Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықты турақ-жай менен тәмийинлеў бойынша жаңа система енгизиледи

2019-10-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-октябрь күни халықты турақ-жай менен тәмийинлеў ҳәм ипотека базарын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Еслетип өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ-жайларды қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, арадан бир ай өтип, яғный 22-ноябрьде «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ-жайларды қурыў ҳәм реконструкциядан шығарыў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Көринип турғанындай, аўыллар да, қалалар да үлкен дөретиўшилик жумыслары менен қамтып алынды. Барлық орынлардағы турақ-жайлардың қурылысы жеделлик пенен әмелге асырылмақта.

2016-жылда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде аўылларда 13 мың турақ-жай, исбилерменлер тәрепинен 13 мың 189 квартиралы турақ-жай қурылған болып, оның ушын 4 триллион 330 миллиард сум жумсалған. 2017-жылда болса мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде дерлик 29 мың, соның ишинде, аўылларда 20,3 мың, қалаларда 8,5 мыңға шамалас турақ-жай бой тиклеген. Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен 16 мыңнан аслам квартиралы турақ-жай қурылған. Яғный, улыўма есапта дерлик 45 мың турақ-жай қурылып, оның ушын 6,2 триллион сум жумсалған.

Өткен жылы қурылыстың көлеми және де кеңейди. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 42,2 мың, соның ишинде, аўылларда 25,3 мың, қалаларда дерлик 17 мың турақ-жай, исбилерменлер тәрепинен жәми 19,7 мың квартирадан ибарат турақ-жайлар қурылған. Яғный дерлик 62 мың турақ-жай қурылып, 12 триллион 130 миллиард сум қәрежет жумсалған.

Усы жылдың өткен дәўиринде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде дерлик 30 мың, соның ишинде, аўылларда 15 мыңнан аслам, қалаларда 15 мыңға шамалас турақ-жай, соның ишинде, исбилерменлер тәрепинен болса жәми 19,5 мың квартираны өз ишине алған турақ-жайлар қурылған. Улыўмалық есапта дерлик 49,5 мың турақ-жай қурылып, оның ушын 12 триллион 24 миллиард сум бағдарланған.

Есап-санақлар бойынша, халқымыздың талапларын толық қанаатландырыў ушын ҳәр жылы 145 мың квартирадан ибарат турақ-жайларды қурыў керек. Оның ушын болса, дерлик 30 триллион сум керек болады. Бул қаржы мәмлекетлик бюджеттиң 23 процентинен көбирегин қурайды.

Өз-өзинен белгили, мәмлекетлик бюджеттиң бундай дәрежедеги бөлегин усы тараўға ажыратып болмайды. Сондай-ақ, мәмлекетлик жеке-меншик сектордың қатнасысыз халықтың талапларын толық қанаатландырыўы қыйын. Сол себепли, мәжилисте ипотека системасына басқышпа-басқыш базар механизмлерин енгизиў, тараўда жеке меншик сектордың ролин арттырыў мәселелери додаланды.

Жаңа системаға муўапық, көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылады. Мәмлекет тәрепинен жер ҳәм ипотека кредити ушын банклерге қаржы ажыратылады.

Турақ жайлардың баҳасы қымбат болып кетпеўи ҳәм қолайлы баҳада болыўын тәмийинлеў бойынша да зәрүрли илажлар көриледи. Атап айтқанда, 2020-жылдан баслап 16 мың шаңараққа басланғыш төлем ҳәм кредит процент қәрежетлери ушын бюджеттен субсидия ажыратылады. Бул субсидиялар арқалы турақ жайлар басланғыш төлеминиң 10 проценти және Ташкент қаласы ушын 12 процент, қалған қалаларда 10 проценттен жоқары кредит процентлери қаплап бериледи. Бул жаңа система келеси жылдан баслап Әндижан, Наманган, Ферғана, Бухара, Самарқанд, Ташкент ўәлаятларында ҳәм пайтахтымызда тәжирийбе түринде енгизиледи. Қалған аймақларда бурынғы тәртип сақланып қалынып, жаңа система оған бәсекилес болады.

Мәжилисте  турақ жайларды таңлаўда ҳақықыйқаттан да мүтәжлиги бар шаңарақларды таңлап алыў нормаларының жоқ екенлиги, таныс-билислик ҳәм өз мәпине пайдаланыў жағдайларының бар екенлиги сынға алынды.

Жуўапкерлерге кем тәмийинленген шаңарақларды таңлап алыўдың ашық-айдын нормасын ислеп шығыў, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң районлық (қалалық) бөлимлеринде Турақлы жумысшы комиссияларын дүзиў бойынша тапсырма берилди. Комиссияда банк, қаржы, салық, мәҳәлле ҳәм басқа да уйымлардан ўәкиллердиң қатнасыўы, турақ жайларды бериў кең жәмийетшилик пенен додаланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте аўылларда турақ жай қурыў системасын реформалаў мәселесине де итибар қаратылды. Бул бойынша да бәсеки ҳәм сапа болыўы ушын буйыртпашы функциясы «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясынан басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткерилетуғыны белгиленди. 2020-жылда 12 мың турақ жайдан 8 мың турақ жай әмелдеги тәртип бойынша, 4 мың турақ жай жеке меншик сектор тәрепинен қурылатуғыны нәзерде тутылған. Усы мүнәсибет пенен Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигине турақ жайларды жеке меншик сектор тәрепинен қурыўдың жаңа тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Турақ жайлардың баҳасын арзанлатыў ҳәм сапасын арттырыў ушын инновациялық қурылыс материалларынан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәселен, гербиштиң орнына газобетон ҳәм пенобетоннан пайдаланылса, өндиристе газдиң жумсалыўы 8 есеге азаяды және ыссылықты сақлаў 5 есеге көбейеди.

Мәжилисте, сондай-ақ, қала қурылысы нормаларын жетилистириў, аўылларда қурылып атырған турақ-жайларды инженерлик инфраструктурасына жалғаў, егислик жерлерге  өз басымшалық пенен турақ-жай қурылысының алдын алыў ҳәм қол қатылмаслығын күшейтиў мәселелери де додаланып, зәрүрли илажлар көрсетип өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Поделиться