Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Беларусьқа жөнеп кетти
2019-07-31 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине байланыслы 31-июль күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.
Бурын хабар етилгениндей, Минск қаласында жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Беларусь сөйлесиўиниң даўамы сыпатында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм персективаларын, регионаллық және халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалаў режелестирилген.
Сапар етиў барысында Президентлер Өзбекстан миллий санаат көргизбеси ҳәм Беларусь жоқары технологиялар парки менен танысады.
Сөйлесиўлер жуўмағында Президентлер Биргеликтеги билдириўге қол қойыўы, Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп қырлы шерикликти, соның ишинде, инвестициялар, өндирис, илимий-техникалық кооперация тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге, аймақлараралық тиккелей байланысларды қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға тийкар жарататуғын бир қатар ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи мөлшерленбекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги