елли инвесторлар менен шәртнамаларға қол қойыў ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў бойынша көрсетпелер берилди.
Видеоселекторда усы жылы бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарлардың орынланыўы да додаланды.
Президентимиз бюджет қаржыларының нәтийжели жумсалыўы, белгиленген 2 мың 190 объектте қурылыс-оңлаў жумысларының нәтийжели орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Усы жылы 372 балалар бақшасы, 343 мектеп, 228 медициналық мәкеме, 61 жоқары оқыў орны, 44 спорт объекти, 187 ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы, 241 ирригация ҳәм мелиорация объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары белгиленген.
Өткен жылы басланған жойбарларды сапалы әмелге асырыў, жаңа объектлер бойынша тендер саўдаларын жуўмақлаў ҳәм қаржыландырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президентимиз инвестициялық жойбарларды ислеп шығып, әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў, инвестициялардың нәтийжелилигин баҳалаўда машқалалар сақланып атырғанын атап өтти.
Жуўапкерлерге сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда тармақлар ҳәм аймақлар бойынша инвестиция стратегиясын ислеп шығыў, онда тартылып атырған инвестициялардың нәтийжелилиги ҳәм экономикалық-социаллық тәсирин баҳалаў, тиккелей сырт ел инвестицияларын бағдарлаў ушын жетекши тараўларды белгилеў ўазыйпасы қойылды.
Инвестициялық жойбарларды жайластырыўда биринши гезекте инфраструктураға жалғаныў имканиятлары ҳәм қәрежетлерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен және бири – локализациялаўды тереңлестириў арқалы ишки ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў болып есапланады.
Усы мақсетте 2019-жылдың жуўмағы бойынша локализация шеңберинде 800 ден аслам жойбарлар иске қосылды. Атап айтқанда, поливинилхлорид, катанка, электродивигатель, шийше ыдыслар, турмыслық техника, ҳәр қыйлы дәри-дәрмақлар ҳәм басқа да түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў өзлестирилди.
Усы жылдан баслап локализациялаў бағдарламасын жаңаша көзқараслар тийкарында қәлиплестиремиз, деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап айтқанда, 830 жойбар шеңберинде 9 триллион сумлық жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў режелестирилген.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы, «Өзагротехсанаат-холдинг» АЖ, «Өзавтосанаат» АЖ, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы, сондай-ақ, Ташкент қаласы, Ферғана, Хорезм, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары анық жойбарларды әмелге асырыўы керек екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети ҳәм Экономика ҳәм санаат министрлигине ҳәр бир министрлик ҳәм уйым менен биргеликте бир ай мүддетте 2020-жылдың локализациялаў бағдарламасына киргизилген жойбарлар бойынша тармақ кестелерин тастыйықлаў ўазыйпасы жүкленди.
Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, жойбарларды әмелге асырыўда тийкарғы итибар өнимниң бәсекиге шыдамлылығы ҳәм экономикалық нәтийжелилигине, өзине түсер баҳасын азайтыўға қаратылыўы керек.
«Өзстандарт» агенлигине исбилерменлик субъектлерине импорт орнын басатуғын санаат өнимлерин ислеп шығарыўды өзлестириўди стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине локализациялаў бағдарласмасы шеңбериндеги жойбардың өз ўақтында әмелге асырылыўы бойынша жеке қадағалаў орнатыў тапсырмасы берилди.
Экономика ҳәм санаат министрлиги, Саўда-санаат палатасына орынлардағы жуўапкерлер менен биргеликте Республикалық санаат ярмаркасы шеңберинде дүзилген шәртнамалардың орынланыўын толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлеў илажларын көриў ўазыйпасы қойылды.
Видеослектор мәжилисинде жуўапкер басшылардың есабаты тыңланды, келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.