Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Социаллық тармақларда таралған жалған хабарларды бийкарлаў

2019-09-18 | Жәмийет

Усы жылдың 18-сентябрь күни Интернеттеги айырым социаллық тармақларда мәҳәллелердеги мешитлердиң саны, диний липаста жүретуғын, сақал өсирген, миссионерлик пенен шуғылланатуғын және түрли мақсетлерде сырт елге кеткен пуқаралардың санын анықлаў бойынша саўатсызлық пенен жазылған хабар жайластырылып, топланған мағлыўматты ишки ислер уйымлары ҳәм мәҳәлле қорына бериў көрсетип өтилген. Сондай-ақ, хабарда бул көрсетпе Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен берилгени айтылған.

Соны мәлим етемиз, бундай көрсетпе ҳәм тапсырма Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен де, Ҳүкимет тәрепинен де берилмеген. Атап өтиў керек, Ҳүкимет басшысының барлық көрсетпе ҳәм тапсырмалары арнаўлы бланкта басып шығарылып, қол таңба ҳәм мөр менен тастыйықланады.

Ҳәзирги ўақытта ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бул жалған  хабарды ким ҳәм қандай мақсетлерде тарқатқаны бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Бул хабар жалған ҳәм өсекке тийкарланған болып ҳеш қандай тийкар және логикаға ийе емес. Социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан бундай мазмундағы жалған ҳәм өсекке тийкарланған хабарларға итибар бермеўи ҳәм сергек болыўы соралады.

Өзбекстан Республикасы бас министриниң

Баспасөз хызмети

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться