Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Санлар емес, нәтийже әҳмийетли

2019-12-31 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жылдың соңғы жумыс күнинде парламент палаталарының басшылары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер адамлары менен ушырасып, жыл жуўмақларын шығарды, 2020-жылғы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Мәмлекетимизде барлық тараўларда исенимли реформалар әмелге асырылмақта. Экономика тармақларын заман талаплары тийкарында модернизациялаў, аймақлардың имканиятларын толық жүзеге шығарып, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Басламалар ҳәм усыныслар қоллап-қуўатланып, финанслық, шөлкемлестириўшилик тәреплери шешип берилмекте.

Бундай кең көлемли жумыслардың нәтийжеси ҳәр бир тараўда сезилмекте. Бурын илажсыздай түйилген мәселелерге шешим табылмақта. Ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс шараяты жақсыланбақта, әпиўайы адамлар мәмлекеттен, турмыстан разы болмақта.

Елимиздеги өзгерислерди дүнья жәмийетшилиги де тән алмақта. Атап айтқанда, дүньядағы ең абырайлы басылымлардан бири болған Уллы Британияның «The Economist» журналы Өзбекстанды 2019-жылы ең жедел реформаларды әмелге асырған мәмлекет – «Жыл мәмлекети» деп атап өтти.

Сондай-ақ, Жәҳән банкиниң 2019-жылғы «Бизнес жүргизиў» рейтингинде де Өзбекстан ең алдынғы реформатор мәмлекетлер қатарынан орын алды.

Бундай табыслар 2020-жылда да даўамлы болыўы, және де жақсыланыўы ушын тармақлар менен аймақларды раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарларды орынлап,  ең жоқары нәтийжелерди тәмийинлеў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы бүгин ерисилген нәтийжелер еле ийеленген шек емеслигин, алдымызда халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин арттырыў, имканиятлардан кеңирек пайдаланыў ушын 2020-жыл сынақ жылы болатуғынын атап өтти.

Мәжилисте 2019-жылда жол қойылған қәтелерден дурыс жуўмақ шығарып, 2020-жылға белгиленген илажларды әмелге асырыў, жуўапкер орынлаўшыларды ҳәм мүддетлерди белгилеп алыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, тиккелей орынларға барып, олардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм турақлы қадағалаўды тәмийинлеў кереклиги атап өтилди.

Министрлер Кабинети атқарыў ҳәкимиятының жумысын нәтийжели шөлкемлестирип, ҳәр бир министрлик, мәмлекетлик комитет ҳәм басқа да уйымлардың 2020-жылдың ҳәр шереги ушын жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлерин ислеп шығыўын ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаўға алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Келеси жылда мәмлекетлик кәрханаларды нәтийжели басқарыў ҳәм экономикада мәмлекеттиң үлесин азайтыў бойынша үлкен өзгерислер ислеў зәрүрлиги атап өтилди.

Инвестициялық бағдарламадағы инфраструктура объектлерин қурыў ҳәм иске қосыў бойынша жаңа система енгизиў, транспорт, әсиресе, темир жол ҳәм авиация тараўында басланған реформаларды жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.

Қурылыс – жумысты бөлип алып ислеў ҳәм жойбарлаў базарын тәртипке салыў, бул базарда еркин бәсеки орталығын ҳәм заманагөй қала қурылысы нормаларын енгизиў, қурылысты арзанлатыў бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, ишимлик суўы, ыссылық тәмийнаты тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, инфляцияны төменлетиў, баҳаны қәлиплестириўди толық базар қатнасықларына өткериў, еркин бәсеки орталығын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, тутыныў товарларын, әсиресе, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм қәрежетлерди азайтыў арқалы баҳаның кескин артыўына жол қоймаў керек.

Банк тараўындағы реформаларды даўам еттириў, қолайлы ҳәм сапалы банк хызметлерин кеңейтиў де әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халқымыздың исбилерменлик басламаларын арттырыў, ийек артыўшылық кейпиятынан қутқарыў мәселелерине де итибар қаратылды. Мәмлекетимизде қолайлы бизнес орталығын жаратыў, соның ишинде, салық ҳәкимшилигин және де жетилистириў, мәлимлеме технологияларын кеңнен қолланыў ҳәм инсан факторын максимал қысқартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сыртқы саўда ҳәм инвестиция бағдарындағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, тиккелей инвестицияларды ҳәм сырт ел кредитлерин нәтийжели жумсаў, оларды анық нәтийже беретуғын жойбарларға бағдарлаў, инвесторлар менен мәнзилли ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, сырт елге сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестирип, анық нәтийжелерди тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Экономикамыздың экспорт потенциалын арттырыў, экспорттың қурамын ҳәм географиясын диверсификациялаў, жаңа базарларға шығыў ушын сыртқы саўданы түп-тийкарынан жетилистириў талап етиледи. Бажыхана, стандартластырыў, карантин сыяқлы тараўларды реформалап, оларды исбилерменниң жәрдемшисине айландырыўды талап етеди.

Мәжилисте билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм басқа да социаллық тараўлардағы реформаларды избе-из даўам еттириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Келеси жылда туристлердиң ағымын  7,5 миллионға жеткериў ҳәм хызметлер экспортын 1,5 миллиард доллардан арттырыў бул тараўдағы ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпа екенлиги көрсетип өтилди.

Жасларды, әсиресе, қызларды шаңарақлық турмысқа таярлаўға итибарды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Президентимиздиң атап өткениндей, шаңарақ алдындағы жуўапкершиликти аңлаў, психологиялық таярлық ҳәм шаңарақтағы қатнасықларды дурыс орнатыў, шаңарақта саламат орталықты жарата алыў зәрүр.

Агросанаат комплексине киретуғын тармақ ҳәм тараў басшылары ушын Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў келеси жыл ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Бунда пахта, ғәлле, салы кластерлерине зәрүр шараятлар жаратыў, жаңа системада пайда болатуғын машқалаларды турақлы таллап, оларды сапластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте нефть-газ, химия тармақлары, энергетиканы раўажландырыў, усы тараўларға жеке меншик сектор ҳәм инвестицияларды жедел тартыў, шийки зат қазып алыўды көбейтиў бойынша зәрүр тапсырмалар берилди.

Мәжилисте белгиленген тапсырмаларды толық ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын барлық басшылар өз системасында төменге түсип, хызметкерлер ҳәм ресурсларды максималь дәрежеде мобилизациялаўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

Президентимиз тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатының Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасының Спикери, Бас министр ҳәм ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары шығып сөйлеп, берилген тапсырмаларды сапалы орынлаў бойынша тараўларда системалы жумысларды жолға қоятуғынлығын атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться