Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң ушырасыўы болып өтти
2019-10-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бакуге келгеннен кейин, Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасты.
Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалап, бул бағдарда биринши гезектеги ўазыйпаларды белгилеп алды.
Мәмлекетлеримиздиң жетекши компаниялар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде исбилерменлик байланысларын жолға қойыў, сондай-ақ, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Еки тәреплеме ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын жанландырыў ҳәм Өзбекстан менен Әзербайжан аймақлары делегацияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Илҳам Алиев Шавкат Мирзиёевти мәмлекетимиз Түркий тиллес мәмлекетлер кеңесине қосылғаны менен қутлықлап, бул, сөзсиз, еки тәреплеме қатнасықларды, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеўге жаңаша пәт бағышлағанын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтти ҳәм Әзербайжанның шөлкемде табыслы басшылық етиўин тиледи.
Ушырасыў жуўмағында Президентлер көп әсирлик дослық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларын және де беккемлеў бағдарында умтылыслар исенимли екенин тастыйықлады.