Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент жаңа кәрханалардың экономикалық нәтийжелилигине ҳәм экологиялық тазалығына айрықша итибар қаратты

2019-12-28 | Сиясат

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде қурылып атырған жаңа кәрханалардың қурылысын барып көрди.

«Наўайыазот»АЖ дерлик 9 мың жумысшы- инженер мийнет ететуғын, 70 тен аслам сийрек-ушырасатуғын өним ислеп шығаратуғын үлкен кәрхана болып есапланады. Оны модернизациялаў, қуўатлығын кеңейтиў мақсетинде үш ири инвестициялық жойбар режелестирилген еди.

Мәмлекетимиз басшысы усылардан екеўи-аммиак ҳәм карбамид және азот кислотасын ислеп шығарыў кәрханаларының қурылысын көзден өткерди.

Биринши жойбардың улыўма баҳасы дерлик 1 миллиард доллар болып, оның нәтийжесинде жылына 660 мың тонна аммиак ҳәм 580 мың тоннадан аслам карбамид алыў имканияты жаратылады. 500 ге шамалас жумыс орны пайда болады. Кәрхананы келеси жылда иске түсириў, жылына 136 миллион долларлық өнимди экспорт етиў режелестирилген.

Японияның «Mitsubishi Heavy Industries» ҳәм «Mitsubishi Corporation» компаниялары консорциумы менен биргеликте қурылып атырған жаңа кәрханада заманагөй технологияларды қолланыў есесине жылына  735 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленеди, атмосфераға шығатуғын карбонат ангидрид газлериниң муғдары азаяды.

Президентимиз кәрхананың жумысшылары ҳәм инженерлери менен сәўбетлести. Бундай өндирис қуўатлықлары мәмлекетимиз экономикасы ушын әҳмийетли екенлигин, жоқары нәтийжелиги менен көплеген тармақларға, халқымызға үлкен пайда келтиретуғынлығын атап өтти.

«Наўайыазот»да қурылып атырған және бир ири кәрхана – Азот кислотасын ислеп шығарыў комплекси болып есапланады. Улыўма баҳасы 217 миллион долларға тең бул объект Швейцарияның «CASALE SA» компаниясы менен биргеликте қурылмақта.

Бул кәрхана жылына 500 мың тонна өним таярлаў қуўатлылығына ийе болады. Ҳәзирги күнде әсбап-үскенелер орнатылып, қурылыс-монтажлаў жумыслары тамамланбақта.

Оны 2020-жыл февраль айында иске түсирип, март айында биринши өнимин шығарыў режелестирилген.

Усы тәризде 55 жыл бурын қурылған, ҳәр тәреплеме ескирген азот кислотасы цехлары пайдаланыўдан шығарылды. Ең әҳмийетлиси, 1 тонна өним ислеп шығарыў ушын электр энергиясының жумсалыўы 18 есеге азаяды, ҳаўаны патасландыратуғын 150 мың тонна муғдардағы газлер услап қалынады.

Мәмлекетимиз басшысы бул фактор Наўайы ўәлаятының экологиясы, ҳаўаның тазалығы, халықтың саламатлығы ушын оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Дүньяда бул түрдеги заводлар тек еки мәмлекетте-Франция ҳәм Чехияда бар екенлигин атап өтиў зәрүр, «Наўайыазот»та қурылып атырғаны үшиншиси болып есапланады.

Поделиться