Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
2019-08-10 | Сиясат
Ҳүрметли ўатанласлар!
Халқымыз пүткил мусылман үммети менен биргеликте үлкен қуўаныш ҳәм шадлықлар менен күтип алып атырған Қурбан ҳайыты менен сизлерди, гөззал үлкемиздеги барлық мөмин-мусылманларды шын жүректен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әсирлер даўамында елимиздиң руўхый турмысында оғада әҳмийетли орын ийелеп, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик принциплерин және де беккемлеп киятырған бул қутлы байрам бәршемизге мүбәрек болсын!
Мине усындай қуўанышлы ҳәм бахытлы байрамда ҳәммемиз бәринен бурын Алла табарака ҳәм таалаға шүкирликлер айтыўымыз тәбийғый.
Өзбекстанда соңғы жылларда миллий-диний қәдириятларымызды тиклеў ҳәм раўажландырыўға, исеним еркинлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын, түрли миллет хәм халықлар арасында татыўлық ҳәм аўызбиршиликтиң барған сайын жоқарылап, беккемленип атырғанлығын сиз әзизлер жақсы билесиз.
Әсиресе, халқымыздың ислам мәденияты ҳәм цивилизациясына қосқан үлкен үлесин мәмлекетимиз ҳәм дүнья жәмийетшилигине жеткериў, теберик орынларды абаданластырыў, зыярат етиў орынларына айландырыў, уллы бабаларымыздың илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында баслаған ийгиликли ислеримиз илим ҳәм ағартыўшылықтың қәдирине жететуғын ел-журтымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен толық қоллап-қуўатланбақта.
Пуқараларымыз ушын жаратылған жаңа имканиятлар ҳәм шараятлар себепли усы уллы байрам күнлеринде Маккаи мукаррамада муқаддес ҳаж әмеллерин орынлап атырған 7 мыңнан аслам ўатанласларымыз бүгинги тыныш ҳәм абадан, еркин турмыс ушын Аллаға шүкирликлер айтып, мәмлекетимизге раўажланыў, халқымызға берекет сорап дуўайый-пәтияға қол жаймақта.
Ҳажыларымыздың барлығын шын жүректен қутлықлап, олардың ана ўатанымызға саў-саламат қайтып келиўин тилеймиз. Олар өзлериниң үлгили пазыйлетлери, жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы менен жас әўладымызды елге садық ҳәм пидайы, дурыс жолдан баратуғын ҳадал ҳәм пәк инсанлар етип тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосады, деп исенемиз.
Жаратқанның жемислери мол болып атырған ҳәм шүкирлик сезимлери кеўиллеримизди нурға толтырып атырған усы байрамда алыс ҳәм жақын аймақларда жайласқан барлық мусылман мәмлекетлериниң халықларын, сырт елли досларымыз ҳәм бирге ислесиўшилеримизди қутлықлап, оларға тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық яр болыўын тилеймиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Қурбан ҳайытының мәмлекетимизде ғәрезсизлик байрамы алдында кеңнен белгилениўи халқымыздың руўхыятын ҳәм кейпиятын және де көтермекте.
Әйне усы күнлерде ел-журтымызға тән болған меҳир-мүриўбет, жақсылық сезимлери айқын көзге тасланып, бәршемизди кем тәмийинленген, итибарға мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақлардың, жалғыз кекселердиң ҳалынан хабар алыў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў, зыярат етиў ҳәм муқаддес орынларды, қойымшылықларды абаданластырыў сыяқлы саўаплы ислерге шақырмақта.
Бундай қайырлы әмеллер мәмлекетимизде социаллық турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылып атырған, инсанды әзиз мукаррам деп билиўге, жәмийетимизде нызам ҳәм әдилликтиң әҳмийетлилигин тәмийинлеўге қаратылған реформаларымызға ҳәр тәреплеме үнлес болып есапланады.
Биз олардың тийкарында ислам дининиң инсаныйлық мазмуны ҳәм қудиретин көремиз, уллы руўхый естеликтиң мийрасхорлары екенлигимизден ҳақылы түрде мақтанамыз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бәршеңизди Қурбан ҳайыты байрамы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
«Кеўлиң – Аллада, қолың – мийнетте болсын», деген жоқары исеним менен жасап атырған халқымыз бәрқулла аман болсын!
Жанажан Ўатанымыз, шаңарақларымызды тынышлық, татыўлық, берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!
Жақсы умтылысымыз ҳәм жумысларымызда Жаратқанның өзи бәрқулла қоллап турсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Өзбекстан Республикасы Президенти