Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Орайлық азияда көп тәреплеме экономикалық бирге ислесиў механизмлери жетилистирилмекте
2019-11-15 | Экономика
Ташкентте 14-ноябрь күни Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының министрлер дәрежесиндеги 18-конференциясы болып өтти.
Илаж Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Азия раўажланыў банки менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда бағдарламаға ағза 11 мәмлекеттиң қаржы, сыртқы ислер, экономика, инвестиция ҳәм саўда тараўларының министрлери, халықаралық финанс институтлары, бирге ислесиўши мәмлекетлер делегацияларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Президенттиң кеңесгөйи Р.Ғуломов оқып еситтирди.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.Ғаниев, конференция баслығы, Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов, Азия раўажланыў банкиниң президенти Такехико Накао шығып сөйледи.
Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы транспорт инфраструктурасы, бажыхана бирге ислесиўи, саўда сиясаты ҳәм энергетика тараўында регионаллық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған. Бағдарлама шеңберинде өткен дәўирде тийкарғы бағдарларда өз-ара сөйлесиўди жеделлестириў бойынша бир қатар басламалар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2001-жылдан берли жәми 37 миллиард долларға тең 200 жойбар қаржыландырылды.
Усы жылы бағдарламаға Өзбекстан басшылық етпекте. Мәмлекетимиздиң басшылық еткен дәўиринде структураның жумысы шеңбериндеги илажлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Энергетика, транспорт, саўда ҳәм бажыхана тараўларында алдынғы тәжирийбени қолланыў, Азия раўажланыў банкиниң техникалық жәрдемин тартыў, экономикалық байланысларды және де беккемлеў бойынша бир қатар ис-ҳәрекетлер алып барылды.
Регионда экономикалық-социаллық бирге ислесиў ушын тийкар болып хызмет етип атырған бағдарламаның узақ мүддетли жаңа стратегиясы буннан еки жыл бурын қабыл етилген. Конференция даўамында бағдарлама хаткериниң бас әмелият кластери, стратегияның мақсетлерин әмелге асырыў бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Конференцияның секция мәжилислеринде транспорт ҳәм энергетика стратегиялары, оны 2030-жылға шекем әмелге асырыў перспективалары додаланды. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе экономикалық ўақыялар, процесстиң бағдарламаға ағза мәмлекетлерге тәсири көрип шығылды.
Быйыл транспорт ҳәм энергетика тармақларын раўажландырыў бағдарламаларын 2030-жылға шекем мөлшерленген стратегияның улыўма бағдарлары менен сәйкеслендириў ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлер талабының артып барыўына тезлик пенен жуўап қайтарыў механизмлерин жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлери сезилерли жеделлести.
Илажда бул бағдардағы жумыслардың нәтийжеси сыпатында ислеп шығылған бағдарламаның 2030-жылға шекем мөлшерленген транспорт ҳәм энергетика стратегиялары конференция қатнасыўшылары тәрепинен мақулланды.
– Конференция шеңберинде транспорт ҳәм энергетика тараўларына байланыслы жаңа стратегиялар тастыйықланғаны Ташкент конференциясының әҳмийетли ўақыясы болды, – деди АРБ вице-президенти, конференцияның биргеликтеги баслығы Шисинь Чен. – Бул стратегиялар исенимли, экологиялық таза ҳәм турақлы электр тәмийнатын жүзеге келтириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор арасында өткен пикирлесиў даўамында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизми арқалы бағдарламаға ағза мәмлекетлердиң аймағында туризмди турақлы раўажландырыў мәселелери додаланды. Тараўға инвестицияларды және де кеңнен тартыў ушын қолайлы шараят ҳәм жеке меншик сектордың усы бағдардағы қатнасыўын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар конференцияның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин ҳәм үлкен табыс пенен өткенин атап өтип, усы бағдарламаға ағза мәмлекетлер арасында көп тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға салмақлы үлес қосатуғынына исеним билдирди.