Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Журналист ҳәм блогерлер ушын Мойнақ районына медиатур шөлкемлестирилмекте

2019-11-29 | Экология

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы бойынша қадағалаў басқармасы ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң аймақлық басқармасы журналистлер ҳәм блогерлер ушын Мойнақ районына медиатур шөлкемлестирип атырғанын жәриялады.

Медиатур 4-декабрь күни болып өтиўи жобаластырылған. Транспорт ҳәм аўқатланыў қәрежетлери шөлкемлестириўшилер тәрепинен төленеди.

Медиатурға қатнасыўды қәлеўшилер +99891 390-95-00 телефон номерине хабарласыўы мүмкин.

Поделиться