Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Чироқчи» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў ҳаққында
2019-09-16 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Қашқадәрья ўәлаятының өндирис ҳәм ресурс потенциалын комплексли раўажландырыў, минерал шийки зат ҳәм аўыл хожалығы ресурсларын терең қайта ислеў бойынша жоқары технологиялық ҳәм экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге тиккелей инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм усы тийкарда ўәлаяттың экспорт потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм аймақ халқының абаданлығын арттырыў мақсетинде:
Қашқадәрья ўәлаят ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлигиниң Қашқадәрья ўәлаят Чироқчи районында «Чироқчи» еркин экономикалық зонасын (кейинги орынларда – «Чироқчи» ЕЭЗ) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер «Чироқчи» ЕЭЗдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
сыртқы базарларда талап етилип атырған ҳәм импорт орнын басатуғын, жоқары қосымша баҳаға ийе өнимлерди ислеп шығарыў бойынша заманагөй өндирислерди шөлкемлестириў ушын тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды тартыў;
ўәлаяттың өндирислик ҳәм ресурс потенциалларынан комплексли және нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
жергиликли шийки зат ҳәм материаллардың негизинде беккем кооперация байланысларын орнатыў ҳәм еркин экономикалық зона қатнасыўшылары арасында ҳәм улыўма республикада санаат кооперациясын раўажландырыў тийкарында жоқары технологиялы өнимлерди ислеп шығарыўды локализациялаў процесслерин тереңлестириў;
ўәлаяттың өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланыў тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, қайта ислеўди тереңлестириў және олардың экспорт көлемин арттырыў;
логистика хызметлерин көрсетиўдиң заманагөй инфраструктурасын қәлиплестириў, санаат тараўындағы өндирислик субъектлерге олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң экспортын шөлкемлестириўде жәрдемлесиў;
ислеп шығарылып атырған өнимлерди стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм маркировкалаў бойынша халықаралық стандартларға муўапық илимий-өндирислик орайларды шөлкемлестириў және олардың шешимлери халықаралық дәрежеде тән алыныўын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў;
«Чироқчи» ЕЭЗдың тараў кадрларына болған ағымдағы ҳәм перспективадағы талапларынан келип шығып, жоқары қәнигели кадрларды таярлаўды шөлкемлестириў, соның ишинде, олардың «Чироқчи» ЕЭЗда жайласқан аймақтағы шөлкемлерде өндирис әмелиятын орынлаўда қатнасыў.
«Чироқчи» ЕЭЗдың жумыс алып барыў мүддети 30 жылды қурайды ҳәм бул мүддет кейин ала өзлестирилиўи мүмкин екенлиги;
«Чироқчи» ЕЭЗ жумысы даўамында оның аймағында айрықша салық, бажыхана ҳәм валюта тәртиплери әмел етеди;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 26-октябрьдеги ПП–4853-санлы «Еркин экономикалық зоналардың жумысын жеделлестириў ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы 3, 4 ҳәм 5-бәнтлериниң қағыйдалары «Чироқчи» ЕЭЗ қатнасыўшыларына да енгизилетуғыны белгиленсин.
Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң:
Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкимлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы МУКти «Чироқчи» ЕЭЗдиң бас режесин ислеп шығыў, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша буйыртпашы етип;
«ЎзшаҳарсозликЛИТИ» МУКти «Чироқчи» ЕЭЗдиң бас режесин ислеп шығыў бойынша бас жойбарлаў шөлкеми етип белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети менен биргеликте:
бир ай мүддетте аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары аймағынан «Чироқчи» ЕЭЗдиң шегараларын анықлаў , оларды келешекте кеңейтиў ҳәм «Чироқчи» ЕЭЗ жумысын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин;
үш ай мүддетте «Чироқчи» ЕЭЗдың бас режесиниң ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Транспорт министрлиги, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Чироқчи» ЕЭЗ қатнасыўшыларына өз ўақтында ҳәм сапалы хызмет көрсетиў ушын логистика орайларын ҳәм бажыхана постын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Бажыхана уйымлары өз жумысын еркин экономикалық зона дирекциясы ҳәм логистика орайларының имаратларындағы айрықша ажыратылған ханаларда ижара төлемлерисиз алып барылыўы есапқа алынсын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Қашқадәрья ўәлаятының бар минерал шийки зат ресурсларын есапқа алған ҳалда, импорт қурамын ҳәр тәреплеме таллаў тийкарында «Чироқчи» ЕЭЗ аймағында импорт орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған таяр өнимлер, материаллар ҳәм аўысық бөлеклердиң түрлерин ислеп шығарыў шөлкемлерин жайластырыў бойынша «Жол карталары» ислеп шығылып, тастыйықланыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Чироқчи» ЕЭЗ аймағында жер асты суў резервлери бар екенлигин үйренип шығып, оннан нәтийжели пайдаланыў бойынша усынысларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ «Чироқчи» ЕЭЗ аймағын, сондай-ақ, оның қатнасыўшылары өндирислик майданларды сыртқы жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен кепилленген тәмийинлеў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги:
Қурылыс министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Чироқчи» ЕЭЗ аймағында транспорт, өндирислик ҳәм инженерлик-коммуникациялық инфраструктураны жедел раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасының 2020-2022-жыллар ушын Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде «Чироқчи» ЕЭЗдиң белгиленген тәртипте тастыйықланған бас режеси тийкарында транспорт, өндирис ҳәм инженерлик-коммуникациялық инфраструктураны раўажландырыў ушын капитал қойылмалардың лимитлерин ҳәм зәрүр орайластырылған инвестициялардың ажыратылыўын нәзерде тутсын.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ямаса Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң буйыртпалары бойынша «Чироқчи» ЕЭЗда әмелге асырылатуғын жойбарларды шөлкемлестириў бойынша жумысқа тартылатуғын сырт ел қәнигелери ушын Өзбекстан Республикасына көп мәртелик кириў визаларын консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирместен белгиленген тәртипте рәсмийлестириўди тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Чироқчи» ЕЭЗда әмелге асырылатуғын жойбарларды шөлкемлестириў бойынша жумысқа тартылатуғын сырт ел қәнигелерин жасаў орны бойынша есапқа алыныўы ҳәм оның мүддети узайтылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң инвестициялар ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери бойынша орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-сентябрь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги