Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТ – МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ ИНСАН КАПИТАЛЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ
2019-05-28 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-май күни илим ҳәм жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған мәжилис өткерди.
Онда 24-май күни Өзбекстан Миллий университетинде жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен болған ушырасыўда айтылған усыныслар ҳәм әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сол ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўға байланыслы усынысларды додалаў ушын арнаўлы майдан жаратыў мақсетинде Республикалық илим ҳәм технологиялар кеңесин шөлкемлестириўди усыныс еткен, илимпазлар оны қоллап-қуўатлаған еди.
Мәжилисте усы кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди. Соның ишинде, тараўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм орайласқан тәртипте қаржыландырыў арқалы илимди түп-тийкарынан раўажландырыў, жоқары нәтийжелиликке бағдарланған қәнигеликлер бойынша миллий лабораториялар системасын жаратыў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң илим дәрежесин көтериў бойынша тапсырмалар берилди.
Экономикада жоқары нәтийже беретуғын ҳәм жәмийетлик мәселелерди ақылға уғрас түрде шешиўге қаратылған бағдарлар белгиленип, оларды раўажландырыўға жуўапкерлер бириктирилди.
Өзбекстан Миллий университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети тийкарында мектеплер жаратыў, нанотехнологиялар, материалтаныў, ярымөткизгишлер физикасы, биофизика ҳәм биохимия, биотехнологиялар бойынша илимпазлардың жаңа әўладын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, илимпазлар менен ушырасыўда төрт бағдар бойынша турақлы комиссиялар дүзиўге келисип алынған еди. Бул ретки мәжилисте усы комиссиялардың ўазыйпалары, комиссия ағзаларының жумыс тәртиби ҳәм жуўапкершилик шеңбери белгиленди.
Биринши комиссия илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын турақлы таллап, бар машқалаларды сапластырыўға әмелий жәрдем көрсетеди.
Екинши комиссия жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процесин ҳәм билимлендириў сапасын таллайды және оған баҳа береди.
Үшинши комиссия жоқары оқыў орынларындағы руўхый-ағартыўшылық ислердиң, 5 басламаның әмелге асырылыўын таллайды.
Төртинши комиссия жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўында салмақлы жетискенликлерге ерискен сырт елдеги ўатанласларымызды мәмлекетимизде қәнигелиги бойынша жумысқа тартыў менен шуғылланады.
Бул жумыслардан тийкарғы мақсет мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыў. Кептирилген шийки зат ҳәм оны қайта ислеў менен узаққа барып болмайды. Өнидиристе қосымша қун алыў ушын да инновациялар керек. Сол себепли илим раўажланыўымыздың әҳмийетли бағдары, таянышы болады, деди Шавкат Мирзиёев.
Академик алымлар, профессор-оқыўшыларды социаллық қорғаўды күшейтиў, студентлерге заманагөй шараят жаратыў, олар арасынан болажақ илим ўәкиллерин таўып, камалға келтириў зәрүрлиги атап өтилди.
Елимизде илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын анық белгилеп, илимий изертлеўлерди қаржыландырыўдың жаңа системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги