Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға жөнеп кетти
2019-10-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң (Түркий кеңес) жетинши саммитине қатнасыў ушын 14-октябрь күни Баку қаласына жөнеп кетти.
Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Өзбекстан, бақлаўшы мәмлекет сыпатында қатнасып атырған Венгрия және Түркменстан делегацияларының басшылары Түркий кеңес шеңбериндеги көр қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған мәселелерди додалайды.
Саммитте Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер басшыларының Өзбекстан Республикасының толық ҳуқықлы ағза сыпатында Шөлкемге қосылыўы ҳаққындағы биргеликтеги баянаты қабыл етиледи.
Ушырасыў жуўмағында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси жетинши саммитиниң декларациясы қабыл етилиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы Бакуге сапары шеңберинде саммитте қатнасатуғын делегациялардың басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги