Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Суў тәмийнаты системасы түпкиликли реформаланады

2019-09-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде халықты, әсиресе, 11 мыңнан аслам аўылдың турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў оғада әҳмийетли мәселе болып қалмақта.

Сын ҳәм таллаў тийкарында өткерилген бул илажда мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, соңғы 2 жылда ишимлик суўы ҳәм канализация системасын жақсылаўға 2 триллион 400 миллиард сум ажыратылды. Бул алдыңғы 10 жылда ажыратылған улыўма қаржылардан 2 есеге көп.

Соған қарамастан, мәмлекетимизде халықты орайласқан  тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 68 процентти қурамақта. Бул көрсеткиш, соның ишинде, Қарақалпақстанда 52 процент, Бухарада 53, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяда 54, Хорезмде тек ғана 56 процентке ғана жеткен.

Мәжилисте атап өтилиўинше, Ташкент қаласында суў тәмийнаты кәрханаларының рентабеллиги 7 процент, Әндижан ҳәм Қашқадәрьяда 6, Наўайы ўәлаятында 3 процентти қурайды.

27 мың километр ямаса 38 процент суў тармақлары авариялық жағдайда болса, 2 мың ямаса 20 процент суў насослары истен шыққан. Елимиздиң  тек ғана 79 (57 процент) қаласында канализация системасы бар, оның да 23 процентин оңлаўға мүтәжлик бар.

Мәжилисте, сондай-ақ, бүгинги күнде ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм тарқатыў объектлериниң 85 процентинде есапқа алыў системасының жоқ екенлиги де сынға алынды.

Жәми 3 миллион 280 мың суў тутыныўшыларынан тек ғана 44 проценти, яғный 1 милиион 425 мың шаңараққа есаплағыштың орнатылғаны тараўдағы жумыслардың төмен дәрежеде әмелге асырылып атырғанын көрсетпекте.

Әсиресе аўылларда ийеси жоқ көплеген суў объектлери бар (бир ғана Бўка районында, мәселен, 60 тан аслам усындай объект бар).

Мәмлекетимиз басшысы усы ҳәм усы сыяқлы басқа да машқалаларды сапластырыў ушын тараўда алып барылып атырған жумысларды кескин жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти. Есап-санақларға қарағанда, 2030-жылға шекем суў тәмийнатын қалаларда 98, аўылларда 85 процентке, канализация системасын 31 процентке жеткериў нәзерде тутылған. Оның ушын 4,5 миллиард доллар қаржы керек болады.

Бундай үлкен мақсетлерге ерисиў ушын болса ҳәзирден-ақ  әҳмийетли ўазыйпаларды шешиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Дәслеп, тарифлерди еркин базар талаплары тийкарында белгилеў ҳәм тараўға жеке меншик инвестицияларды тартыў керек. Сондай-ақ, таза ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм тарқатыў объектлерин және тутыныўшыларды 2022-жылдың ақырына шекем 100 процент есаплағышлар менен тәмийинлеў керек екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте Қаржы ҳәм Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрликлерине 2020-жыл 1-январьдан баслап тарифлерди өзине түсер баҳасын толық қаплаў ҳәм модернизациялаў қәрежетлерин есапқа алған ҳалда белгилеў ўазыйпасы жүкленди.

Сондай-ақ, узақ ҳәм таўлы аймақлардың турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў қәрежетлериниң бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў тәртибиниң енгизилетуғыны белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, тәжирийбе түринде суў ҳәм канализация системасын исбилерменлерге мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бериў илажлары көрилетуғыны атап өтилди.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша тараў басшылары мәлимлеме берди.

Поделиться