Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ШБШ Регионаллық антитеррор структурасының конференциясы
2019-11-07 | Қәўипсизлик тараў
Ташкентте 6-ноябрь күни ШБШ Регионаллық антитеррор структурасының (ШБШ РАТС) жетинши халықаралық илимий-әмелий конференциясы өз жумысын баслады.
Илажда ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, бақлаўшы және сөйлесиў бойынша шерик мәмлекетлер, сондай-ақ, БМШ, ҒМДА, ЕҚБШ ҳәм Азияда бирге ислесиў және исеним илажлары бойынша кеңес (АБИИК) сыяқлы абырайлы халықаралық структуралардың ўәкиллери қатнасты.
ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Жумахон Ғиёсов, ШБШ Бас хаткериниң орынбасары Се Сяоюн, мәмлекетимиздиң ШБШ ислери бойынша миллий муўапықластырыўшысы Раҳматулла Нурымбетов ҳәм басқалар бул конференцияда қатнасыў тилегинде болған бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм шөлкемлер санының өсип баратырғанын, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық көлемде қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған басламасы бунда айрықша әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.
ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы өз жумысын шөлкемге ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларына терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўде жәрдем бериў, бул бағдардағы жумысты муўапықластырыў, бирге ислесиўди беккемлеў тийкарында шөлкемлестирип келмекте.
Структура терроризмге қарсы гүресиўде халықаралық умтылысларды бирлестириў, сол арқалы дүньяда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге умтылады. Кең көлемдеги антитеррор системасын жаратыўда тийисли халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў, үзликсиз ҳәм беккем байланысларды орнатыўды мақсет еткен.
ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының тапсырмасына бола, ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы тәрепинен усы жылы бир қатар келисимлерге қол қойылды. БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң Терроризмге қарсы гүресиў комитети атқарыў директорлығы, Африка терроризмди үйрениў ҳәм изертлеў орайы менен бирге ислесиў ҳаққында, ҒМДА Антитеррор орайы және Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми менен бирге өз-ара түсинисиў меморандумлары усылар қатарына киреди.
Әнжуманда ШБШ аймағында терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша миллий тәжирийбе мәселелерине бағышланған сектор мәжилиси шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан, Қытай, Россия, Ҳиндстан, Иран сықлы жәми 15 мәмлекеттен келген экспертлердиң баянатлары тыңланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги