Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Келеси жылда реформаларды жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди

2019-12-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-декабрь күни 2020-жылда тийкарғы бағдарлар бойынша реформаларды жеделлестириў, бул бағдардағы мақсетли параметрлерди белгилеў ҳәм тәмийинлеў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Дүнья базарында бәсеки барған сайын күшейип баратырған бүгинги күнде экономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ең тийкарғы ўазыйпа, заман менен үнлес болыўдың әҳмийетли шәрти екени атап өтилди.

Бул мәселе мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында болып келмекте. Экономиканы либералластырыў, теңдей бәсеки орталығын қәлиплестириў, локализациялаўды кеңейтиў, энергияның үнемлениўин арттырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша онлаған пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, бизнес субъектлерине зәрүр шараятлар жаратылды.

Лекин, реформалар реал турмыста өз көринисин жетерли дәрежеде таппай атыр. Мәжилисте түрли тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлер көрсетип өтилди, тийисли басшылардың жумысы кескин сынға алынды.

Мәселен, энергетика системасындағы жоғалтыўларды кескин азайтыў, сатылған электр қуўатының есабын дурыс жүргизиў ҳәм дебитор қарыздарлықты қысқартыў жумыслары жетерли дәрежеде алып барылмай атыр.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, тәбийғый газди қазып алып, транспортировкалаў ҳәм бөлистириўде ҳақыйқый мәнисинде есапқа алыў системасы жоқ. Әсиресе, газ ҳәм электр энергиясы тәмийнатындағы үзилислер халықтың хақылы наразылықларына себеп болмақта.

Соңғы 3 жылда кадастр тараўын реформалаў бойынша да қабыл етилген 10 ға шамалас қарар елеге шекем толық ислеп кеткени жоқ. Мәселен, жер ажыратыўдың онлайн аукцион системасы елеге шекем енгизилмеген, кадастр мағлыўматларын цифрластырыў жумыслары жуўмақланбаған. Ҳәзирги күнге шекем жерге болған ҳуқықтың жаңа түри ҳәм оны бериўдиң ашық-айдын механизмлери ислеп шығылмаған.

Қурылыс тараўында бүгинги күнге шекем ески стандартлар ҳәм нормалар сақланып қалынбақта, деди мәмлекетимиз басшысы. Жаңа инновациялық шешимлер ҳәм жойбарлар үстинде ислейтуғын қәнигелер таярлаўға улыўма итибар берилмей атыр.

Жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў, қурылысқа рухсатнама бериў ҳәм келисиў процесслери қағаз түринде әмелге асырылмақта. Жуўапкер шөлкемлерде өз-ара электрон бирге ислесиў жолға қойылмаған.

Мәжилисте транспорт тараўындағы машқалаларға да итибар қаратылды. Мысал ушын, жүк тасыў тарифлери көрерилгени себепли өнимлердиң өзине түсер баҳасы жоқарылығынша қалмақта. Халыққа қолайлы ҳәм арзан транспорт хызметлерин көрсетиў талап дәрежесинде емес.

Халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиўге жетерли итибар қаратылмай атырғаны да атап өтилди. Президенттиң атап өткениндей, профессор-оқытыўшылардың маманлығын баҳалаў өлшемлери заман талапларына сәйкес келмейди.

Бундай кемшиликлерди банк-финанс, салық, санлы экономика, коррупцияға қарсы гүресиў сыяқлы басқа тараўларда да бақлаў мүмкин.

Жәҳән  банкиниң жуўмағына бола, экономикамызда мәмлекетлик үлес елеге шекем жоқарылығынша қалмақта ҳәм бүгинги күнде 50-55 процентти қурайды.

Усы мүнәсибет пенен соңғы үш жылда қабыл етилген қарарлардың орынланыўын сын көзқарастан баҳалаў арқалы «ақсап атырған» 13 әҳмийетли бағдарда системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар ислеп шығыўға жуўапкер жумысшы топарлар дүзилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жумысшы топарлар тәрепинен быйылғы жыл 20-декабрьге шекем әмелге асырылыўы зәрүр болған илажларды белгилеп берди.

Бәринен бурын, атап өтилген ҳәр бир тармақ бойынша соңғы үш жылда қабыл етилген ҳүжжетлерди толық хатлаўдан өткериў, олардың турмысқа енгизилиў жағдайын сын көзқарастан үйрениў зәрүрлиги атап өтилди. Себеби айырым қарарларда орнатылған тәртиплер әмелде қолланылмай атыр. Мәселен, Жәҳән банки экспертлериниң пикиринше, Өзбекстанда исбилерменлик тараўындағы 97 реформадан тек ғана 24 и толық енгизилген.

Президент Шавкат Мирзиёев қарарларда белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў жағдайын сын көзқарастан таллаў, оған тосқынлық етип атырған машқалаларды анықлаў, оларды ҳәр бир тараў, бағдар ҳәм аймақ кесиминде шешиў бойынша тапсырмалар берди.

Жуўапкерлерге 2020-жылда әмелге асырылатуғын илажлар, олардың жуўапкер орынлаўшылары, анық мүддетлери ҳәм қаржыландырыў дәреклерин көрсеткен ҳалда «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул ҳүжжетлерде ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ бойынша исленетуғын жумыслар және келеси жылы ерисилетуғын шеклер өз көринисин табады.

Реформаларды жеделлестириў ҳәм «жол карталары» орынланыўын сапалы тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир бағдар бойынша «жойбарлаў офислерин» шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бундай структуралардың тийкарғы ўазыйпасы белгили бир илаж бойынша анық механизмлер ислеп шығыў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиўден ибарат болады.

Белгиленип атырған жумыслардың орынланыўын сапалы шөлкемлестириўге кең жәмийетшилик, исбилерменлер, халықаралық финанс институтларының қәнигелери, сырт ел экспертлерин тартыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис қәрежетлерин ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў, сол арқалы бәсекиге шыдамлылықты арттырыў 2020-жылғы ең тийкарғы ўазыйпа болыўы кереклигин атап өтти.

Тармақлардың басшылары тийкарғы итибарды инвестициялардың нәтийжелилигине қаратыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Реформалардың орынланыўы сөзсиз тәмийинлениўи ушын сондай қадағалаў системасы белгиленди, оған муўапық, Өзбекстан Бас министри ҳәр еки ҳәптеде жумысшы топарлар тәрепинен орынланған жумыслар, анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша ислеп шығылған усынысларды додалап барады. Жуўапкер тараў басшысы ҳәр айда анық бир аймақ мысалында орынланған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери бойынша Министрлер Кабинетинде презентация өткереди. Мақсетли индикаторларды тәмийинлемеген басшының жеке жуўапкершилиги көрип шығылады.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жумысшы топарлардың басшылары ҳәм оларға бириктирилген жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться