Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Венгрия делегациясы Тахтакөпир районында болды

2019-12-18 | Сиясат

Венгрияның Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси мырза Санто Петер ҳәм сыртқы экономикалық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ваник Яноша Тахтакөпир районында сапарда болды.

Делегация ўәкиллерин район ҳәкими Ж.Адилов күтип алып, район ҳәкимиятында мийманлар менен ушырасыў өткерди. 

Өткерилген ушырасыў даўамында өз-ара ғамхорлықты беккемлеў, районның имканиятларынан  пайдаланған ҳалда  шарўашылықты раўажландырыў, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўди жолға қойыў жойбарлары додаланды.

Ушырасыўдан кейин делегация ўәкиллери «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында шарўашылыққа тийкарланған  «Агрокомплекс Қарақалпақстан» кәрханасының  режелери менен танысып шықты.

Сапар жуўмағында делегация ўәкиллери ушырасыў даўамында алған жақсы тәсирлери ушын миннетдаршылықларын билдирди.

Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Б.Хабибуллаев қатнасты.

Поделиться