Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Исбилерменлерге мүрәжат қабыл етилди
2019-11-11 | Жәмийет
Усы жыл 11ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов республикамызда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен видеоконференцбайланыс арқалы пикирлесиў өткерип, олардың усыныс ҳәм машқалаларын тыңлады.
Мәлим болғанындай, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, исбилерменлерге барлық шараятлар жаратылып берилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы 7-ноябрь күни усы жылда мәмлекет бюджетине түсимлер прогнозының орынланыўын тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм киши бизнести орынларда буннан былай да раўажландырыў ушын қосымша имканиятларды анықлаў ҳәм иске қосыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги және бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде де буған айрықша итибар қаратты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң исбилерменлерге мүрәжаты оқып еситтирилди.
Видеоконференцияда исбилерменликти раўажландырыў, олардың машқалаларын унамлы шешиў, белгиленген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў, бюджет ҳәм экспорт прогнозының орынланыўы, валюта операцияларында қарыздарлықты кемейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Болып өткен ашық пикирлесиўде республикамыздың басшысы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға бәрҳа таяр екенлигин билдирип, оларды қыйнап атырған машқалаларды тыңлады.
Пикирлесиў даўамында исбилерменлер тийкарынан жеңиллетилген кредит, жер майданын ажыратыў, коммуналлық хызмет көрсетиў, өнимлерди экспорт етиў, бос турған объектлерди «ноль»лик баҳада сатып алыў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти ҳәм ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмады.
Мүрәжатлардың белгили бир бөлеги орнында өз шешимин тапқан болса, толық үйрениў талап етилетуғын мәселелер бойынша тийисли тараў басшыларына өзлери районларға шығып, исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларды шешиў бойынша ўазыйпалар
белгилеп берилди.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың өткен дәўиринде «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» мәлекетлик бағдарламасы тийкарында 13381 пуқараға 276 миллиард 718,7 миллион сум жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылды.
Сондай-ақ, улыўма майданы 198,6 гектардан ибарат 7 киши санаат зонасында бүгинги күни 123,6 миллиард сумлық 51 жойбар және 42,3 гектардан ибарат «Нөкис» еркин экономикалық зонасында 154 миллиард сумлық 3 жойбар иске түсирилди. Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасының Бас министриниң қабыллаўханасына келип түскен 1 мың 549 машқалалы мәселелерден 1502 мәселе унамлы шешилди.