Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Əмиўдәрья» журналының 5-саны жарық көрди
2019-11-04 | Мәденият
Қарақалпақстан Республикасының көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Əмиўдәрья»ның 2019-жылғы 5-саны жарық көрди.
Быйыл Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы елимиз бойлап, соның ишинде, Қарақалпақстанда да жоқары дәрежеде үлкен табыслар менен күтип алынды.
Усы мүнәсебет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2019-жыл 28-августтағы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын бериў ҳаққында»ғы пәрманына тийкар Мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў, Ўатанымыздың абатлығын, турмысымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлери, жас әўладты Ўатансүйиўшилик, милий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қосқан үлеси және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги сыяқлы мийнетлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ерниязов Муса Тәжетдинович «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы, «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланды.
Журналдың бет ашарында мине, Сиз усы пәрман ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Х,Даўлетназаровтың Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына арналған «Қаҳарманлық» дөретпеси менен оқып танысасыз.
Онда Қарақапақстанға айрықша дыққат бөлип, халқымыздың жоқары сүйиспеншилигине ерисип киятырған Президентимизге журтласларының шын кеўилден рийзашылығын қосық қатарларында сәўлелендирген қәлем ийесиниң сөз саплаўлары Қаҳарманлыққа миясар болған Ел ағасын улығлаў менен уйғынласып кетеди.
Басылымның жаңа сандағы «Проза» рубрикасынан Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султановтың аўдармасында уллы қырғыз ҳәм қазақ дөретиўшилери Ш.Айтматов пенен М.Шохановтың «Тик жар астындағы аңшының зары» сәўбетлесиўи, сондай-ақ, шайыр ҳәм жазыўшы Ж.Өтениязовтың гүрриңлери орын алған.
Поэзия рубрикасында болса, елимизге белгили дөретиўшилер Ш.Халмуратова, Т.Жийемуратов, З.Янгибаева, Д.Хожаниязов, Б.Атамуратов ҳәм Т.Қәллиевлердиң дүркин қосықлары нәзериңизге усынылған.
Халқымыздың сүйикли, лирик шайыр қызларының бири Ш.Хамуратованың дәслепки топламы студентлик жылларында-ақ жарық көрген. Бир неше поэзиялық топламлары, нама қосықлар бүгинги күни де радио концерт бағдарламаларынан орын алып киятырған, сезимтал шайырдың журнал бетлериндеги қосықлары да оқығанларға айрықша заўық бағышлайтуғыны сөзсиз.
Сондай-ақ, «Мийрас» рубрикасы астында быйыл туўылғанына 80 жыл толған Т.Мәтмуратовтың «Ертеклерди қуўып жетип, озып баратыр» бир дүрким қосықлары да сизди күтпекте.
«Əдебият ҳәм илим» рубрикасында филология илимлериниң кандидаты Э.Ешниязова (Поэзиямыздың жарық жулдызы), С.Ибрагимов (Теңиздиң ҳәр тамшысында теңиз бар), Н.Сағидуллаев ҳәм М.Мәмбетниязова (Тилеўберген Жумамуратовтың балаларға арналған дөретпелери), сондай-ақ, филология илимлериниң докторы Ж.Эшонқулов (Ертек ҳәм дәстанларда дәўлер образы)лардың илимий мийнетлери менен тансыўыңызға болады.
Д.Беласаров авторлығында «Публицистика» рубрикасы арқалы жәрияланған «Қарақалпақ ҳаққында сөз» шығармасында халқымыздың өзине тән өзгешеликлери сөз етилсе, «Сәният» рубрикасындағы көркем өнер изертлеўшиси У.Өтегенованың «… Жанлы» ағашлар, көркем дөретпелер…» шығармасы белгили мүсинши Д.Төрениязовтың дөретиўшилигине бағышланады.
«Дүнья әдебияты дүрданалары» рубрикасында журналдың өткен санларынан берли берилип киятырған Саадийдиң терең философиялық ҳәм әдеп-икрамлылық мазмунға бай «Гүлистан» атлы дәстанының даўамы берилген.
Жаңа сан бетлеринен «Жәмийеттимиз жемислери» рубрикасы да орын алған болып, онда журналист Қ.Жумағалиеваның «Шаңарақ шырағының шуғласы» шығармасы нәзериңизге усынылған.
Қарақалпақ фольклорында «Ҳәййиўлер» халық поэзиясының кең тарқалған түрлериниң бири болып табылады. Журналдың бәнт басары, «Кишкентай» рубрикасы арқалы мине, сиз оқыўшыларға Сейдин Əмирлан тәрепинен таярланған ҳәййиў қосықлары жәрияланған.
Сондай-ақ, журнал редакциясы басылым муқабаларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда Т.Мәтмуратов ҳәм Ш.Халмуратовалардың портрети ҳәм дөретиўшилик мийнет жолы, «Υлгили шаңарақ – 2018» Өзбекстан Республикалық таңлаўының жеңимпазы Р.Айбергеновлар шаңарағы ҳаққындағы фото-мағлыўматлар және художник Ə.Худайбергеновтың «Қаратаў» картинасы орын алған.
Жуўмақлап айтқанда, «Əмиўдәрья» журналының 2019-жылғы 5-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады,– деп ойлаймыз.
Ч.ЕЛМУРАТОВ