Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
МЕКТЕП БИЛИМЛЕНДИРИЎИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ УЛЫЎМАХАЛЫҚЛЫҚ ҲӘРЕКЕТКЕ АЙЛАНЫЎЫ ЗӘРҮР
2019-08-26 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың қәнигелигин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў, жас әўладтың мәнаўиятын жетилистириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы президентлик жумысының дәслепки күнлеринен баслап елимизде инновациялық ҳәм креатив пикирлейтуғын заманагөй кадрлар таярлаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында, жоқары мәнаўият ийелери етип тәрбиялаў, усы мақсетте билимлендириў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратып келмекте.
Президентимиз мәжилисте мектеп билимлендириўи системасын реформалаў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдарда алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында пикир жүргизип, уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудийдиң «Дүнья имаратлары ишинде ең уллысы мектеп» деген пикирин айрықша атап өтип, бул мәселениң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине ҳәр тәреплеме тоқтады.
Ҳақыйқатында да, дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, оларда жәмийетлик турмысты өзгертиўге қаратылған реформалар дәслеп билимлендириў системасынан, бақша, мектеп, тәрбия мәселесинен басланғанын көремиз. Себеби мектепти өзгертпей турып, адамды, жәмийетти өзгертип болмайды. Билимлендириў ҳәм тәрбияның тийкары, тырнақ тасы бул – мектеп. Мектепти мектеп ететуғын күш болса муғаллимлемлер болып есапланады.
Бизге белгили, қыйыншылықлы өтиў жылларында мектеплердеги руўхый-ағартыўшылық орталық, муғәллим кәсибиниң абырайы, итибары төменлеп кеткени, жаңа дәўир педагогларын тәрбиялаў, педагогика пәнин раўажландырыў, инновациялық билимлендириў технологияларын енгизиўге жетерли итибар қаратылмағаны тараўда бир қатар әҳмийетли машқалаларды келтирип шығарды.
Соңғы жылларда, мине, усы машқалаларды нәтийжели шешиў, кадрларды таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша мәмлекетимизде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен халық билимлендириў системасына байланыслы 6 пәрман ҳәм қарар, Министрлер Кабинетиниң 21 қарары қабыл етилип, усы тараўдағы реформалардың ҳуқықый-нормативлик тийкарлары беккемленди.
Ата-аналардың, жәмийетшиликтиң тилеклери есапқа алынып, елимизде 11 жыллық мектеп билимлендириўи системасы тикленди. Кейинги үш жылда елимизде 157 улыўма билим бериў мектеби жаңадан қурылды.
Уллы ойшылларымыз – Мырза Улығбек ҳәм Муҳаммед Хорезмий атындағы қәбилетли балалар мектеплери, Ҳамид Әлимжан ҳәм Зульфия, Эркин Ваҳидов, Абдулла Арипов, Ибрайым Юсупов, Исҳоқҳон Ибрат, Муҳаммад Юсуф, Ҳалима Худайбердиева исмлери менен аталған дөретиўшилик мектеплери, «Темурбеклер мектеби», Президент мектеплери, жеке меншик мектеплер сыяқлы жаңа ҳәм заманагөй үлгидеги билимлендириў дәргайлары шөлкемлестирилгени елимиз перзентлери ушын тәлим-тәрбия алыў бағдарында жаңа имканиятлар ашып бермекте.
Тәлим-тәрбия жумысларын нәтийжели алып барыўда ер муғаллимлердиң айрықша орны ҳәм тәсири бар екенлиги есапқа алынып, көрилген илажлардың нәтийжесинде халық билимлендириў системасына 12 мың 871 ер муғаллим қайтты.
Педагог хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ақырғы 3 жылда муғаллимлердиң мийнет ҳақысы орташа 2,5 есеге арттырылды. Алыс районларға барып жумыс ислеп атырған педагог кадрлардың мийнетин хошаметлеў бойынша анық нормалар белгиленди. Оларға 50 процентке шекем қосымша айлық үстемелер төленбекте. Бул алыс аймақларда жетиспей атырған мыңнан аслам оқытыўшыны тартыў имканиятын берди. Напақа жасында жумысын даўам еттирип атырған оқытыўшыларға пенсиясы толық муғдарда берилмекте.
«Ҳүрметли муғаллимлеримиз, пидайы мектеп директорларын, тараў ветеранларын, елимиздиң тирениши ҳәм сүйениши, деп билемиз, – деди Президентимиз. – Мектеплер системасын раўажландырыў ушын ендиги жағында да қаржыны, имканиятты ҳеш қашан аямаймыз. Келешек әўладымыздың тәғдири, пүткил миллетимиз, халқымыз, мәмлекетимиздиң тәғдири ҳүрметли муғаллимлерге байланыслы».
Бирақ әмелге асырылып атырған унамлы өзгерислерге қарамастан, билимлендириў системасында елеге шекем системалы машқалалардың бар екенлиги, мектеплердиң материаллық-техникалық базасы, айырым педагог хызметкерлердиң билим ҳәм қәнигелиги бүгинги заман талапларына жуўап бермейтуғыны мәжилисте сынға алынды.
Тәлим-тәрбия тараўында заманагөй ҳәм ақылға уғрас система жаратыў, оқытыў методлары, билимлендириў стандартлары, сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын жаңалаў зәрүрлиги, билим бериўде алдынғы сырт ел тәжирийбелеринен пайдаланыў, тәрбияда болса миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сүйениў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген принципке тийкарланған ҳалда, миллий идея ҳәм оның идеологиялық тийкарларын пуқта ислеп шығыў жас әўладты балалықтан миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жоқары әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Мектеплердеги кемшиликлерди дүзетиў, билимлендириўдиң сапасын қадағалаў ушын ата-аналар, кең жәмийетшиликтиң қатнасы зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.
«Мектеп – бул келешегимиздиң бар болыўы ямаса жоқ болыўы мәселеси. Оны мәмлекет, ҳүкимет ҳәм ҳәкимлердиң өзлери сапластыра алмайды. Бул пүткил жәмийеттиң жумысына, ўазыйпасына айланыўы керек», деди Шавкат Мирзиёев.
Видеоселектор мәжилисинде халық билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, машқалаларды комплексли шешиў мәселелери терең талланып, келешектеги ўазыйпалар додаланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 29-апрельдеги пәрманына муўапық, Халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы тастыйықланды. Онда 48 мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша анық механизмлер белгиленди.
Мәселен, 2030-жылға барып оқыўшылардың билимин баҳалаў бойынша PISA халықаралық бағдарлама рейтингинде Өзбекстанның жәҳәндеги жетекши 30 мәмлекет қатарынан орын ийелеўи мақсет етип қойылған.
Мәмлекетимиз басшысы муғаллимниң статусын ҳәм абырайын арттырыў, ҳуқықлары және жеңилликлерин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
«Мектеп муғаллимин материаллық хошаметлемесек, оның турмыс сапасының дәрежесин арттырмасақ, реформа, нәтийже ҳаққында айта алмаймыз», деди Президент.
Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети, Қаржы ҳәм Халық билимлендириў министрликлерине 2020-жылда халық билимлендириў хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди. Алыс аўыллардағы мектеплерге муғаллимлерди тартыўды буннан былай да хошаметлеў ушын оларға турақ жайлар, автотранспорт ушын кредитлер бериў де нәзерде тутылған.
Бул жумыслар мәмлекетимиз тәрепинен даўам еттириледи. Бирақ бул – мәселениң бир тәрепи. Екинши тәрептен, оқытыўшы ҳәм муғаллимлердиң өзлери де билим ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыў, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасыў, ҳадал мийнети ҳәм интакерлиги менен усы кәсиптиң абырайын арттырыў керек екенлигине айрықша тоқтап өтти.
Низомий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети, аймақларда 6 педагогика институтлары жумыс алып бармақта. Республикалық билимлендириў орайы, Абдулла Авлоний атындағы халық билимлендириў системасының басшы ҳәм қәниге хызметкерлерин қайта таярлаў және маманлығын арттырыў институты, ўәлаятларда да усындай институтлар бар. Бирақ оқыў-тәрбия процесин жетилистириў, оқытыўшылардың билим ҳәм маманлығын арттырыўда, тилекке қарсы, олардың орны сезилмей атыр.
Мәжилисте педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларының жумысын сын көзқарастан үйренип, жетилистириў, оларды ең абырайлы билимлендириў мәкемелерине айландырыў, педагоглыққа бейимлиги болған жасларды тәрбиялап барыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Президент мектеплери ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң жумысын муўапықластырыў, олардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинети жанында айрықша структура шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.
Мектеплердеги руўхый-ағартыўшылық ислерди жаңаша тийкарда шөлкемлестириў, «Миллий идея», «Әдепнама», «Динлер тарийхы», «Ўатан туйғысы» сыяқлы пәнлерди бирлестирген ҳалда, бирден-бир «Тәрбия» пәнин енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Мектеплерге уллы ойшыллар, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер, белгили сәркарда ата-бабаларымыздың атларын бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Шаңарақтағы тәлим-тәрбия орталығы, ата-аналардың жуўапкершилиги ҳәм муғаллимлер менен бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Мектептиң турмысы, пидайы муғаллимлер ҳаққында көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, сахналық шығармалар ҳәм видеороликлер жаратыў бойынша усыныслар берилди.
«Материаллық ҳәм руўхый турмысты үнлес раўажландырыўымыз керек. Мектеп усы бағдарда тийкарғы буўын болыўы керек. Мектеп билимлендириўин раўажландырыў бизлер ушын уллы улыўмамиллий мақсетке, улыўмахалықлық ҳәрекетке айланыўы керек», деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте қатнасқан басшы ҳәм жуўапкерлер, билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырған тәжирийбели ҳәм пидайы оқытыўшылар, зыялылар, мәҳәлле белсендилери додаланған мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.