Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мәмлекетлик активлерди нәтийжели басқарыў мәселелери додаланды

2019-12-11 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды реформалаў нәтийжелилиги ҳәм усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында экономикада мәмлекет қатнасын басқышпа-басқыш азайтыў мақсети де белгиленген. Усыған муўапық, быйыл 14-январьда Президентимиздиң «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Өткен дерлик бир жыл даўамында кәрханалардың устав капиталындағы мәмлекет үлесин нәтийжели басқарыў, экономикалық әззи кәрханаларды финанслық жақтан саламатландырыў бойынша белгили жумыслар әмелге асырылды.

Таллаўларға қарағанда, бүгинги күнде мәмлекетимизде 2819 мәмлекет қатнасындағы кәрхана бар. Олардың көпшилиги ески усылда, нәтийжесиз жумыс ислегени себепли ҳәттеки дивиденд төлей алмайды.

Президент бул жағдайды кескин сынға алды.

Мәмлекет қатнасын ҳеш зәрүр болмаған тараўларда да сақлап турмыз. Мәмлекетлик кәрханаларды басқарыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў, олардың функцияларын жеке меншик секторға бериў бойынша еле сезилерли өзгерислер болмады, – деди Президент Мирзиёев.

Сол себепли, мәжилисте 2020-жылы мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды басқарыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгиленди.

Дәслеп, бундай кәрханаларды реформалаў ямаса сапластырыў, сақлаў ямаса жеке меншик секторға бериў мәселесин үйрениў бойынша Бас министр, оның орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлериниң басшылығында жумысшы топарлар дүзилди.

Соның ишинде, мәлимлеме технологиялары тараўында 140 кәрхана, аймақлардағы коммунал, қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў субъектлерине тийисли 1573, геология, металлургия, финанс шөлкемлери бойынша 137, жеңил санаат, машина қурылысы ҳәм электротехника тармақларында 49, социаллық тараў, туризм ҳәм фармацевтика бағдарларында 449, химия, нефть-газ, энергетика тараўларында 42, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағында 330, санаат зоналарында 99 кәрхана бойынша өз алдына жумысшы топарлар дүзилип, олардың ҳәр бирине қаржы министриниң орынбасарлары бириктирилди.

Жумысшы топарларға бир ай мүддетте ҳәр бир кәрхананы толық хатлаўдан өткерип, олардың рентабельлиги, ҳәзирги қуўатлылығы ҳәм перспективасын таллаған ҳалда, 2020-жылға мөлшерленген анық реже ҳәм усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Көплеген компаниялар қаржы есабатын жүргизиў, ишки қадағалаў ҳәм аудит өткериў, басқарыўға бийғәрез ағзаларды киргизиў сыяқлы мәселелерде ақсап атырғаны көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге бул компанияларда корпоратив басқарыўды кеңнен енгизиў, базалық тараўлардағы 32 ири кәрхананы реформалаўды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Нәтийжелиликтиң әҳмийетли көрсеткишлери – KPI (Key Performance Indicators) ҳәр бир кәрханада ислеп шығылыўы ҳәм турақлы қадағаланыўы керек екенлиги атап өтилди. Мәмлекетлик үлес бойынша дивидендлердиң есапланыўын ҳәм бюджетке өткерилиўин қадағалаў системасын жетилистириў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Транспорт министрлигинде Жойбарлаў офисин дүзип, усы тараўдағы кәрханаларға жеке меншик секторды тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Меншиклестириўге байланыслы көзқарасларды түп-тийкарынан жаңалаў, халықаралық экспертлерди тартып, бул бағдарда базар экономикасына тән ҳәм сәйкес системаға өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Меншиклестириў ҳәм корпоратив басқарыў бойынша қәнигелер таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың басшыларын бул бағдарда оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша зәрүр илажлар белгиленди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться