Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Автомобиль ислеп шығарыў көлемин ҳәм сапасын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди

2019-07-08 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июль күни автомобиль санаатын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиздиң автомобиль қурылысы өткен жигирма үш жыл даўамында избе-из раўажланып, ишки ҳәм сыртқы базарда өз орнын тапты. Усы жыл 1-октябрьден баслап жеңилликлердиң бийкар етилиўи менен бул тармақ та еркин базар шараятына өтеди. Бул кәрханаларда заманагөй басқарыў механизмлерин енгизиўди, өнимлерди базарға қолайлы ҳәм бәсекиге шыдамлы етиўди талап етеди.

Быйылғы жылдың алты айы даўамында өндирис көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 154 процентке өсип, 1 триллион сум сап пайда алынған. Дерлик 73 миллион долларлық автомобильлер экспортқа шығарылған. Ишки базарда жергиликли автомашиналардың үлеси 97 процентке жеткен.

Булар жақсы, әлбетте. Бирақ, гәп локализация дәрежеси ҳаққында болғанда санлар мақтанарлы емес. Бул көрсеткиш жеңил автомобильлер ислеп шығарыўда тек ғана 45 процент, жүк автомобильлери ҳәм автобусларда 24 процент.

Мәжилисте локализация дәрежесин арттырыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў арқалы экспортты көбейтиў мәселелери додаланды.

«Өзавтосанаат» акционерлик компаниясына улыўмалық өндирис көлемин 2023-жылға шекем ҳәзирги 250 мыңнан 350 мыңға, экспорт көлемин 100 мыңға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Бул ушын, бәринен бурын, тармаққа алдынғы басқарыў системасын енгизиў, сырт елли консалтинг компанияларының қәнигелерин тартып, өндирис ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын оптималластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Экспортта бир жеңил автомобильдиң логистикалық қәрежети баҳаның 8-10 процентин қурайтуғынлығы атап өтилип, бул қәрежеттиң мәмлекет тәрепинен белгили бөлегиниң қаплап берилиўи бойынша ўазыйпалар белгиленди. Сырт елли дистрибьюторлар менен биргеликте экспорттың баҳасын  қайта қәлиплестириў ҳәм сыртқы базарларға кепилленген түрде шығыў бойынша усыныслар берилди.

Бүгинги күнде 5 түрдеги жеңил автомобильдиң өз алдына 5 платформада ислеп шығарылып атырғаны да қәрежет, ресурс ҳәм ўақыттың жумсалыўын көбейтип, өнимниң баҳасына өз тәсирин өткермекте. Соның ушын мәжилисте бирден-бир платформада бир неше маркадағы автомобильлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сырт ел компаниялары менен шерикликте коммерциялық автомобильлерди ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў, «MAN Auto» ҳәм «SamAuto» кәрханаларына қытайлы ҳәм япониялы бирге ислесиўшилердиң тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мәселелери де көрип шығылды.

Экономика ҳәм санаат министрлигине тармақта локализация дәрежесин арттырыў, атап айтқанда импортқа шығарылып атырған 22 түрдеги базалық бөлеклерди мәмлекетимизде ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды.

Импортты тарифсиз механизмлер арқалы тәртипке салыў, транспортлардың қоршаған орталыққа тәсири бойынша сырт ел стандартларын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы автомобильлердиң баҳасын турақлы сақлап, сапасын арттырыў, жаңа бюджет моделлерди ислеп шығарыў ҳәм локализациялаўды кеңейтиў арқалы өнимлердиң базардағы орнын беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мәжилисте додаланған илажлар бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться