Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында

2019-10-28 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын жетилистириў бағдарындағы көп жыллық пидайы мийнети, хызмет ўазыйпасын атқарыўда көрсеткен мәртлиги, сондай-ақ, жас әўладти ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына қосқан ылайықлы үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Мусаев Бахадыр Еркимбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызметиниң батальон командири

 «Шуҳрат» медалы менен

Қудайбергенов Муратбек Жиенбекович – Қараөзек районы ишки ислер бөлими профилактика аға инспекторы

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 24-октябрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться