Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Исбилерменлик ҳәм киши бизнести және де раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаў, пуқараларды исбилерменликке тартыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гүллән халқымызға ҮНДЕЎИ

2019-08-08 | Экономика

Хүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде еркин ҳәм абат елимиздиң барлық тараўларында раўажланыўлар жүз берип, қала ҳәм аўылларымыз абаданласып, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәр қашанғыдан да жақсыланып бармақта.

Әлбетте, көз алдымызда жүз берип атырған бундай өзгерислер менен жаӊаланыўлар усы елде жасап ҳәм мийнет етип атырған ҳәр бир инсанда миллий мақтаныш сезимлерин оятады.

Әсиресе, быйылғы жыл өзиниӊ үлкен дөретиўшилик жумыслары, қолға киргизилген мол табыслары, жетискенликлери ҳәм уллы мақсетлери менен ажыралып, ҳәр бир инсанды елимиздиӊ буннан былай да раўажланыўы, халқымыздыӊ және де абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислерге қарай руўхландырмақта.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен быйылғың жылдың «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп белгилеп бериўи де елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, әсиресе сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға көплеген мүмкиншиликлер жаратыў менен бирге, сырт еллердеги шериклер ушын барлық қолайлықлар жаратылыўына тийкар болмақта.

Сондай-ақ, халықтың социаллық турмыс тәризин жақсылыў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў мақсетинде мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип халыққа жеңиллетилген кредитлер берилмекте.

Атап айтқанда, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» ҳәм «Жаслар – келешегимиз» бағдарламалары, сондай-ақ қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў, өнерментшиликти раўажландырыў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм де халықтың бәнтлигин тәмийинлеў қорлары арқалы халқымыз арасында исбилерменликти раўажландырыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Булардың барлығы ҳәр бир пуқараның өз алдына қойған мақсетлерине қарай исенимли түрде умтылыўына, ойлаған нийетлерине жетисиўине, халқымызды заман менен теңдей қәдем таслаўына беккем тийкар болмақта.

Усылар менен бир қатарда, бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, оларға барлық қолайлықларды жаратып бериўге, исбилерменлердиң алдындағы ҳәр қандай тосықларды алып таслаўға, олардың жумысларына нызамсыз араласыўдың алдын алыўға қаратылған көплеген арнаўлы пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи халқымыз ушын үлкен имканиятлар есигин ашып бермекте.

Бул өз гезегинде тәбиғый байлықларға толы болған үлкемиз ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў, барлық аймақларда санаат, өндирис, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда исбилерменликти кеңнен ен жайдырыў илажларын жаңа басқышларға көтериўге тийкар салмақта.

Усының нәтийжесинде халқымыздың барлық қатламының, әсиресе жаслардың өз сүйген кәсиби менен шуғылланыўына, олардың белгили жумыс орынлары менен тәмийинлениўине, ҳәр бир шанарақтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына ерисилмекте.

Бүгинги күнде исбилерменлерди материаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында оларға коммерциялық банклер тәрепинен көплеген жеңиллетилген кредитлердиң берилиўи, мәмлекетлик мүлклердиң, бос турған имаратлардың бийпул ажыратылыўы, салық төлемлеринен жеңилликлердиң енгизилиўи, аймақларда еркин экономикалық зоналардың шөлкемлестирилиўи исбилерменлерге деген жоқары исеним ҳәм ғамхорлықтың айқын мысалы болып табылады.

Ҳүрметли Президентимиздиң халықшыл сиясаты нәтийжесинде көплеген раўажланған мәмлекетлер менен инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық қатнасықлардың жолға қойылыўы, сыртқы ҳәм ишки базарлардың еркинлестирилиўи халқымыздың кең көлемде исбилерменлик пенен шуғылланыўында, сырт ел инвестицияларының тосықларсыз алып келиниўинде, импорт ҳәм өнимлер экспортының еркинлесиўинде айрықша орын тутпақта.

Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде елимизде исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бағдарында көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменликти, исбилермен ҳаял-қызларды, имканияты шекленген пуқараларды исбилерменликке тартыў бағдарында бир қанша жетискенликлерге ерисилмекте.

Усының нәтийжесинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде, олардың социаллық турмыс дәрежесиниң жақсыланыўында, соның менен бирге, миллий өнимлеримиз көлеминиң артыўында, киши санаат ҳәм өндирис сапасының жоқарылаўында, ишки базарымыздың сапалы өнимлер менен тәмийинлениўинде ҳәм республикамыздың экспорт потенциалының артыўында бир қатар жетискенликлер көзге тасланбақта.

Солай екен, ҳәр биримиз бар мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланған ҳалда исбилерменлик пенен шуғылланып, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға, өз шаңарағымыздың дәраматын арттырып, оның абаданлығын тәмийинлеўге, Ўатанымыз ҳәм шаңарағымыз алдындағы инсаныйлық парызымызды орынлаўға белсене қатнасыўға шақырамыз.

Соныда умытпаўымыз керек, халқымызға жаратылып атырған бундай кең имканиятларға ис пенен, жетискенликлеримиз бенен жуўап қайтарып, келешегимиздиң исенимли тийкарын жаратыўда ҳәр биримиз өз үлесимизди қосыўымыз, жаңа әўладқа үлгили ислеримиз бенен өрнек болыўымыз ҳәм бундай ийгиликли ислерде өз орнымызға ийе болыўымыз зәрүр.

Демек, бүгинги тийкарғы ўазыйпамыздан бири – бул ҳәр биримиз өз  алдымызға белгили бир мақсет қойып, бар күш-ғайратымызды ҳәм билимимизди иске салып, берилген имканиятлардан ақылға муўапық ҳәм өз ўактында нәтийжели пайдаланып, өз бизнесимизди, исбилерменлик ҳәрекетимизди баслаўымыз керек.

Гүллән халқымызды, өз Ўатанына, шаңарағына садық ҳәр бир азаматты, ҳаял-қызларымызды, жасларымызды бүгинги күнниң бийминнет имканиятларынан пайдаланған ҳалда тез пәтлер менен раўажланып атырған заман талаплары тийкарында алға умтылып, исбилерменлик жумысларын алып барыўға шақырамыз!

Қәдирли заманласлар!

Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, бүгинги күнде жумыс алып барып атырған барлық исбилерменлерден көпшиликке өрнек болып, ўатанласларымызға, өз жақынларымызға, жасларымызға турмыслық тәжирийбелерден келип шығып кеңеслер бериўин, устазлық етиўин ҳәм жол-жоба көрсетиўин, өзлериниң алып барып атырған ийгиликли ислерин даўам еттирип, еле де жоқары жетискенликлерге ерисиўин сораймыз!

 Сизлерди және бир мәрте ҳәр бир күннен ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, өз бизнесиңизди баслап, оны жолға қойыўға ҳеш екиленбей қәдем таслаўға, ҳуқық ҳәм еркинлигиңизден толық пайдаланыўға, елимизди және де раўажландырыўға бар күш-ғайратыңызды жумсап, исбилерменликти жолға қойыўға шақырамыз!

Поделиться