Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлерине

2019-11-11 | Сиясат

Ҳүрметли дослар!

Ҳүрметли медицина хызметкерлери!

Бәринен бурын инсанның денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеўдей уллы иске өз өмирин бағышлаған сиз, әзизлерди елимизде кеңнен белгиленип атырған Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман.

Биз сизлердиң тымсалыңызда халықтың саламатлығы жолында өз тынышлығынан кешип, күнди түнге жалғап пидайылық пенен мийнет етип атырған мақтанышлы кәсип ийелерин көремиз.

Атақлы грек тәўиби Гиппократтың «Медицина барлық илим ҳәм өнерлер ишинде ең уллы илим ҳәм өнер болып есапланады», деген сөзлери машақатлы ҳәм ийгиликли мийнетиңизге берилген әдил баҳа болып есапланады.

Қәдирли ўатанласлар!

Өз халқының денсаўлығын сақлаў – ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийет ушын шешиўши әҳмийетке ийе актуал мәселе болып есапланады.

Елимиз аймағында әййемнен көплеген емлеў орынлары, тәўипшилик медреселериниң жумыс алып барғаны, Әбиў Али Ибн Сина сыяқлы ойшыл бабаларымыз жаратқан бийбаҳа шығармалар, олардың дәри-дәрмақ таярлаў ҳәм емлеў усылларының пүткил дүньяда белгили болғаны ата-бабаларымыздың бул тараўдың раўажланыўына қандай үлкен итибар қаратқанынан дәрек береди.

Мәмлекетимизде түпкиликли жаңаланыўларды бәринен бурын жәмийетлик турмысымыздың ең әҳмийетли бағдарларынан болған тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў және халықтың саламатлығын қорғаўдан баслағанымыз тосыннан емес.

Өйткени тынышлық ҳәм денсаўлық – бул ҳәр бир инсан, пүткил халқымыз ушын ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайтуғын уллы жемис болып табылады. Тек ғана саламат инсан ҳәм саламат халық мисли көрилмеген ислерге ерисе алатуғынын ҳәммемиз жақсы билемиз.

Өткен дәўирде денсаўлықты сақлаў системасында ерисилген унамлы нәтийжелер менен бирге, өз шешимин күтип атырған кемшиликлер менен машқалалардың да болғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Сол себепли кейинги үш жыл даўамында елимизде пуқаралардың мүрәжатлары, пикир-усыныслары ҳәр тәреплеме үйренилип, медицина тараўын терең реформалаў бойынша 170 тен аслам ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы пәрман тийкарында 2019-2025-жылларда Денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы және тийисли бағдарлама тастыйықланды.

Булардың барлығы бирлемши медициналық санитария және қыстаўлы ҳәм тез жәрдем буўынынан баслап, жоқары структураларға шекем жумысын шөлкемлестириўде тийкарғы итибарды инсан факторына бағдарлаў, медициналық хызметлердиң түрлерин кеңейтиў ҳәм сапасын халықаралық нормалар дәрежесине жеткериў бойынша жаңа имканиятларды жаратып бермекте.

Бизге белгили, кеселликти емлегеннен көре, оның алдын алыў шаңарақ ушын да, мәмлекет ушын да нәтийжели ҳәм пайдалы болып есапланады. Сол себепли мәмлекетимизде профилактикалық медицинаның раўажланыўына айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўди жақсылаў мақсетинде елимизде 817 аўыллық шыпакерлик пункти, 798 аўыллық ҳәм 178 қалалық шаңарақ поликлинкаларында ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары, қызлар саламатлығы ханалары, социаллық дәриханалар, күни-түни ислейтуғын тез медициналық жәрдем шақапшалары шөлкемлестирилди және 5 тар тараў қәнигелериниң жумысы жолға қойылды.

Физикалық шахслар ең көп мүрәжат ететуғын қыстаўлы ҳәм тез жәрдем бағдарында орайласқан бир пүтин система жаратылды. Тез жәрдем бригадаларының саны 818 ден 1666 ға жеткерилди ҳәм олар халық жасайтуғын аймақларға жақынластырылды. Автотранспорт паркин жаңалаў ушын 1500 ден аслам «Тез жәрдем» машиналары сатып алынды.

Және бир тийкарғы бағдар – репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаў бойынша миллий бағдарламалар әмелге асырылмақта. Аймақларымыздағы балаларды емлеў мәкемелеринде бурын қолда болмаған неонатал хирургия, кардиохирургия, инвазив хирургия, қызлар гинекологиясы сыяқлы жаңа бөлимлерде қурамалы емлеў әмелиятлары өткерилмекте.

Бундай жоқары дәрежеги өзгерислер елимизде ҳаял-қызлардың денсаўдығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар өлиминиң кескин азайыўында әҳмийетли фактор болмақта.

Сондай-ақ, патронаж хызмети пүткиллей жаңаша тийкарда жолға қойылды. Әсиресе, жалғыз, кексе, майыплығы болған, жуқпалы кеселликлерге шалынған шахсларды, болажақ аналар ҳәм балаларды патронаж хызметлери менен толық қамтып алыў бағдарында бийбаҳа ислер әмелге асырылмақта. Мийирбийкелердиң үйме-үй жүрип, ҳәр бир шахстың саламалығын пуқта үйрениўи себепли кеселликлердиң алдын алыў, шаңарақларда медициналық мәдениятты раўажландырыў бойынша салмақлы табысларға ерисилмекте.

Бизге белгили, қәнигелескен медициналық мәкемелер тийкарынан пайтахтта жайласқан болып, адамлар емлениў мақсетинде ўәлаятлардан узақ жол басып келиўге мәжбүр еди.

Кейинги ўақытта орынларда қосымша мәкемелердиң қурылыўы есабынан аллергология, онкология, нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы, неврология ҳәм инсульт, травмотология ҳәм ортопедия, нейрохирургия сыяқлы бағдарларға қәнигелескен орайлардың саны 16 ға жеткерилди. Аймақларда 310 қәнигелескен бөлимлер, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлардың 14 филиалы ашылды.

Тек ғана пайтахтымызда емес, ал Наманган, Хорезм, Ферғана, Бухара, Қашқадәрья ҳәм басқа да ўәлаятларда кардиохирургияға байланыслы ең қурамалы операциялар, жетекши орайларымызда бүйрек ҳәм баўыр, өзек клетка трансплантацияларының табыслы әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Тармақта жеке меншик сектордың үлесин арттырыў, мәмлекетлик жеке меншик шериклик және институционал ҳәм ҳуқықый механизмлердиң жаратылыўы оларға кең жеңилликлердиң берилип атырғанының нәтийжесинде бул бағдардағы емлеўханалардың саны 5300ден асты.

Сондай-ақ, қысқа ўақыт ишинде, АҚШ, Россия, Қытай, Германия, Ҳиндстан, Түркия, Қубла Корея, Израиль сыяқлы сырт ел мәмлекетлери менен бирге ислесиўде 100 ден аслам заманагөй жеке меншик клиникалар жумыс баслады.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 7 жоқары медициналық билимлендириў  орны ҳәм олардың 4 филиалы, сондай-ақ, сырт елдеги белгили медициналық-илимий мәкемелер менен биргеликте ислесиўде шөлкемлестирилген 22 халықаралық факультет тараўға жоқары маманлықтағы ҳәм жетик қәнигелерди жетистирип бермекте.

Республикамыздың фармацевтика санааты да избе-из раўажланып, арзан ҳәм сапалы дәри қуралларын кепилленген түрде жеткерип бериў, оларға баҳа белгилеўдиң тәсиршең формалары ислеп шығылмақта.

Денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыў көлеминиң бир неше есеге арттырылыўы реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етпекте. Мәселен, 2017-жылда тараўға 7,1 триллион сум бағдарланған болса, 2019-жылда бул көрсеткиш 12,1 триллион сумға жетти. Бул өткен жылларға қарағанда 1,6 есеге көп дегени. Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды сатып алыў және медициналық объектлерди қурыў-оңлаў жумысларына ажыратылып атырған қаржылардың көлеми де 3 есеге артты.

Соңғы үш жылда 1300 ден аслам емлеў мәкемесинде қурыў-оңлаў жумыслары әмелге асырылып, олар 2019-жылдың өзинде 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы заманагөй ҳәм жоқары технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Мәмлекетимиз тәрепинен шыпакерлердиң салмақлы мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың жумыс ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлеў, материаллық ҳәм мәнаўий жақтан хошаметлеўге қатаң итибар қаратылмақта. Бул сыяқлы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумыслары буннан кейин де үзликсиз даўам еттириледи.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Усы тармақта баслаған реформаларымызды жедел даўам еттириў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, тараўға инновацияларды және ең соңғы жаңалықларды енгизиў бәринен бурын тараў жуўапкерлерине илимпаз ҳәм шыпакерлерге, мийирбийкелерге үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлигиниң жумысын нәтийжели жолға қойыў, медициналық билимлендириў ҳәм илимди жоқары басқышқа көтериў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпалар алдымызда тур.

Ҳеш қандай гүмансыз, шын кеўилден ҳәм пидайылық пенен мийнет етип атырған сиз, пидайы ўатанласларымыз пүткил потенциал ҳәм тәжирийбеңиз, күш-жигериңизди жумсап, әне сондай үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаларды мақтаныш пенен орынлай аласыз.

Бәршемиз бир ҳақықыйқатты ядымыздан шығармаўымыз керек: медицина хызметкерлери – саламатлығымыздың сақшылары есапланады. Сизлер өзиңиздиң бай билим ҳәм қәбилетиңиз, алдынғы билимиңиз ҳәм көнликпеңиз, бийғәрез хызметиңиз, кәсибиңизге болған меҳир ҳәм садықлығыңыз бенен халқымыздың исенимин буннан былай да тереңирек ақлайсыз, деп исенемен.

Қәдирли медицина хызметкерлери!

Сизлерди әдиўли кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, үлкен табыслар, шаңарағыңызға бахыт, қут-берекет тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться