Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзи
2019-12-01 | Сиясат
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, сиз, ҳүрметли досларымды – Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилерин ҳәм делегациялардың ағзаларын шын жүректен қутлықлайман.
Бул Мәсләҳәт ушырасыўының өткерилиўи мәплеримиздиң өз-ара бирдейлиги, регионаллық раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша ашық-айдын сөйлесиў ҳәм биргеликте қарарлар қабыл етиўге таяр екенимизди және бир рет айқын тастыйықлайды.
Биз ҳәзир ғана тар шеңберде өткерилген сөйлесиўлерде бирге ислесиўимиздиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын ҳәр тәреплеме додаладық ҳәм мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық және шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги ҳаққында исенимли пикирге келдик.
Бизге белгили Орайлық Азия геостратегиялық жайласыўына бола, мың жыллар даўамында дүньялық көлемдеги процесслер орайында болып келген.
Бизиң регионымыз бәрқулла өзиниң бай мәдений-тарийхый мийрасы менен Европа, Жақын Шығыс, Қубла ҳәм Шығыс Азияны байланыстыратуғын бийбаҳа көпир болып хызмет еткен.
Усы қутлы жерде дүнья цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы гуманист илимпазлар, ойшыл ҳәм шайырлар жасап дөретиўшилик пенен шығылланған. Бул жерде үлкен тәбийғый ресурслар, үлкен адамгершиликли потенциал бар.
Бүгинги күнде де Орайлық Азияда дүньяның бәсекиге шыдамлы қүдиретли мәмлекетлердиң мәплери өз-ара кесилиседи.
Бизге тиккелей жақын болған аймақларда регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликке тәсир ететуғын ири турақсызлық орайлары бар.
Бизиң алдымызда қурамалы сораўлар тур: Орайлық Азия қаншелли избе-из ҳәм турақлы раўажланады? Бизиң мәмлекетлеримиз қандай жаңа қәўип-қәтер ҳәм қәўиплерге дус келиўи мүмкин? Биз, улыўма мәплеримизден келип шыққан ҳалда, регионаллық бирге ислесиўимизди буннан кейин қалай алып барамыз?
Бүгин биз, әне, усындай әҳмийетли турмыслық сораўларға биргеликте жуўап табыўымыз керек.
Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!
Регионның ҳәр бир мәмлекети Орайлық Азияның турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосып келмекте. Сиясий ерк-ықрар ҳәм әмелий қәдемлеримиз себепли биз бирге ислесиўдиң және де жоқары басқышына көтерилмектемиз.
Бизиң аўызбиршилигимиз ҳәм жедел ис-ҳәрекетлеримиз көп қырлы регионаллық бирге ислесиў ушын жаңа имканиятларды ашып берди. Биз қысқа мүддетте биргеликте реал тәризде алға илгерилеўге еристик.
Атап айтқанда, Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми соңғы жылларда 2 есеге, қоспа кәрханалардың саны 4 мәртеге өсти.
Биз шериклеримиз бенен биргеликте шегараларымызда ҳуқықый рәсмийлестириў жумысларын жуўмақлаў алдында турмыз. Алпысқа шамалас өтиў пунктлериниң толық жумысын тәмийинлеп, визаларды бийкар еттик.
Исбилерменлик ҳәм аймақлараралық байланыслар, транспорт қатнаўлары, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.
Өткен жылы Өзбекстанда биринши Орайлық Азия экономикалық форумы және мәмлекетлеримиздиң Бас министрлери орынбасарлары дәрежесинде Жумысшы топардың дәслепки ушырасыўы болып өтти.
Он жыллық тәнепистен соң 2018-жылы Түркменстанда Аралды қутқарыў халықаралық қорының мәжилиси болып өтти.
Мәмлекетлеримиздиң БМШ Қәўипсизлик кеңесинде Аўғанстан бойынша сөйлесиўлердиң алып барылғаны, Орайлық Азияда радиация қәўипсизлигин тәмийинлеў, «Турақлы раўажланыў ушын суў» ҳәрекетлериниң халықаралық он жыллығы, Энергетикалық хартияның Ашхабад декларациясы қабыл етилгени, Орайлық Азия бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының резолюциялары ҳәм усы сыяқлы басқа да көплеген кең түрде тән алынған халықаралық басламалары жақсы белгили.
Булардың барлығында турақлы бир тенденция – мәмлекетлеримиздиң бийғәрез роли ҳәм улыўма келешек ушын жуўапкершилиги күшейип баратырғаны көзге тасланбақта.
Соны қанаатланыўшылық атап өтпекшимен, Орайлық Азия мәмлекетлери регионаллық ҳәм глобал мәселелер бойынша барған сайын көбирек улыўмалық позициядан турып пикир билдирмекте.
Бизиң региондағы өз-ара жақынласыўымыз ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўимиз – бул заман талап етип атырған ҳәм артқа қайтпайтуғын процесс екенин тастыйықламақшыман. Ол беккем сиясий таңлаўға тийкарланған болып, терең тарийхый факторларға ийе ҳәм кимниңдур мәплерине қарсы қаратылған емес.
Бул бағдарда, бирликти ҳәм аўызбиршиликти беккемлеген ҳалда, биз избе-из ҳәм турақлы раўажланып атырған регионымыздың, демек, перспективалы ҳәм исенимли халықаралық шериктиң қәлиплесиўине үлес қоспақтамыз.
Нәтийжеде дүньяда Орайлық Азияға итибар избе-из артып бармақта, бизиң биргеликте алға қойып атырған басламаларымызды қоллап-қуўатлаўға жетекши мәмлекетлер ҳәм халықаралық финанс структураларының қызығыўшылығы барған сайын күшеймекте.
Усы мүнәсибет пенен регион мәмлекетлериниң сырт елли шериклер менен түрли форматларда жақын ҳәм системалы сөйлесиўин ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми және басқа да халықаралық ҳәм регионаллық структуралары шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли, деп есаплайман.
Ҳүрметли делегация басшылары ҳәм ағзалары!
Кеңейип баратырған регионаллық шерикликтиң тийкарғы бағдарлары ҳаққында сөз еткенде, төмендегилерди айрықша атап өтпекшимен.
Биринши. Саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм энергетика тараўларындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўға бар күш ҳәм имканиятларды жумсаў әҳмийетли болып есапланады. Олар пүткил регионның жедел раўажланыўын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары болып табылады.
Бул бағдарда Орайлық Азия инвестициялық форумын ҳәм мәмлекетлеримиз саўда-санаат палаталарының дәслепки мәжилисин өткериў, Транспорт-коммуникациялар бойынша регионаллық кеңести шөлкемлестириўди тезлетиўди усыныс етемиз.
«Бир саяхат пенен – пүткил регион бойлап» принципи тийкарында қоспа бағдарламаларды алға қойыў ушын Халықаралық туризм конференциясын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Екинши. Бас министр орынбасарлары ҳәм сыртқы ислер министрлериниң көп тәреплеме ушырасыўларын турақлы шөлкемлестириў менен бирге Орайлық Азия мәмлекетлери Парламентлераралық дослық топарын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Үшинши. «Орайлық Азия – бирден-бир өтмиш, улыўмалық келешек» сүрени астында мәдений-гуманитарлық алмасыў платформасының жаратылыўы барлық халықларымыздың мәплерине жуўап береди, деп ойлайман.
Сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңыз бенен илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында ерискен үлкен табыслары ушын Орайлық Азия сыйлығын шөлкемлестириў, сондай-ақ, университетлер форумларын ҳәм регионаллық спорт ойынларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте.
Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдында гезек пенен ҳәр бир мәмлекетте Орайлық Азия мәденият күнлерин өткериўди әҳмийетли, деп есаплаймыз. Булардың барлығы туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етеди.
Төртинши. Регионның қурамалы суў ҳәм экологиялық машқалаларын шешиў өз-ара муўапықластырылған көзқарасларды талап етеди.
Инновациялық технологияларды тартыў, «жасыл экономика» принциплерин енгизиў, шөлистанлықтың унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ҳәм басқа да комплексли илажларды қабыл етиў мақсетинде БМШ қәўендерлигиндеги Аралбойы регионы ушын Траст фонды имканиятларын нәтийжели иске қосыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўдиң ҳәмме ушын мақул шешимин излеўди даўам еттириў зәрүр.
Бесинши. Ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпа – регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўден ибарат.
Заманагөй қәўип-қәтерлерге кең көлемде қарсы турыў ушын мәмлекетлеримиздиң ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлериниң оператив бирге ислесиўи бойынша жумысшы механизмлерди жаратыў тәрепдарымыз.
Аўғанстан бизиң регионымыздың ажыралмас бир бөлеги. Усы мәмлекетке тынышлық ҳәм раўажланыў жолына исенимли қәдем қойыўы ушын жәрдем бериў бәршеимиздиң улыўмалық мәплеримизге толық сәйкес келеди.
Машқаланы сиясий жол менен шешиў бағдарындағы тийкарғы принциплерге әмел етиў зәрүр, деп есаплаймыз. Бәринен бурын, бул – зорлықтан ўаз кешиў, оқ атыўды тоқтатыў, сөйлесиў ҳәм келисиўге таярлықты көрсетиўден ибарат.
Буннан тысқары Аўғанстанда әҳмийетли инфраструктура ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бул елди регионаллық саўда-экономикалық байланысларға жедел тартыўға қаратылған муўапықластырылған қатнасларды ислеп шығыў оғада әҳмийетли болып есапланады.
Ҳүрметли дослар!
Бүгин соны исеним менен айтыў мүмкин, бизиң мәмлекетлеримиз арасында дерлик барлық тийкарғы бағдарлар бойынша көп тәреплеме қатнасықлардың жаңа системасы жаратылмақта.
Бул унамлы ҳәм исенимли процесстиң негизинде халықларымыздың өз-ара умтылысы ҳәм мәплериниң бирдейлиги жәмлескен.
Исенимим кәмил, бүгин белгилеп алынған барлық тийкарғы ўазыйпалар келешекте Орайлық Азияда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бизиң бирден-бир көзқарасымызда өз көринисин табыўы керек.
Биз өз-ара бирге ислесиўимиздиң тийкарғы мақсетлери ҳәм принциплерин келисип алыўымыз, инсан, капитал, товар ҳәм хызметлердиң ҳәрекети, сондай-ақ, кең көлемли мәдений-гуманитарлық алмасыўлар ушын қолайлы шараятлар жаратып бериўимиз зәрүр.
Бүгин Ташкентте болып өткен Мәсләҳәт ушырасыўы қатнасықларымызда жаңа бет ашып, Орайлық Азияда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликти беккемлеўдиң әмелий механизмлерин жолға қойыўға және қәлиплестириўге хызмет ететуғынына үмит етемен.
Итибарыңыз ушын рахмет.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги