Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм тәфсири» китабы Кааба китапханасына қойылды
2019-08-27 | Мәденият
Араб тили дилмашы, устаз Шамсуддин Баҳауддиновтың мийнетлериниң бири болған «Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм тәфсири» китабы Байтуллаҳ (Кааба) китапханасына қойылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.
Бул китап муқаддес динимиздиң тийкарғы дәреги болған Қураны кәриймниң қарақалпақ тилиндеги биринши аўдармасы ҳәм биринши басылымы болып, «Өзбекстан» баспа-полиграфиялық дөретиўшилик үйи баспаханасында 8000 дана болып басып шығарылған еди.
Китапқа Шайх Әбдуләзиз Мансурдың тәфсир китабы ҳәм араб тилиндеги тәфсир китаплар дәрек етип алынған.
«Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм тәфсири» китабының усындай уллы дәргайдан орын алыўы үлкен тарийхый ўақыя болып есапланады.
Ислам Матеков