Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди
2019-12-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз экономикасы раўажланыўының быйылғы жылда күтилип атырған нәтийжелерин көрип шығыў ҳәм 2020-жылда социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ўазыйпаларын белгилеўге бағышланған мәжилис өткерди.
Мәжилисте жыл ақырына шекем қысқа ўақытта әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар додаланды. Атап айтқанда, тармақ кәрханаларында қолда бар резервлерди жумсаў, өним ислеп шығарыў көлемин арттырыў, нефть-газ, электр энергетикасы, химия санааты ҳәм басқа да ири кәрханалардың салық қарыздарлығын сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Инвестицияларды өзлестириў жағдайы да талланды. 31 жойбар бойынша артта қалыўшылыққа жол қойылғаны, 8 аймақлық жойбар нәтийжесиз деп табылғаны атап өтилди.
Мәжилисте экономикада 2020-жыл ушын белгиленген тийкарғы режелерди тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Келеси жылда жалпы ишки өним 5,5 процентке, санаат 6,5, аўыл хожалығы 4 ҳәм хызметлер 5,7 процентке өсиўи прогноз етилген.
Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банкке усы көрсеткишлерге ерисиўде жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерди ҳәзирден дурыс баҳалап, барлық уйымлардың жумысын муўапықластырып барыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығында үлкен резервлердиң бар екенлигин, бул тараў арқалы тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм былғары-аяқ кийим санааты, қайта ислеў тармақларын жедел раўажландырыў мүмкин екенлигин атап өтти. Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы шеңберинде келеси жылы әмелге асырылатуғын илажлар бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.
Санаат тармақлары, бәринен бурын, металлургия, нефть-газ ҳәм көмир қазып алыў, химия, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы санаатын турақлы раўажландырыў есабынан таяр өнимлердиң көлемин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Экономика ҳәм санаат министрлигине экономика тармақларын кепилленген ресурслар менен тәмийинлеп, кейинги жылда олардың турақлы ислеўине тийкар жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Дүньяда жүз берип атырған ҳәр қыйлы экономикалық қарама-қарсылықлар тәсирине итибар қаратылып, келеси жыл қыйын ҳәм сынақ жылы болатуғыны атап өтилди. Зәрүр илажлар көрип, өним ҳәм хызметлер экспортының быйылғы жылға салыстырғанда кеминде 20 процентке өсиўин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.
Ишки базарды тутыныў товарлары менен толықтырыў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды. Азық-аўқат өнимлериниң баҳасы тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў, бул ушын өним жетистирилиўинен қайта исленип, базарда сатылғанға шекемги процессти толық қамтып алған ҳалда қадағалаў бойынша жуўапкерлер белгиленди.
Режелестирилген 201 әҳмийетли инвестициялық жойбарды өз ўақтында иске түсириў, сондай-ақ, 2020-2022-жыллар ушын мөлшерленген Инвестициялық бағдарлама жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Аймақлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаңа киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў арқалы келеси жылы 400 мыңға шамалас жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған. Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге усы бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестирип, белгиленген режелерди сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар берди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша есаплар тыңланды, зәрүр илажлар белгиленди.